Нөкис қаласындағы “Дослық” каналының жағасындағы байрам руўхы менен безелген майданда “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” сүрени астында театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесининиң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, гүллән халқымызды ҳәм мийманларды шығыс халықларының жаңа жылының басланыўы есапланған, өзинде ийгиликли мақсетлерди жәмлеген Наўрыз байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген қарар тийкарында быйылғы Наўрыз байрамы пүткил елимиз бойлап “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте.
Ҳақыйқатында да, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған Наўрыз байрамы бүгин барлық ўатанласларымыз асығып күтетуғын шын мәнисиндеги улыўмахалықлық байрамға айланды. Өйткени, Наўрыздың тәкирарланбас өзине тәнлиги ҳәм қәдириятлары арадан қанша жыллар, әсирлер өтсе де әўладтан-әўладқа өлмес мийрас сыпатында өтип бара береди.
Ертеңги күнге үлкен мақсетлер менен қәдем таслап атырған халқымыздың пидайылығы ҳәм дөретиўшилиги, елимиздеги ең үлкен байлық есапланған тынышлық-татыўлық сезимлери, миллетлер аралық дослық қатнасықлары, инсан жаратылысының тәбият пенен тығыз байланысы – булардың барлығы орынларда ѳткерилип атырған халық сейиллеринде өз көринисин таппақта.
Әсиресе, Президентимиз тәрепинен “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп жәрияланған быйылғы жыл өзинде кеӊ көлемли дөретиўшилик жумысларды жәмлеўи менен ажыралып, гүллән халқымыздыӊ, соның ишинде, жасларымыздың келешекке деген исенимин және де беккемлемекте. Ѳткен қысқа дәўир ишиндеги елимизде әмелге асырылған раўажланыўлар, бурын болмаған ѳзгерислер менен жаңаланыўлар мәмлекетимиз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып бармақта.
Бунда əлбетте, Президентимиз тəрепинен елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға байланыслы қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм қарарлары турмысымызда айрықша орын ийелейди. Әсиресе, тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый Пәрман ҳәм қарарлар тийкарында мәҳәллелердеги аўыр турмыс шараятындағы 21 мыңнан аслам шаңарақтың турақ жайында 344 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы,452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сум қосымша қаржы ажыратылғаны, кадастры жоқ 43 мыңнан аслам турақ-жайлардың кадастр ҳүжжетлери таярланыўының жолға қойылғаны, ѳткен жылдың өзинде қала ҳəм аўылларымыздағы 640 километрге шамалас топырақлы жолларға 55,6 миллиард сўмлық қум-щебень араласпасы төселгени, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғаны, сырт еллерде оқып атырған жасларымыздың оқыўы елимиздиң жоқары оқыў орынларына көширилгени, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылғаны – кеўиллерге мақтаныш ҳәм шүкиршилик сезимлерин бағышлайды.
Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 9-февральда Қарақалпақстан ушын қабыл етилген және бир тарийхый қарары менен усы жыл 1-апрельден баслап Стамбул-Нөкис-Ташкент ҳǝм Самарқанд-Нөкис-Стамбул жөнелислери бойынша авиа қатнаўларды жолға қойыў, балықшылықты және де раўажландырыў мақсетинде “Қарақалпақбалық” бирлеспесин шѳлкемлестириў, ҳǝр жылы “Келешек кǝсиплери” жойбары шеңберинде 1,5 мың жасты санлы технологиялар ҳǝм шет тиллерине оқытыў, быйылғы жылы 120 мыңнан аслам пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳǝм агротехнологиялар институтына келеси оқыў жылынан баслап 100 қабыллаў квотасын ажыратыў сыяқлы жаңа имканиятлар берилмекте.
Соның менен бирге, усы жылы қала ҳәм районларымызда мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 82 объектте 1,1 триллион сумлық қурылыс ҳәм реконстукциялаў жумыслары алып барылады. Санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында 9,3 триллион сумлық 461 инвестиция жойбары әмелге асырылады ҳәм 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады. Инвестиция бағдарламасына муўапық 213 млн. долларға тең сырт ел инвестициялары өзлестириледи. Буннан тысқары, мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслар да жаңа басқышларға кѳтерилмекте.
Концерт бағдарламасы Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти Б.Каримованың атқарыўындағы “Бәҳәр келди”қосығы менен басланды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Қуўыршақ театры, “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли, “ϴзбекконцерт” мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының Қарақалпақстан бөлими, “Мухаллес” дуўтаршылар ансамбли, “Мақом” ансамбли, қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлериниң қосықшылары менен аяқ ойыншылары, жоқары оқыў орынларының студентлери, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының концерт бағдарламасын халқымыз айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.
Республикамызда түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етип келмекте. Концерт бағдарламасында рус, қазақ, түркмен, корейс, украин халықларының миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары байрамға өзгеше сән берди.
Байрам сейиллери “Дослық” каналының бойында спортшылардың көргизбели шығыўлары, өнерментлеримиз тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер, миллий буйымлар, сүўретшилердиң көргизбелери, миллий ойынлары, саўда ярмаркалары менен даўам етти.
Байрамға бағышланған сейиллер республикамыздың барлық районларында болып өтти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери