Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында гезектеги “Ҳүкимет сааты” болып өтти. Онда депутатлар “Мәмлекетимизде электрон ҳүкимет системасын жетилистириў, мәмлекетлик уйымлардыӊ жумысларын санлы форматқа өткериў, социаллық тараў объектлерин Интернет дүнья мәлимлеме тармағы менен қамтып алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәселени додалады.

Бул мәселе бойынша депутатлардыӊ сораўларына санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов жуўап берди:

— Елимизде елатлы пунктлерди интернет пенен қамтып алыў ҳәм тезликти арттырыў, интернеттиӊ баҳасы көтерилип кетпеўин тәмийинлеў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылды. Ҳәзир еӊ шетки аўылға да интернет жетип барған, шаӊарақлар Wi-Fi системасынан пайдаланбақта. Интернет тезлиги бойынша Өзбекстан ТОР-20 мәмлекетлер қатарынан орын алған.

Электрон ҳүкимет системасын жетилистириўге қаратылған жумыслардыӊ нәтийжеси ретинде, 200 ден аслам электрон хызметлер енгизилди. Электрон хыхметлерден пайдаланыў көлеми кеӊеймекте. Мысалы, 2019-жылы электрон мәмлекетлик хызметлерден 10 миллион мәрте пайдаланылған болса, соныӊ 73 проценти Мәмлекетлик хызметлер орайына барып әмелге асырылған, қалған бөлеги ғана онлайн болған. Өткен жылы болса мәмлекетлик хызметлерден 27 миллион мәрте пайдаланылған болса, 80 проценти онлайн пайдаланылған. Мақсетимиз де пуқараларды әўере етпей мәмлекетлик хызметлерден онлайн пайдаланыў имканиятларын кеӊейтиўден ибарат.
















2024-жылдыӊ ақырына шекем Бирден-бир порталда жаӊа 130 хызмет ҳәм сервислерди енгизиў арқалы порталдағы хызметлер санын 700 ге жеткериў режелестирилген. Дәслепки есап-санақларға бола, мәмлекетлик хызметти электрон форматқа өткериў ҳәм Бирден-бир портал арқалы көрсетилип атырған хызметлердиӊ санын 700ге жеткериў арқалы халық ҳәм исбилерменлердиӊ орташа быйыл 70 миллиард сумнан артық қаржылары үнемлениўине ерисиў мүмкин. Онда тек хызметлер санын көбейтип емес, ал әпиўайыластырыў, халыққа түсиникли тәризде бериўге де итибар қаратылмақта.

Бирден-бир уйымлараралық атқарыў тәртиби “ijro.gov.uz” системасы иске қосылған. Бүгинги күнде бул системаға барлық министрлик ҳәм уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары жалғанған болып, системадан пайдаланыўшылардыӊ саны 109 мыӊнан артқан.

– Сондай-ақ, министрлик тәрепинен Бирден-бир уйымлараралық атқарыў тәртиби “ijro.gov.uz” системасы тийкарында “Санлы уйым” платформасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша илажлар көрилмекте. Бул платформаны иске қосыў арқалы барлық түрдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерде (қарарлар, буйрықлар, протоколлар ҳәм басқа ҳүжжетлер) белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын қадағалаўды алып барыў, ишки ҳәм сыртқы ҳүжжет айланыў процесслерин санластырыў нәзерде тутылмақта, – деди министр.

Депутатлар тараўда алып барылып атырған жумысларды атап өтип, бир қатар сораўларды ортаға таслады. Атап айтқанда, халық жасайтуғын орынларды кеӊ полосалы мобиль байланыс тармағы менен қамтып алыў ҳәм социаллық тараў объектлеринде телекоммуникация хызметлерин тәмийинлеў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар менен қызықсынды.

Республика бойлап магистраль телекоммуникация тармақларыныӊ өткериўшеӊлик қәбилети ўәлаятлараралық 600 Гбит/с.қа, районлараралық 60 Гбит/с.қа жеткерилген. Кеӊ полосалы интернет хызметлерин усыныў ушын 2023-жыл даўамында 700 мыӊ кеӊ полосалы интернет портлар орнатылып, олардыӊ саны 5,3 миллионнан асыўына ерисилген.

Соныӊ менен бирге, барлық социаллық тараў объектлери, атап айтқанда, 10 мыӊ 271 халық билимлендириў, 6 мыӊ 593 мектепке шекемги билимлендириў, 3 мыӊ 920 денсаўлықты сақлаў, 9 мыӊ 403 мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм 5 мыӊ 583 милиция таяныш пунктлери жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғаныў имканияты менен тәмийинленген.

Депутатлар “Өзбекстан – 2030” стратегиясында 2030-жылға шекем 300 мыӊ жасты жумыс пенен тәмийинлеў нәзерде тутылғаны, бул бағдарда министрлик тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылғаны менен қызықсынды. Министр буған жуўап ретинде Стратегияда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, IT экспорты көлемин 5 миллиард долларға жеткериў мақсетинде 300 мыӊ қәнигелерди таярлаў режелестирилгенин атап өтти. Президентимиздиӊ тийисли қарары менен болса жасларды мийнет базарында IT-хызметлер экспорты тараўына талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниӊ жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде субсидия ажыратыў механизми жолға қойылды.

“Ҳүкимет сааты”нда депутатлар тәрепинен тараў перспективасына қаратылған бир қатар усыныслар берилди ҳәм күн тәртибиндеги мәселе бойынша нәтийжели парламент қадағалаўын тәмийинлеўге келисип алынды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзА