20 жасынан-ақ 40 тоннаға шекем аўырлықтағы жүкти көтеретуғын кранды басқарыўды шебер меңгерип киятырған Айнура Турдымуратованы тараў қәнигелери пайтахтымыздағы «Туран» стадионы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң имараты сыяқлы көплеген ири объектлердиң бой тиклеўинде анағурлым үлеси бар қурылысшы сыпатында жақсы таныйды.

1985-жылы Нөкис қаласында туўылған Айнураның ҳәмме қызлардың да қолынан келе бермейтуғын кәсипти ийелеўине оның 35 жыл крановщик болып ислеген кишеси Нәғийма Төремуратова себепши болды. Айнура үш жыл қатара жоқары оқыў орнына кире алмағаннан соң, кишеси онда усы кәсипке қызығыўшылық оятады ҳәм көтериўши кранның (подъемный кран, башенный кран) 35 метр бәлентликтеги кабинасына алып шығады.

– Биринши мәрте бәлентликтеги бас айланыўдан емес, крандағы габаритлер менен рычаглардың, басатуғын точкаларының көплигинен қыйналғанман. Ҳәзир үйренип кеткенмен, бирақ, техника қәўипсизлигине әмел етип, асықпастан, абайлап жумыс ислеўге ҳәрекет етемен, – дейди А.Турдымуратова. – Күнниң ыссы, суўық ўақытларында да жумыс қызғын. Тек самал тезлиги ҳәдден зыят күшейип кетсе, кран тоқтатылады. Себеби, кабинада отырып та, самалдың кранды шайқатып-силкитип атырғанын сезесең.

Айнура ҳәзир пайтахтымыздағы А.Досназаров көшесинде қурылып атырған 5 қабатлы 93 квартиралы турақ жайларының соңғы қабаты ушын бетонларды жоқарыға шығарыў менен бәнт. Ол ҳәм басқа да «Qiyatqala qurilis» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары  бул объекттиң де басқалары қатары сапалы және өз ўақтында пайдаланыўға тапсырылыўы ушын қызғын жумыс алып бармақта.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Өзбекистан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлериниң күнин белгилеў ҳаққында»ғы пәрманына бола, киятырған екшемби қурылыс тараўы хызметкерлери күни сыпатында белгиленеди.

Айнура Турдымуратова сыяқлы мийнеткеш қурылысшыларды усы күн мүнәсибети менен ҳәм жақынласып қалған Ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығы  менен қутлықлап, машаққатлы жумысларында табыслар тилеймиз.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.