Жаӊаланыў ҳәм жасарыў әййямы Наўрыз байрамы алдынан Елликқала районында бир қатар социаллық объектлер пайдаланыўға тапсырылды.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар жас әўладтыӊ заманагөй билим алыўлары ушын жаӊадан улыўма билим бериў мектеплерин қурыў, оӊлаў ҳәм оларды зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў имканиятын бермекте. Райондағы Гүлистан аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 37-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ имараты капитал реконструкциянып, байрам алдында пайдаланыўға тапсырылды. Бул имарат ушын 4 миллиард 258,5 миллион сум қаржы жумсалды. Мектепте оқыўшылардыӊ заманагөй билим алыўлары ушын барлық шараят жаратылған.
Ашылыў мәресиминде тараў ўәкиллери, ветеран муғаллимлер ҳәм аўыл пуқаралар жыйыныныӊ белсендилери қатнасты. Район ҳәкими В.Ниязымбетов бәршени Наўрыз байрамы ҳәм жаӊа мектептиӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады. Дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Президентимиздиӊ басшылығында халықты, соныӊ ишинде, жас шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип турмыс шараятын жаратып бериўге айрықша итибар қаратылмақта. Райондағы Иқбол мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан “ATX GROUP-DEVOLOPMENT” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жойбар баҳасы 49,5 миллиард сум болған 132 турақ жайға мөлшерленген комплекстиӊ бир бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Байрам мүнәсибети менен 11 пуқараға жаӊа турақ жайдыӊ гилтлери тапсырылды. Енди олар Наўрыз байрамын жаӊа турақ жайда байрамлайтуғын болды.
Байрам алдынан сондай-ақ, Думанқала мәкан пуқаралар жыйыны аймағында “Gold Water” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ишимлик суўды қадақлаў цех иске түсирилди. Жойбар баҳасы 4 миллиард сум болған линияныӊ иске түсирилиўи менен 8 жастыӊ бәнтлиги тәмийинленди.
Социалық тараў объектлериниӊ пайдаланыўға тапсырылыўы орынларда Наўрыз байрамы тамашаларына уласып кетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги