Президент Шавкат Мирзиёев 14-март күни Сырдәрья ўәлаятына барып, халықтыӊ жасаў шараятлары менен танысты.
Сапар тийкарында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниӊ баслығы, муфтий Нуриддин Холиқназаров пенен шын кеўилден сәўбетлести. Сәўбетте диний-ағартыўшылық бағдарындағы жумыслар, мүбәрек Рамазан айыныӊ пазыйлетлери ҳаққында сөз болды.
Бизге белгили, 11-март күни пүткил мусылман ислам үммети қатары елимиз мусылманлары да бул қутлы айды қуўанышлы түрде күтип алды. Ораза тутқанлар мәмлекетимиздеги тынышлық ҳәм абаданлық шарапатынан ибадатларын еркин әмелге асырмақта, буныӊ ушын Алла таалаға шексиз шүкиршилик етпекте. Мешитлерде Қураны хатым қәтим етилип, халқымызға тынышлық, берекет тилеп пәтиялар етилмекте.
Муфтий бул уллы әййямда сабыр-тақат, қайыр-сақаўат пазыйлетлери зыяда болыўын, ўатанласларымыз буны сезип, саўаплы әмеллерди көп ислеп атырғанын айтты.
Президентимиз бул айды жоқары дәрежеде өткериў, мәмлекетимиздеги тынышлықты қәдирлеў ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў бойынша өз пикирлерин билдирди. Инсан қәдирин улығлаў мақсетине муўапық, халқымыздыӊ мәплерин тәмийинлеў, мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў даўам еттирилетуғынын айтты.
Исбилерменликти раўажландырыў, қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларындағы имканиятларды толық иске қосыў арқалы аўыл халқыныӊ турмысын раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Жасларды билимли-ағартыўшы ҳәм ўатан сүйиўши етип тәрбиялаў, оларды оқыўға, мийнет сүйиўшииликке шақырыўдыӊ әҳмийети ҳаққында сәўбетлести.
Дәслеп райондағы Иттифоқ мәҳәллесинде қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларындағы имканиятларды толық иске қосыў арқалы халықтыӊ дәраматларын көбейтиў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардыӊ басшылары, 208 район ҳәм қала ҳәкимлери, олардыӊ орынбасарлары, банклер ҳәм мәҳәллелердиӊ ўәкиллери қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы адамлар жақсы жасаўға умтылып атырғаны, оларға қаржы ҳәм жәрдем берип, дәрамат дәрегин жаратыў зәрүр екенин атап өтти.
– Исбилерменлик, бәнтлик, кәмбағаллықтан шығарыўға үлкен қаржылар ажыратып атырмыз. “Мәҳәлледеги жетилик”ти не ушын шөлкемлестирдик, кәмбағаллықтан шығарыў системасын неге шаӊараққа шекем алып бардық? Мақсетимиз – қыйтақ жерди қолланып, шаӊарақта ислеп шығарып, көшеде хызметлерди көбейтип, ҳәр сотихтан 1-2 миллион сум дәрамат табыўға үйретиў, -деди мәмлекеимиз басшысы.
Бирақ, Сайхунабадта нәтийжелер бундай емес. Аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм инвестицияныӊ райондағы системасы жетерли дәрежеде ислемей атыр, исбилерменлик өспей атыр.
Соныӊ ушын Сырдәрья ўәлаяты ҳәкиминиӊ биринши орынбасары, Сайхунабад районыныӊ ҳәкими ҳәм басқа бир қатар басшылар ўазыйпасынан азат етилди.
Мәжилисте Сайхунабад районы мысалында аймақлардағы машқалалар ҳәм пайдаланылмай атырған имканиятлар көрсетип өтилди.
Атап айтқанда, мәмлекет тәрепинен банклерге үлкен ресурс ажыратылып атыр. Өткен жылы мәҳәлледеги исбилерменлик ушын Сайхунабадқа 120 миллиард сум берилген. Район исбилерменлери салықтан 85 миллиард сумлық жеӊиллик алған.
Бирақ, буныӊ нәтийжеси усыған жараса емес. Жеке меншик секторда жаратылған рәсмий жумыс орны тек ғана 968 ге көбейген. 2023-жылы районда 167 жаӊа исбилермен пайда болған болса, соныӊ ярымы еле жумыс басламаған.
Банклер тек қайтымды ойлап, аӊсат жол менен ресурсларды турақлы қарыйдарына берип атыр. “Мен де исбилермен болайын, мәҳәлледе жумыс орнын жаратайын”, дегнен әпиўайы адамлар шетте қалып кетпекте. Кәмбағаллықты жоқ етиў ушын оларға таяр жойбар берилмей атыр.
Өткен жылы Сайхунабадта санаат көлеми де өспеген. 19 мәҳәлледен 16 сында жоқары қосымша қун жарататуғын бирде-бир өндирис жоқ. Таяр инфраструктурасы бар 16 имарат сатылмай турыпты. Шийки зат таярлаў, барын қайта ислеў, адамларды өним ислеп шығарыўға үйретиў ҳәм кооперациялаў бойынша басламалар жоқ.
Районныӊ еӊ үлкен резерви де, имканияты да – жер. Сайхунабад халықтыӊ қыйтақ жери 20 сотихтан артық болған 26 районнан бири. Қыйтақ жерлерде тийкарғы егин жоӊышқа менен мәкке болып қалған. Ҳәр қыйлы мийўе-овощлар жетистирип, дәрамат алыў, экспорт етиў жолға қойылмаған.
Сайхунабадтыӊ 19 километр аймағынан Сырдәрья ағып өткени ушын “суў бийпул” деген түсиник орналасып қалған. Тек ғана 22 процент жерлерде суў үнемлейтуғын технологиялар енгизилген. Салыгершилик фермер хожалықлары лазерли тегисленбеген. Каналларды бетонлаў режеси толық орынланбағаны ақыбетинде 9 мәҳәлледеги 5 мыӊ гектар жерге суў аз барып атыр.
Мәжилисте бул машқалаларды шешиў ҳәм жумыссызлықты азайтыў илажлары додаланды.
Бәринен бурын, Сайхунабадтағы 17 мыӊ шаӊарақтағы қыйтақ жерди иске қосыў, киши санаат ҳәм хызметлерди жолға қойыў арқалы халықты дәраматлы етиў ўазыйпасы қойылды. Буныӊ ушын банклер ҳәким жәрдемшилери менен бирге 19 мәҳәлле ҳәм 794 көшени атпа-ат бөлип алып, “драйвер” бағдарларынан келип шығып, ҳәр бирине техникалық, экономикалық тийкар ислеп шығады.
Сайхунабадта дәслепки мәрте жаӊа тәжирийбе ретинде, 19 мәҳәллениӊ ҳәр бирине биреўден мини трактор, 4 мотокультиватор алып берилди. Енди ҳәким жәрдемшилери “1 сотих қыйтақ жерден кеминде 1-2 миллион сум дәрамат” деген қағыйда тийкарында халық ушын бизнес реже ислеп шығады. Мәҳәлледеги агрономлар менен бирге қыйтақ жерди сүриў ҳәм егин егиў хызметлерин көрсетеди. Бул тәжирийбе пүткил республикада ғалаба ен жайдырылады.
Қыйтақ жерде жетистирилген өнимди сатып алыў системасын жолға қойыў да әҳмийетли мәселе. Усы мақсетте районда экспортқа жәрдемлесетуғын кәрхана ашылып, уставына 1 миллиард сум киргизиледи. Бул кәрхана 4 мыӊ шаӊараққа өними көп қабақ, мәш, лобия, розмарин, брокколи, тимьян туқымларын жеткереди, жетистирилген өнимди сатып алып, экспорт етеди.
Буннан тысқары, мәҳәлледе сатып алыўды жолға қойған экспортшы, алдынғы исбилерменлерге 300 миллион сумнан 1 миллиард сумға шекем грант бериледи.
Райондағы 19 мәҳәллениӊ ҳәр биринде 10 шаӊарақта үлги интенсив бағ жаратылады. Кооперация тийкарында оларға экспортшылар байланысып, 2 мыӊ тонналық сақлаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў комплекслери шөлкемлестириледи. Ҳәр бир үлгили шаӊарақ болса келешекте коӊсы-қобаларын да буған үйретеди. Буныӊ ушын ҳәким – бағ ийеси – банк арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиледи.
Мебель кәрханалары ушын терек жетистириў имканияты да бар. Соныӊ ушын, райондағы 98 километр каналлар ҳәм дренаж тармақлары әтирапындағы 100 гектар бос турған жерлер кооперация тийкарында 500 шаӊараққа терек егиў ушын бөлип бериледи.
Сайхунабадта санаат усылында жылына тек ғана 60 мыӊ қус жетистирилип атыр. Бул оғада аз. Соныӊ ушын 4 ири қусшылық фермасы шөлкемлестирилип, 2 мыӊ шаӊарақ пенен кооперация жолға қойылады. Нәтийжеде шаӊарақларда жылына 10 миллион қус бағылып, қосымша 22 мыӊ тонна қус гөшин жетистириў мүмкин болады.
Сондай-ақ, Сырдәрья ағып өтетуғын мәҳәллелерде жасалма бассейнлер қурып, балық жетистириўди көбейтиў, қыйтақ жерлерге уя тарқатып, пал экспортын жолға қойыў ўазыйпалары көрсетип өтилди.
Шарўашылығын көбейтиў тилегиндеги шаӊарақларға 400 гектар жер азықлық ушын бериледи. Шаӊарақлық исбилерменлик бағдарламасы тийкарында қарамал, қой ҳәм ешки алыў ушын 33 миллион сум жеӊилликли кредит гиреўсиз, нақ пулда бериледи. Бул арқалы райондағы 1, 5 мыӊ шаӊараққа шарўаны көбейтиў ушын шараят жаратылады. Бундай мәҳәллелерде сүтти жыйнаў шақапшалары иске қосылады.
Шаӊарақларда киши өндиристи шөлкемлестириўге жәрдемлесиў зәрүр екени атап өтилди. Усы мақсетте районда исбилерменлик инфраструктурасын жақсылаўға 60 миллиард сум бериледи. Бос турған 21 имаратқа инвесторлар тартылып, пайдаланыўға тапсырылады. Фаровон мәҳәллесинде 35 гектар майданда киши санаат зонасы шөлкемлестирилип, кеминде 100 миллион долларлық санаат жойбарлары басланады.
Мәмлекетимиз басшысы Сайхунабадта өткен жылы бирде-бир көп қабатлы жай қурылмағанына тоқтап, бул бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берди.
Улыўма, бул система арқалы Сайхунабадтағы ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир көше, ҳәр бир шаӊарақ қамтып алыныўы атап өтилди. Жуўапкерлерге бул жаӊа системаны республиканыӊ барлық 9 мыӊ 452 мәҳәллесинде жолға қойыў тапсырылды.
– Быйыл экономикамызда өмирлик ояныў ҳәм раўажланыў жылы болады. Буныӊ ушын орынлардағы жуўапкерлер пидайылық пенен ислеп, ҳәммени оятыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары, экономикалық комплекс ўәкиллери, мәҳәлле баслықларыныӊ есабатлары менен усыныслары тыӊланды.
Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Иттифоқ мәҳәллесиндеги қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларындағы исбилерменлик пенен танысты.
Мәмлекетимизде әҳмийетли мәселелерден бири- бәнтлик. Экономикалық реформалар яки аймақлық бағдарламалар болсын, барлығыныӊ тийкарында жумыс орынларын ашыў, халықтыӊ турмысын жақсылаў мақсети жәмленген.
Булардыӊ нәтийжесинде соӊғы жыллары 2 миллион 400 мыӊ халық өзин-өзи бәнт етти Дерлик 2 миллион адам кәмбағаллықтан шығарылды. “20 мыӊ исбилермен 500 мыӊ маман қәниге” бағдарламасы шеӊберинде 455 мыӊ халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша шәртнамаларға қол қойылды. Мәҳәлле кесими тийкарында 51 мыӊ микрожойбар әмелге асырылып, 206 мыӊ жаӊа жумыс орны жаратылды. Жумыссыз пуқаралар “Жумысқа мәрҳамат” моноорайларында заманагөй кәсип-өнер ҳәм шет тиллерине оқытылмақта.
Усы жылы Мәмлекетлик бағдарламада 5 миллион халықтыӊ бәтлигин тәмийинлеў белгиленген. Соныӊ 2 миллионнан асламы аўыл хожалығы ҳәм қыйтақ жер хожалығы тараўына туўра келеси.
Быйыл 7-март күни мәмлекетимиз басшысы басшылығында өткен мәжилисте мәҳәллелердеги имканиятларды иске қосып, шаӊарақларға дәрамат дәрегин жаратыў системасы додаланған еди. Онда еӊ қолайлы ҳәм ҳәммеге унайтуғын имканият қыйтақ жерден пайдаланыў екени атап өтилди.
Президентимиз бәрқулла мәмлекетлик көлемдеги бағдарламаларды, қайырлы ислерди еӊ аўыр районлардан баслаў керек екенлигин айтады. Буннан мақсет, бәринен бурын, сол жердеги шараятты жақсылап, адамлардыӊ аўырын жеӊил етиў ҳәм, соныӊ менен бирге, бундай районларда нелер ислеў мүмкин екенин әмелде көрсетиў болып табылады.
Сайхунабад районы да әне, усындай аўыр аймақлардан бири. Жергиликли бюджет қәрежетиниӊ 60 проценти жоқары туратуғын бюджеттен шешилип атыр. Себеби, исбилерменлик өспей атыр. Районда 2 мыӊ 400 жумыссыз бар. Кәмбағаллық дәрежеси де мәмлекетимиздеги орташа көрсеткиштен жоқары.
Райондағы Иттифоқ мәҳәллесинде 6 мыӊ 672 халық жасайды. Үш мектеп, үш балалар бақшасы, поликлиника, онлаған исбилерменлик ҳәм фермер хожалықлары жумыс алып бармақта. Бирақ, бул бәнтликти толық тәмийинлеў ушын жетерли емес. Мийнетке уқыплы 100 адам жумыссыз. Сырт елде жумыс ислеп атырғанлар, майыплығы болған пуқаралар да бар. Өткен жылы халықты исбилерменликке тартыў ушын 140 жойбарға кредит берилген. 137 адамға дийқаншылық етиў ушын узақ мүддетке жер ажыратылған.
Негизинде, район халқына қосымша жер ажыратыў шәрт емес. Себеби, Сайхунабад қыйтақ жерлери 20 сотих әтирапында болған 26 районнан бири. Соннан да толық пайдаланылмай атыр. Тийкарғы егинлер жоӊышқа менен мәкке болып қалған.
Атап айтқанда, Иттифоқ мәҳәллесинде улыўма қыйтақ жердиӊ майданы 185 гектар. Районнан Сырдәрья ағып өткени ушын суў да жақсы. Бирақ, түрли өнимлер жетистирип, руўзыгершиликке берекет киргизиў төмен дәрежеде. Атап айтқанда, Фергана ойпаты ўәлаятларында 6 сотих қыйтақ жерден алынып атырған дәрамат бул жердеги үлкен қыйтақ жер өнимдарлығынан бир неше есеге көп.
Соныӊ ушын Сайхунабад қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларындағы имканиятларды толық иске қосыў бойынша үлгиге айландырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ усы жылы 5-мартта қабыл етилген “Халық шаӊарақларында санаат усылында өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларында жаӊа резервлерди иске қосыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарарында үлкен имканиятлар белгиленди. Атап айтқанда, 2024-жылы экспортқа қолайлы ҳәм көп дәраматлы егинлер егиў, халықтыӊ бул тараўдағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў ушын 54 районда үлги оқыў-тәжирийбе майданларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Сондай үлгили қыйтақ жерлер Иттифоқ мәҳәллесинде де шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз басшысы бул шаӊарақларды кирип көрип.
Мысалы, Рисолат Ғуломова шаӊарағыныӊ 14 сотих қыйтақ жеринде усы күнге шекем гешир, чеснок егип, жердиӊ отыз процент имканиятынан пайдаланылған.
Ҳәкимлик ҳәм жуўапкер шөлкемлер жәрдеминде қыйтақ жерге алма ҳәм жүзим нәллери, олардыӊ арасын түрли шөплер егилди. Буған қосымша таўық, қоян, пал ҳәррелери ҳәм саўын сыйыр бағыў жолға қойылды.
Бүгин мәмлекетимизде жанар майсыз ысыйтуғын ыссыханалар қурыў ғалаба ен жайып бармақта. Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени мақуллап, оларды көбейтиў, дийқанларға таяр ҳалда қурып бериў зәрүр екенин айтқан еди. Рисолат апаныӊ шаӊарағына да еки сотихли ыссықхана қурып берилди. Оған 30 түп лимон, қатар араларына болса помидор ҳәм қулпынай егилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде қыйтақ жер ийелери, мәҳәлле белсендилери менен сәўбетлести.
– Халқымыздыӊ өз өмиринде сезиўи ушын барлық жумысларды мәҳәлледе шөлкемлестирип атрымыз. Енди мәмлекетлик уйымлардыӊ барлық имканиятларын ҳәр бир көшеге, шаӊараққа алып киремиз. Мысалы, мәҳәллеге бириктирилген банк қаржы бериў менен бирге адамлардыӊ дүньяға көзқарасын да өзгертеди. Мақсетимиз халықтыӊ дәраматын көбейтиў, бай етиў. Әлбетте, аӊсат болмайды. Бул машақатлы мийнет, тынымсыз излениў, жаӊа-жаӊа идеялар дегени. Бирақ, орынласа болады. Өлшем биреў – экономикалық комплекс халықтыӊ дәрти менен жасайды, – деди Президент.
Мәҳәлле белсендилери халық, улыўма, сайхунабадлылар қыйтақ жерден бундай кеӊнен пайдаланыўға үлкен қызығыўшылық билдирип атырғанын айтты. Жуўапкерлер бул тәжирийбени кеӊейтиўге, қыйтақ жер ийелерине жәрдемлесип, мәҳәллелерди жумыссызлықтан аўлақ етиўге ўәде берди.
Президент бул жерде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниӊ сораўларына жуўап берди.
Усыныӊ менен мәмлекетимиз басшысыныӊ Сырдәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ЎзА мухбирлари