Тақыятас районы «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Еркин кенегес» агрофирмасындағы бағларға бәҳәрги күтим бериў ҳәм кесиў, жаңа нәллерди пайдаланыў ислери бойынша семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға райондағы бағшылық бағдарындағы фермер хожалықлары, аўыл хожалығы тараўының жуўапкер хызметкерлери ҳәм  Ферғана ўәлаяты Қува районында жайласқан «Умаров Хасан саховати» дийқан хожалығының тәжирийбели бағманлары қатнасты. Сондай-ақ, Ферғана ўәлаятынан алып келинген мийўели дарақлар ҳәм жүзим нәллериниң сапалы ҳәм өнимдарлығы  бойынша пикирлер билдирилди.



Мағлыўмат ушын, Тақыятас районында жәми 45 фермер хожалығында 194 гектар бағ ҳәм жүзимзарлықлар жаратылған.

 Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги