Президент Шавкат Мирзиёев 12-март күни исбилерменлердиң жумысын кеңейтиў ҳәм экспортқа тартыў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысы 2023-жыл 18-декабрьде болып өткен видеоселектор мәжилисинде атап өткен еди. Буннан кейин, экспертлер қатнасыўында исбилерменлердиң усыныслары тийкарында жаңа көзқараслар ислеп шығылды.
Таллаўларға бола, өткен жылы экспортшы кәрханаларға 665 миллиард сум муғдарында жәрдем көрсетилип, 3 миллиард 200 миллион доллар муғдарында экспорт тәмийинленген. Бирақ айырым тармақ ҳәм аймақларда бул қаржылардан нәтийжели пайдаланылмаған. Электр техникасы, аўыл хожалығы, фармацевтика, зергерлик тармақларында экспорт орташа көрсеткишлерге жетпеген. Ассоциациялар тәрепинен 2 мың 709 потенциаллы экспортшылар қамтып алынбаған, оларға елеге шекем бирде-бир жәрдем көрсетилмеген.
Сол себепли аймақларда өндирис, санаат зоналары ҳәм экспорт мәселелерин бир пүтин системада бирлестириў мақсет етилмекте. 12 тармақ ҳәм санаат ассоциацияларын Саўда-санаат палатасы системасына өткериў усыныс етилмекте. Бул арқалы жойбар таярлаў ҳәм экспорт системасы мәмлекеттен исбилерменлер өзин-өзи басқаратуғын шөлкемге өтеди. Нәтийжеде олардың талап ҳәм тилеклерин тыңлаў, машқалаларын шешиў әпиўайыласады, исбилерменлердиң өз-ара бирге ислесиўи күшейеди.
Раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесинен келип шығып, тараўдағы агентлик ҳәм қорлардың орнына Саўданы раўажландырыў компаниясы шөлкемлестириледи. Ол сырт елден маман дизайнер, технолог ҳәм маркетологларды тартып, миллий өнимлерди халықаралық талапларға бейимлестириў, экспортшылардың жаңа базарларға шығыўына жәрдемлесиў, миллий брендлерди сырт елде үгит-нәсиятлаў менен шуғылланады. Бул компания тәрепинен субсидия, компенсация ҳәм басқа да жәрдемлер исбилерменлердиң турақлылық рейтинги тийкарында ажыратылады.
Сондай-ақ, «Өзбекэкспертиза» акционерлик жәмийетиниң басқарыўы ҳәм Саўда-санаат палатасы менен байланыслары күшейтиледи. Барлық районда Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў жойбарлаў офислери жумыс баслайды.
Президентимиз экономикалық реформалардан тийкарғы мақсет исбилерменликти раўажландырыў екенин атап өтип, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша өз пикирлерин билдирди.
Ассоциациялардың ўазыйпа ҳәм нәтийжелилигин көрип шығыў, басшы ҳәм хызметкерлердиң маманлығын арттырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Тийкарғы жумысты аймақларда шөлкемлестирип, жаңа жойбарлар ислеп шығыў, исбилерменлерди экспортқа тартыў бойынша көрсетпелер берилди.
Жуўапкерлер усы жылы жергиликли санаат экспорты көлемин 12 миллиард долларға жеткериў режелери ҳаққында мәлимлеме берди.
ӨзА