Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни Ташкент қаласындағы санаат ҳәм социаллық тараў объектлериниң жумысы, мәҳәлледеги абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумыслары менен танысты, бәҳәрги терек егиў илажында қатнасты.

Дәслепки мәнзил Қуйыў-механика заводы болды.

Қырқ гектардан аслам майдандағы бул завод бир ўақытлары толық ислемей, төмен рентабелли болып қалған еди. Сол себепли «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети қарамағына өткерилип, 2013-жылы модернизацияланды. Кейинги жылларда локализациялаў жедел кеңейип, оның экономикалық нәтийжелилиги және де артты.

Бүгин комплекс жылына 1 мың 200 жүк вагонын ислеп шығарыў ҳәм 1 мың 500 ин оңлаў қуўатлылығына ийе турақлы кәрхана.

Вагонлар қурамы да талапқа жуўап береди. Соның ишинде, ярым ашық, үсти жабық узын базалы ҳәм дән, цемент, минерал төгин тасыўға мөлшерленген 6 түрдеги жүк вагонлары ислеп шығарылмақта.

Металл қуйыў аўыр санааттың ең әҳмийетли тармағы, яғный, «жүреги» есапланады. Бул жерде 120 миллион доллар есабынан қуйыў цехы қурылған. Ол жылына 26 мың тонна өнимлер таярлаўға мөлшерленген. Бул жерде темир жоллар эксплуатациясы ҳәм ҳәрекет қурамында жумсалатуғын барлық түрдеги аўысық бөлеклер қуйылады.

Мәмлекетимиз басшысы усы өнимлерди көзден өткерди.

– Бүгинги күндеги ең үлкен мақсетимиз – көбирек жумыс орынларын жаратыў. Мәселен, быйылғы жылы мәмлекетимизде 100 мың турақ жай қурмақшымыз. Олар қашан адамларға қолайлы болады? Жанында жумыс орны менен болса. Соның ушын, тап усындай қыйтақ жерлерде болып атырғаны сыяқлы, көп қабатлы турақ жайлар бойынша да мәҳәллелерде экономикалық жойбарлар исленеди. Қайсы шаңарақта жумыссыз болса, бәнтлигине жәрдемлеседи. Бунда, мине усындай заводлар әҳмийетли, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сол себепли комплексте қала қурылысы, коммунал ҳәм басқа да тармақлар ушын да өнимлер ислеп шығарыў, бул имканиятлар менен исбилерменлерди таныстырып, буйыртпаларды көбейтиў керек екени атап өтилди. Бул, өз гезегинде, түрлес тармақларда да жумыс орынларының ашылыўына түртки береди.

Заводта жүк вагонларын қурыў, механика жыйнаў, баллон жыйнаў, қуйыў, оңлаў, темиршилик ҳәм пресслеў, таярлаў ҳәм комплектлеў сыяқлы 26 цех бар. Президентимиз комплекс бойлап жүрип, олардағы жумыс процесин көзден өткерди.

Кәрханада 2018-2023-жылларда локализациялаў бағдарламасы бойынша 100 ге шамалас түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў өзлестирилген. 2023-жылы жәми 267 миллиард сум муғдарында өнимлер ислеп шығарылған, 10 миллион доллар муғдарында 170 вагон ҳәм аўысық бөлеклер экспорт етилген. Усы жылы экспорт көлемин 15 миллион долларға жеткериў бойынша шәртнамаларға қол қойылған.

Кәрханада халықаралық стандартларға муўапық ISO 9001 сапа менеджменти ҳәм ISO 50001энергетика менеджменти системасы енгизилген.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы пайтахтымыздың Сергели районында шөлкемлестирилип атырған Жаслар паркине нәл отырғызды.

Бизге белгили, Президенттиң басламасы менен 2021-жылдан берли «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде Ташкенттиң «жасыл белбеўи» шөлкемлестирилмекте. Жаслар парки усы айланбаның әҳмийетли буўыны болады.

Мәмлекетимиз басшысына парктиң жойбары ҳаққында мәлимлеме берилди. Оның майданы 75 гектардан аслам болып, аймағы жағынан пайтахтымызда «Жаңа Өзбекстан» паркинен кейин екинши орынды ийелейди.

Парк жети үлкен аймаққа бөлинеди. Орайлық қыябанда түрли майданлар, мың орынға ийе ашық амфитеатр, миллий ҳәм халықаралық гастрономиялық зоналар қурылады.

Ашық ҳаўадан аўқатланыў ҳәм қызықлы шынығыўлар ушын өз алдына орынлар болады. Музыкалы фонтанлар, ашық аспан астындағы кинотеатр, көркем өнер көргизбелери ҳәм лазер-шоу имканиятлары жаратылады. Балалар ушын спорт ҳәм ойын майданлары, белгили ертеклердеги аўыллар, устахана, китапхана шөлкемлестириледи. Жасалма көл, каноэ ҳәм жүзиў бассейни, балық аўлаў дем алыўшыларға кеўил қәтержамлығын бағышлайды.

Сол күни Ташкент қаласы жәмийетшилиги, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллери, жаслардың қатнасыўында паркке нәллер егилди.

Президент парк жойбарында қатнасып атырған инвестор ҳәм жойбарлаўшылар, сырт елли дипломатлар менен сәўбетлести.

– Халқымыз қай жерде болса, терек егиўге умтылған. Әмир Темур Самарқанд әтирапында саўлатлы парклер қурған, басқа қалаларды да абат еткен. Уллы бабаларымызға мүнәсип болып, бул жумысларды ислеп атырмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы паркке келген ўатанласларымыз бенен сәўбетлесип, оларды Наўрыз бенен қутлықлады.

Парктиң биринши басқышында мың түптен аслам каштан, емен, шығыс шынары, қызыл туи, магнолия, гүжим сыяқлы саяманлы тереклер ҳәм путалар және гүллер егиледи. Жойбардың жуўмағына шекем олардың саны 20 түпке жетеди.

Және бир итибарлы тәрепи, бул паркте тәбийғыйлық, тоғай түри, экзотикалық көринис пайда етеди. Парк пайдаланыўға тапсырылыўы менен 350 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Ҳәзирги күнлерде де аймақларда нәллер егилмекте. Улыўма етип айтқанда, елимизде 347 гектар майданда «жасыл аймақ», 187 министрликлер ҳәм ҳәкимликлердиң  бағы жаратылған.

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводын барып көрди.

Мәмлекетимизде темир жол транспорты раўажланып, қатнаўлар саны көбеймекте. Бул вагонларға болған талапты да арттырады. Бул заводта 16 түрдеги жолаўшы вагонлар ислеп шығарылады ҳәм өңланады.

Өткен жылы кәрханада 32 жолаўшы вагон таярланып, 319 ы өңланған. Әҳмийетлиси, кооперация арқалы аўысық бөлеклердиң 70 проценти локализацияланған.

Улыўма етип айтқанда, алдынғы жыллары 300 ден аслам жолаўшы ҳәм техникалық хызмет вагонлары ислеп шығарылып, 50 ден асламы экспортқа жиберилген. Буннан тысқары 112 метрополитен вагонлары модернизацияланған.

Олар 28 жыл даўамында пайдаланыўға мөлшерленген ҳәм халықаралық талапларға толық жуўап береди, жолаўшылар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы, жоқары сапа ҳәм қәўипсизликке ийе.

Вагонларда ысытыў ҳәм суўытыў системалары, ҳаўа айланысы және де жақсыланған. Суў ысытыў үскенеси ҳәм электр энергиясында, ҳәм көмирде ислеўге мөлшерленген. Жолаўшыларды таза ҳәм салқын ишимлик суўы менен тәмийинлеў, телефон қуўатлылығын толықтырыў ушын арнаўлы қурылмалар орнатылған. Бул жерде 619 инженер-жумысшы мийнет етпекте.

Президентимиз вагонларға шығып көрди. Олардың дизайнин өзгертиў, жолаўшыларға қолайлықларды арттырыў зәрүр екенин атап өтти. Электр поездлар тармағын кеңейтип, халықты көп районларға алып барыў, тараўдың өз алдына генерация қуўатлылықларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Усы жылы және жүзлеген вагонларды қурыў ҳәм оңлаў режелестирилген. Буннан тысқары, кән-металлургия кәрханалары ушын арнаўлы вагонлар қурыў, кең купели жаңа түрлерди өзлестириў нәзерде тутылған.

Усы жерде заводта режелестирилип атырған жаңа бағдар – электр ҳәм метрополитен жойбары көрип шығылды.

Сондай-ақ, Ташкент – Хийўа жөнелисине қойылатуғын тезжүрер поезд ҳаққында мәлимлеме берилди. Президентимиз бул ҳаққында 2022-жылы Хорезмде Жалолиддин Мангуберди естелигиниң ашылыў мәресиминде айтқан еди. Бул ушын Қубла Кореяның «Hyundai Rotem» компаниясынан жоқары тезликтеги электропоезд алып келиниўи мөлшерленген. 7 вагонға ийе электропоезд 351 орынға ийе болады. Саатына 250 километр тезликте ҳәрекетлене алады.

Пайтахтымыздың Яккасарой районындағы Дилбулоқ мәҳәллесине быйылғы Наўрыз және де көтериңки руўхта келди. Мәмлекетлик-жеке-меншик шериклик тийкарында заманагөй мәҳәлле уйымы қурылды. Көп қабатлы турақ жайлардың жолы ҳәм ишки көшелер, жертөлелер оңланды. Анхор каналының жағалығы тәртипке келтирилип, абат сейил етиў орнына айландырылды. Гүлзарлар, нәллер, пиядалар жоллары мәҳәллениң көркине көрик бағышлады.

Өткен жылы гүзде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде дерлик 4 мың түп терек ҳәм путалардың нәли егилген еди. Усы күнлерде көп қабатлы турақ жайлар алдындағы майданларға райхан, намазшамгүл сыяқлы гүллер егилди.

Дилбулоқ мәҳәллесинде 6 мың 700 ден аслам халық жасайды. Мәҳәлле хызмет көрсетиў ҳәм өндириске қәнигелескен. Үш жүзге шамалас саўда, санаат ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында жергиликли жаслар ҳәм ҳаял-қызлар жумыс ислемекте. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, шаңарақлық поликлиника, қәнигелестирилген спорт мектеби, педагогикалық институттың филиалы жумыс алып бармақта.

«Қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында аймаққа 360 видеобақлаў қурылмалары орнатылған, олар мәҳәлле профилактика инспекторы хызмет ханасына жалғанған.

Өткен жылы 112 адам жумысқа жайластырылып, 181 и өзин-өзи бәнт еткен. Халықты исбилерменликке тартыў ушын 23 жойбарға кредит ҳәм соған шамалас пуқараға субсидия ажыратылған. Атап айтқанда, бул жерде тигиўшилик цехы, гөззаллық салоны, полиграфия ҳәм компьютер хызметлери, китапхана, азық-аўқат ҳәм кондитер дүканлары шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы усы комплекслерди көзден өткерди, мәҳәлле халқы менен қызғын сәўбетлести.

– Бәринен бурын, сизлерди уллы байрам күнлери, кирип киятырған Наўрыз бенен қутлықлайман. Мәҳәллеңиздеги абатлықты, жумыс орынларын, байрам нәпесин көрип, қуўандым. Не ушын аймақларда көп жүремен? Себеби мен адамларға исенемен. Ҳәмме мәҳәллелерди усындай өзгертиўге ҳәрекет етиўимиз керек. Мәмлекетимизде 9 мың 450, Ташкентте 585 мәҳәлле бар. Ҳәзир оларға экономикалық комплекс шөлкемлерин бириктиретуғын система ислеп атырмыз. Мақсетимиз – ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир инсанға жетип барыў. Халықтың разылығы, пәтияларына мүнәсип болыў ҳәммемизге несип етсин, – деди Президент.

Бул бағдардағы мәнзилли илажлар «мәҳәлле жетилиги» ҳәм жуўапкерлер менен сәўбетте додаланды.

– Хабарыңыз бар, экономикалық комплекс шөлкемлерин мәҳәллелерге бириктирип атырмыз. Бунда банклердиң де орны бар. Олар арқалы районлардағы кәрханаларға қосымша шараят жаратып, жеңил кредитлер берип, жаңа жумыс орынларының ашылыўын қоллап-қуўатлаў керек. Енди мәҳәллелер де заманға мүнәсип, ҳәрекетшең болыўы керек. Улыўма етип айтқанда, жумыс ислеймен деген адамға шараят жаратып бериўимиз шәрт, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Жуўапкерлер экономикалық комплекс жумысын мәҳәллелерде шөлкемлестириў, қала шараятында адамларды жумыс пенен тәмийинлеў ўазыйпалары ҳаққында мәлимлеме берди.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев майыплығы болған балалар ушын 1-санлы «Мүриўбет» интернат үйин барып көрди.

Өзбекстан – социаллық мәмлекет. Бул халқымыздың әзелий қәдириятларына, бүгинги инсанды қәдирлеў принципине тән. Кейинги бес жылда «Мүриўбет» үйлерине мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар 3 еседен аслам артқан. Олардағы хызметкерлер ҳәм орынлар саны да көбейтилген.

Халыққа сапалы хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў мақсетинде өткен жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилген еди. Пансионат, реабилитация орайы сыяқлы көплеген социаллық мәкемелер қатары «Мүриўбет» үйлери де усы агентлик системасына өткерилди.

Өткен жылы бундай мәкемелер ушын мәмлекетлик бюджеттен 624 миллиард сум ажыратылды. Сондай-ақ, оларды дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў ушын алдынға қарағанда еки еседен аслам қаржы берилмекте.

Бурын «Мүриўбет» үйлери арасында бирге ислесиў болмаған. Ҳәзир олар өз-ара пикир алысып, нәтийжели усылларды, билимлендириўдеги тәжирийбелерди енгизбекте.

Мәмлекеттиң ғамқорлығы нәтийжесинде Ташкенттеги бул «Мүриўбет» үйи да жаңа көриниске енди. Қосымша имарат қурылып, ески имаратлар капитал оңланды. Жазғы спорт залы, майыпларды тәрбиялаў ҳәм физикалық емлеў бөлимлери, медицина ҳәм шынығыў ханалары, белсендилер залы, китапхана, жатақхана ҳәм асхана пүткиллей жаңаланды. Ҳәр бир бөлим, арнаўлы ханалар талап дәрежесинде үскенеленди. Ҳәрекетлениўи қыйын балалар арнаўлы арбашалар менен тәмийинленди.

Мәкемеде руўхыйлығында сезилерли нуқсаны бар 4 жастан 18 жасқа шекемги балаларға медициналық-социаллық хызмет көрсетиледи. Бүгинги күнде 299 ул-қыз қәўендерликке алынған. Оларға 334 хызметкер, соның ишинде, маман педагог, дефектолог ҳәм шыпакерлер жәрдемлеспекте.

Шавкат Мирзиёев балалардың шынығыўларын бирме-бир бақлады. Олар менен сәўбетлесип, меҳрин билдирди. Шараятларды жақсылап, қолайлықлар жаратып, майыплығы барлардың иләжы барынша өмирде орын табыўына жәрдем көрсетилетуғынын айтты.

Президентимиз бунда социаллық хызмет хызметкерлериниң жумысын атап өтип, балаларға меҳир-мүриўбети ушын миннетдаршылық билдирди.

– Балаларымызға жақсы қарап атырғаныңыз ушын үлкен рахмет сизлерге. Бул аўыр мийнет, бирақ оғада саўаплы ҳәм керекли мийнет, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Балаларды қолдан келгенше реабилитациялаў ҳәм турмысқа бейимлестириў, ата-аналарға психологиялық жәрдем бериў мәселелери бойынша пикир алысты. Кейинги жылларда имканият ҳәм система пайда болғаны, басқа да социаллық мәкемелердеги шараятларды да жақсылаў зәрүр екени атап өтилди.

Буннан былай «Мүриўбет» үйлери заманагөй реабилитация үскенелери менен тәмийинленип, өз жумысын жаңа концепция тийкарында жолға қояды. Оған бола, балалар индивидуал раўажланыў бағдарламалары тийкарында жәмийетке интеграцияланады. Барлық «Мүриўбет» үйлеринде ушырасыў ханалары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, «Қоллап-қуўатлаў клублары» дүзилип, маман қәнигелер қәўендерлерге майыплығы болған баланы тәрбиялаў, шаңарақ шараятында ҳәм жәмийетке бейимлестириў бойынша билимлер береди. Өз алдына билим бериўге усынылмаған, аўыр дәрежедеги кеселликлери бар балалар ушын «Ғамқорлық топары» шөлкемлестириледи. Барлық аймақлық реабилитациялаў орайларында майыплығы болған балалалар ушын усындай хызметлер жолға қойылады.

Мәкемениң қазанханасы ҳәм инженерлик тармақлары да толық жаңаланған. Аймаққа саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилип, сыртқы жақтыландырыў шырақлары орнатылған, жоллар асфальтланған.

Мүбәрек Рамазан айында наўқаслардың ҳалынан хабар алыў, инсанларға және де мийрим-шәпәәт көрсетиў халқымыздың ийгиликли қәдирияты болып есапланады.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары