Усы жылдың 9-12-март күнлери Қазақстанның Чимкент қаласында болып өткен өзбек жаўынгерлик өнери бойынша жәҳән кубоги жарысында Әмиўдәрья районының спортшылары сыйлы орынларды ийелеп қайтты.

Атап айтқанда, 12-13 жас аралығында 37 килограмм салмақта Фазилат Ибрагимова, 16-17 жас аралығында 54 килограмм салмақта Атабек Юлдашевлар биринши, 12-13 жас аралығында 48 килограмм салмақта Хурсанд Еркинбаев, 14-15 жас аралығында 64 килограмм салмақта Улығбек Рахимбаев, 16-17 жас аралығында 50 килограмм салмақта Умар Қурбанбаев үшинши орынларды ийеледи. Сондай-ақ, 12-13 жас аралығында командалық көргизбели шығыўларда Дилшад Нарынбаев 3–орынды қолға киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги