Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 18-март күни аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты тараўларында инвестицияларды тартыў ҳәм экспортты күшейтиў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Өткен жылы мәмлекетимизде 23 миллион тонна мийўе-овощ жетистирилип, азық-аўқат санаатында 86 триллион сумлық өним ислеп шығарылған.

Есап-санақларға бола, усындай өнимнен 5 миллиард долларлық экспорт етиў мүмкин еди. Бирақ, министрлер ҳәм ҳәкимлердиӊ жумысты дурыс шөлкемлестире алмағаны, экспортшылардыӊ машқаласын шеше алмағанлығы себепли бул көрсеткиш 2 миллиард доллардан артпаған.

Мәжилисте экспорт қурамы ҳәм географиясы талланды. Атап айтқанда, өткен бир жылда Австралия, Жаӊа Зеландия, Сингапур, Колумбия, Индонезия сыяқлы 10 нан аслам жаӊа базарлар ашылып, олардыӊ саны 85 ке жетти. Бирақ, экспорттыӊ 80 проценти 5 мәмлекет базарына туўра келип атыр. Сондай-ақ, 10 түрдеги өнимниӊ үлеси жәми мийўе-овощ экспортында 60 процентти қурайды.

Ҳәр жылы аўыл хожалығы өнимлери экспортын қоллап-қуўатлаўға 700 миллиард сум, өндиристи көбейтиў 1 триллион сум қаратылмақта. Бирақ, нәтийже усыған жараса емес. Бул бағдарда 1 миллион гектар ғәлледен босайтуғын майдан, 508 мыӊ гектар халықтыӊ қыйтақ жери, 260 мыӊ гектар адамларға бөлип берилген жерлер имканиятынан толық пайдаланылмай атыр. Айырым районлар улыўма мийўе-овощ экспорт етпеген.

Мәмлекетимиз басшысы быйыл аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат экспортын жедел арттырыў ушын және қандай шараят керек болса, көрип шығыўға таяр екенин билдирди.

– Инфляцияны қадағалаў ҳәм валютаныӊ турақлылығын тәмийинлеў экспорт пенен тығыз байланыслы. Көп өним жетистириў менен бирге экспортқа қолайлықларды кеӊейтпесек, нәтийже күтилгендей болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте экспортшы исбилерменлер ҳәм логистика кәрханалары ўәкиллери қатнасты. Президент олар менен сөйлесип, машқала ҳәм басламаларын тыӊланды.

Атап айтқанда, Германия, Венгрия, Польша, Испания, АҚШ ҳәм Қазақстандағы саўда үйлерин исбилерменлердиӊ басқарыўына бериў, Нагоя, Мерсин, Роттердам, Циндао, Клайпеда, Доҳа сыяқлы ири порт қалаларда саўда үйин ашыў усынысы қоллап-қуўатланды.

Жақында Жоқары Шыршықтағы Агрохызметлер орайында халықаралық аккредитациядан өткен дәслепки жеке меншик лаборатория ашылды. Быйыл 8 миллион доллар инвестиция есабынан Зангиата районы, Ферғана ҳәм Самарқанд қалаларында да усындай заманагөй лаборатория иске қосылады.

Ташкент қаласында Референс-лаборатория шөлкемлестирилип, жеке меншик лабораториялар жумысыныӊ халықаралық стандартларға сәйкеслиги тәмийинленеди. Буған Жәҳән банкинен тартылған қаржылар есабынан 12 миллион доллар бериледи. Ендигиден былай, халықаралық тән алынған реагентлер импорт бажысынан азат етиледи, оларға мәжбүрий экологиялық сертификат алыў талап етилмейди.

Жуўапкерлерге басқа лабораторияларды да халықаралық аккредитациядан өткериў, мийўе-овощ сапасына сырт мәмлекетлердиӊ миллий талапларын үйренип, мәмлекетимиз экспортшыларына жеткериў бойынша тапсырма берилди.

Халықаралық көргизбелерде қатнасыў системасын қайта көрип шығыў керек екени айтылды. Онда исбилерменлердиӊ рейтинги тийкар етип алынады. Жоқары ҳәм орта рейтингке ийе болған исбилерменлер ушын көргизбелерде қатнасыў қәрежети 100 процент алдыннан төленеди. Төмен рейтингтегилер көргизбеде қатнасқанын тастыйықлайтуғын ҳүжжет бергеннен кейин, қәрежетиниӊ 50 процент бөлеги қаплап бериледи.

Көплеген экспортшы кәрханаларды қыйнап атырған мәселе бул – айланыс қаржы. Соныӊ ушын, быйылғы жылы Бизнести раўажландырыў банкинен усы мақсетлер ушын 1, 5триллион сум ресурс қаратылады. Бул қаржылардыӊ орнына, экспортшы кәрханаға фермер ҳәм таярлаў қоймаханасы менен дүзген шәртнама суммасыныӊ 50 процентине шекем жеӊилликли кредит бериледи. Кредитлер 18 процент ставкада 6 ай жеӊилликли дәўир менен 1,5 жыл мүддетке ажыратылады.

Бизге белгили, мийўе-овощ санаат өнимлерине қарағанда тез бузылады, сапасын жоғалтады. Соныӊ ушын, өним түринен келип шығып, шығын муғдары 10 процентке шекем белгиленеди. Таза мийўе, шербет, кондитер, джем сыяқлы бир баптағы температурада жеткериў талап етилетуғын өнимлер ушын музлатқышлы жүк контейнерлери алып келинеди.

Тәбийғый шығынды ҳәм сапаныӊ бузылыўын азайтыў ушын қадақлаўға да айрықша итибар қаратыў керек. Бул бағдарда заманагөй кәрхана шөлкемлестирип, тәжирийбели дизайнерлерди тартыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Халықтыӊ қыйтақ жерлери ҳәм егислик жерлеринде ҳәр түрли мийўе-овощлар жетистириледи. Оларды нақ пулға сатып алып, экспортқа таярлап беретуғын тәмийнатшылар көп. Енди олар өзин-өзи бәнт еткен шахслар сыяқлы жумыс алып барады ҳәм айланысына қарамастан барлық салықлардан азат болады.

Мәжилисте азық-аўқат санаатындағы имканиятлар да талланды.

Усы жылы бул бағдарда кеминде 100 триллион сумлық өним ислеп шығарыў ҳәм 1 миллиард доллар экспорт етиў, аймақлық бағдарламалар шеӊберинде 833 миллион долларлық 528 жойбарды иске қосыў режелестирилген. Бул тараўдағы жойбарларға бағдарлаў ушын банклерге 310 миллион доллар қаржы бөлистирилген. Бул илажлар арқалы таяр азық-аўқат экспортын 200 миллион долларға алып шығыў имканияты бар екени көрсетип өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелерден келип шығып, мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат экспорты бойынша Бас министр басшылығында комиссия дүзилиўи белгиленди.

Сондай-ақ, егиўден баслап, өнимди сақлаў, қадақлаў, қайта ислеў ҳәм сатыў шынжырын толық қамтып алатуғын үш жыллық бағдарлама таярланады. Аўыл хожалығы экспорты менен шуғылланатуғын 2 мыӊ 362 кәрханаға жәрдемлесиў, олардыӊ қатарын кеӊейтиў илажлары көриледи. Экспортшылар менен турақлы “байланыс майданы” жаратылып, аймақларда бар өнимлер, сыртқы базардағы талап ҳәм баҳалар ҳаққында мағлыўмат алмасып барылады.

ӨзА