8-10-март күни Малайзияның Санкадан қаласында регби-7 бойынша «Borneo Sevens”халықаралық турнири болып өтти. Онда Белгия, Австралия, Ҳиндстан, Малайзия, Индонезия, Өзбекстан, Жаңа Зелландия ҳәм Сингапур мәмлекетлеринен командалар қатнасты. Турнир жуўмағыныдағы шешиўши ойында майдан ийелери болған Малайзия қызлар командасына имканиятты берип қойған Өзбекстан ҳаяллар командасы екинши орынды ийелеп, гүмис медал менен сыйлықланды.


Қуўанышлысы сонда, екинши орынды ийелеген Өзбекстан ҳаяллар командасы қурамында Шоманай районы 31-санлы мектептиң муғаллими Нуржамал Наўрызбаева да бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги