Усы жыл 13-март күни Төрткүл районы медицина орайына қараслы туўыў комплекси имараты қурылысының қазығы қағылды.

Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы менен социаллық инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Усы жумыслардың даўамы сыпатында Төрткүл районында да быйылғы жылы 90 объектте 127,3 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Атап өтилген жумыслар шеңберинде туўыў комплексине қосымша 70 орынлық жаңа имарат қурыў, сондай-ақ, бурынғы имаратын капитал оңлаў режелестирилген. Нәтийжеде жергиликли пуқаралар, соның ишинде, аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылады.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги