Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи
Ассалаўма әлейкум, өмиримиз қуўанышы, периштеси болған ҳүрметли аналар, апа-қарындаслар, дилбар қызларым!
Бүгин сиз, әзизлер менен мине усындай салтанатлы әнжуманда ушырасып бәршеңизди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил мәмлекетимиз ҳаял-қызларын Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қызғын қутлықлаў мен ушын үлкен мақтаныш ҳәм ығбал.
Бәрше-бәршеңизге қызғын меҳрим ҳәм шексиз ҳүрметимди билдириўге рухсат еткейсиз.
Өзлериңиз сыяқлы гөззал байрамыңыз мүбәрек болсын!
Ҳүрметли ўатанласлар!
Усы қуўанышлы байрамда ҳәммемиз бизди дүньяға келтирген, ақ сүт берип, меҳир ҳәм тәрбия берип камалға келтирген уллы ана тулғасына, қәдирдан ҳаялға бас ийемиз. Инсан қәдирин улығлаў бәринен бурын, әзиз ҳәм гөззал ҳаял-қызларымызды улығлаўдан басланады.
Усы мәнисте, Мир Әлийшер Наўайы бабамыздың, жәннет бағында болыўды қәлер екенсең, дәслеп, әзиз ананы разы ет, деген сөзлерди биз ең ийгиликли шақырық сыпатында қабыл етемиз.
Биз турмысымыздың мазмун-мәниси, пүткил барлығымызды сиз, қәдирли апа-қарындасларымыздан бөлек ҳалда көз алдымызға келтире алмаймыз. Сизлер биз ушын бәрқулла гөззаллық ҳәм нәзиклик, меҳир ҳәм садықлық, сабыр-қанаат ҳәм шүкиршилик тымсалы болып келгенсиз ҳәм бәрқулла усындай болып қаласыз. Мине, усындай ийгиликли пазыйлетлериңиз пенен бизлерге ҳәмме ўақыт күш-ғайрат, турмысқа, келешекке исеним бағышлап киятырғаныңыз ушын сиз, әзизлерге ҳәр қанша ҳүрмет ҳәм мақтаў сөз айтсақ, арзыйды.
Ҳүрметли апа-қарындаслар!
Елимизде мийнеткеш, кеңпейил халқымыз, биринши гезекте, ҳаял-қызларымыз ушын еркин, абат турмыс қурыў – мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң ең баслы ўазыйпасы етип белгиленген. Соның ишинде, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың сиясий, жәмийетлик, экономикалық белсендилигин арттырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, гендер теңликти енгизиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте, бәринен бурын, миллий нызамшылығымыз жетилистирилип, апа-қарындасларымыз ушын және де кеңнен имканиятлар жаратып берилмекте. Буның көринисин бир ғана мысал, яғный, сайлаў кодексинде депутатлыққа талабанлардың кеминде 40 проценти ямаса ҳәр 5 талабаннан екеўи ҳаял-қыз болыўы зәрүр екени беккемлеп қойылғанында айқын көриў мүмкин.
Бүгин усы саўлатлы залда ҳүрметли депутат ҳәм сенатор ҳаял-қызларымызды көрип турғанымнан қуўанышлыман. Мәмлекетимизде нызамшылықты беккемлеў, қабыл етилип атырған нызамларымыздың әдил ҳәм тәсиршең болыўында олардың да, әлбетте, үлеси үлкен. Буның ушын халық ўәкиллери болған усы ҳаял-қызларымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремиз.
Ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 2017-жылдағы 27 проценттен 35 процентке жеткени оғада итибарлы болып табылады. Соның менен бирге, жүзлеген ақыллы ҳаял-қызлар турмысымыздың барлық тараўларында белсендилик пенен жумыс алып барып атырғаны бәршемизди қуўантады.
Бул бағдарда Гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия нәтийжели жумыс алып барып атырғанын атап өтиў керек.
Ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў, олардың арасында исбилерменликти раўажландырыў бойынша да салмақлы нәтийжелерге ерисилмекте.
Кейинги 5 жыл ишинде Өзбекстанда исбилермен ҳаял-қызлардың қатары еки есеге кеңейип, өз бизнесин жолға қойған исбилермен ҳаял-қызлардың саны 205 мыңнан артты. Тек ғана 2023-жылы 279 мыңнан аслам исбилерменлик жойбарларға 13 триллион сумнан аслам кредит, дерлик 57 мың ҳаял-қызға 300 миллиард сумға шамалас субсидия ажыратылды. Сондай-ақ, 200 мыңға шамалас ҳаял-қыз кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылды. Ең баслысы – 400 мыңнан аслам апа-қарындасларымыз жумыс пенен тәмийинленди.
Буннан тысқары, ҳаял-қызларға ажыратылған 6 триллион сум муғдарындағы ипотека кредитлери есабынан 25 мыңнан аслам шаңарақлар өз үйине ийе болды. Бул бағдарда 6 мың 200 ҳаял-қызға турақ жай шараятын жақсылаў ҳәм кредиттиң басланғыш төлемин төлеў ушын 200 миллиард сум субсидия ажыратылғанын атап өтиў керек.
Соның менен бирге, орынларда ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиўге қаратылған жумыслар жаңа басқышқа көтерилмекте. Өткен жылдың өзинде «Ҳаял-қызлар дәптери» бойынша 1 триллион 234 миллиард сум есабынан дерлик 994 мың ҳаял-қыздың машқаласы шешилгени бул пикирди тастыйықлайды.
Бул ўазыйпаларды орынлаўда Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң қатнасыўы күшейип атырғаны оғада әҳмийетли болып табылады. Олар тәрепинен «шаңарақ кесиминде» үйрениўлер нәтийжесинде социаллық жәрдемге мүтәж 690 мыңнан аслам шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетилгени, 116 мың тыныш емес шаңарақта орталық саламатландырылғанын бүгин айрықша атап өтемиз.
Қәдирли дослар!
Мәмлекетимизде болажақ аналар, келешек тәрбияшылары болған қызларымыздың камалға келиўине, олардың жоқары билим алыўы, заманагөй кәсип-өнер ҳәм технологияларды, шет тиллерин ийелеўине үлкен әҳмийет берилмекте.
Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларында билим алып атырған 1 миллион 300 мыңға шамалас студенттиң ярымынан көбисин – итибар бериң, ярымынан көбисин, яғный, 653 мыңнан асламын қызлар қурамақта. Магистратурада оқып атырған жасларымыз арасында қызлардың үлеси және де көп, яғный, дерлик 14 мыңды қурамақта. Бул – жәми магистрантлардың дерлик 60 проценти дегени.
Быйылғы оқыў жылында мүтәж шаңарақларға тийисли 1 мың 914 ҳаял-қыз жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант бойынша оқыўға қабыл етилди. 181 мың 500 ден аслам қызларымыз ушын жеңиллетилген тәлим кредитлери ажыратылды. Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың ўәкиллери, жетим қалған ямаса ата-ана қарамағынан айырылған 2 мыңнан аслам студент ушын 14 миллиард 500 миллион сум контракт пулы жергиликли бюджетлер есабынан қаплап берилди. Кейинги жылларда мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура бөлиминде оқып атырған ҳаял-қызлардың контракт пуллары бюджеттен төленбекте.
Ең әҳмийетлиси, қызларымыз арасында заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерге қызығыўшылық барған сайын артып бармақта. Мәселен, «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде билим алған жаслардың 47 процентин, яғный дерлик ярымын қызлар қураған.
Кейинги ўақытта елимизде илим ҳәм билимлендириў, атап айтқанда, жоқары билимлендириў тараўы реформаланып, дүнья стандартларына бейимлестирилгени себепли ҳаял-қызлар бул бағдарда да үлкен нәтийжелерге ериспекте. Буның әмелий көринисин кейинги жети жылда 5 мың 247 ҳаял-қызларымыз илим докторы (DSc) ҳәм өз тараўлары бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алғаны мысалында көриў мүмкин. Тек ғана 2023-жылдың өзинде 147 ҳаял-қыз илим докторы, 1 мың 238 и болса философия докторы илимий дәрежесине ерискени бәршемизди қуўандырады.
Ҳәзирги күнде илим тараўында жәми 5 мыңға шамалас илимпаз ҳаял-қызларымыз жумыс алып бармақта. Жоқары оқыў орынларында болса 14 мыңнан аслам апа-қарындасларымыз педагогика ҳәм илимий-изертлеў бағдарында жумыс алып бармақта.
Бул санлар нелерден дәрек береди?
Бул, бәринен бурын, қызларымыз, апа-қарындасларымыздың интеллектуаллық потенциалы қаншелли жоқары екенинен, егер тийисли шараят ҳәм имканият жаратып берсек, олар ҳәр қандай жоқары шоққыны ийелеўге уқыплы екенинен дәрек береди.
Әлбетте, шаңарақ жумыслары, перзент тәрбиясы менен бирге, түрли тараў ҳәм тармақларда пидәкерлик пенен хызмет етип атырған апа-қарындасларымыздың мийнетин мүнәсип қәдирлеў бәрқулла мәмлекетимиз итибарында болып келмекте.
Ғәрезсизлик жылларында 17 ҳүрметли ҳаял-қызларымыз «Өзбекстан Қаҳарманы» деген жоқары атаққа ийе болған болса, олардың жетеўи илим, билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери екенин айрықша атап өтиў керек, 11 ҳаял-қыз илим тараўындағы ең жоқары дәрежеге, яғный академик атағына ийе болғаны, мыңлаған ҳаял-қызларымыз мәмлекетимиздиң ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланып киятырғаны елимиздиң оларға жоқары ҳүрметиниң көриниси болып есапланады.
Әзиз ўатанласлар!
Ҳәммемизге белгили, бүгин дүнья жүзинде қыйын ҳәм аўыр жағдай, экономикалық кризис ҳүким сүрмекте. Бул мәмлекетимизге де өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип атырғаны тәбийғый ҳал.
Бундай шараятта социаллық тараўлар ушын бюджеттен қаржы ажыратыў, әлбетте, аңсат болып атырғаны жоқ. Бирақ, қаншелли қыйын болмасын, биз қосымша имканият таўып, социаллық тараўларды раўажландырыў, ҳаял-қызларымыздың өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратпақтамыз ҳәм бул жумысларымыз әлбетте даўам етеди. Себеби, ҳаял-қызлардың, атап айтқанда, қыз баланың оқып, жоқары мағлыўматлы болыўы, кәсип-өнер ийелеўи шаңарақ бахты, перзентлердиң камалға келиўи ушын, усы тәризде пүткил жәмийеттиң раўажланыўы ушын хызмет етеди.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Апа-қарындасларымыздың денсаўлығы, аналық ҳәм балалықты қорғаў, халқымыз генофондын беккемлеў инсан қәдирин улығлаўдың тийкарғы мәселеси болып табылады. Усы мақсетте 2023-жылы 6 миллион 500 мыңнан аслам ҳаял-қызлар медициналық тексериўден өткерилип, оларға зәрүр мәсләҳәт ҳәм әмелий жәрдем көрсетилди.
Бундай ийгиликли жумысларымыздың даўамы сыпатында Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, социаллық қорғалыўын күшейтиў ўазыйпалары айрықша белгилеп қойылды.
Бул бағдарда, мәмлекетимизде ҳаял-қызлар исбилерменлигин жаңа басқышқа көтериў, олардың бәнтлигине жәрдемлесиў мақсетинде, Сенаттың Баслығы Т.Норбоеваның басшылығында арнаўлы комиссия дүзиледи. Бул комиссия келеси жыл 8-мартқа шекем ҳәр бир аймақта «айрықша жағдай» режиминде ислеп, ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў бойынша жумысларды пүткиллей жаңаша көзқараслар ҳәм система тийкарында шөлкемлестиреди.
Бул комиссияда «Халық банки» баслығының орынбасары Г.Рашидова ҳаял-қызлардың бизнес идеяларын финанслық қоллап-қуўатлаў ушын жуўапкер болады. Сондай-ақ, Саўда-санаат палатасы, «Бизнести раўажландырыў банки» ҳәм «Микрокредитбанк»те де ҳаял-қызлар исбилерменлигине жәрдемлесиў бойынша өз алдына баслық орынбасарлары жумыс баслайды. Мине, усы басшылар ҳәр бир ўәлаят, ҳәр бир район, ҳәр бир мәҳәлледе жаңа бизнес идеяларына ийе ҳаял-қызларды анықлаў, олардың басламаларын жүзеге шығарыў, жойбарларды сапалы ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдем береди.
Ўәлаят, район, қала ҳәкимлери, ҳәкимлердиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары ҳәм белсенди ҳаял-қызлар комиссиясы менен биргеликте усы жылы 9 мың 442 мәҳәлледеги 580 мыңға шамалас жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын жуўапкер етип белгиленеди.
Бул бағдарда мәҳәллелерде шаңарақлық исбилерменлик ушын кредитлердиң кеминде 40 проценти ҳаял-қызлар усыныс еткен жойбарларға қаратылады. Усы мақсетте ҳәр бир аймақта ҳаял-қызлар ушын өнерментшилик, исбилерменлик орайлары ҳәм кластерлери шөлкемлестириледи. Усы орынларда 205 мың апа-қарындасларымыз мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге таярланады ҳәм исбилерменлик тийкарларына үйретиледи.
Сондай-ақ, «Жаслар дәптери»не киргизилген 8 мың ҳаял-қызға өз бизнесин баслаўы ҳәм мийнет қуралларын сатып алыўы ушын субсидия, 10 мыңына болса жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. 50 мың жас ҳаял-қызлар ушын маман қәнигелердиң қатнасыўында «Бизнес марафон» жойбары шөлкемлестириледи. Бул жойбар шеңберинде жүзлеген қәбилетли қызларымызға өз бизнесин жолға қойыў бойынша әмелий жәрдем бериледи.
Улыўма етип айтқанда, бир ай мүддетте ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етилип, жойбарларды әмелге асырыў ушын 15 триллион сум, соның ишинде, шаңарақлық исбилерменлик жойбарларына 6 триллион сум ажыратылады. Буннан тысқары, Саудия Арабстаны, Қатар, Япония, Қубла Корея ҳәм Германиядағы елшилеримиз ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын 100 миллион доллар муғдарында грантларды тартады.
Денсаўлықты сақлаў тараўында да бир қатар әҳмийетли илажлар әмелге асырылады. Соның ишинде, қыйын хирургиялық операция өткериўге мүтәж 2 мың ҳаял-қыз мәмлекетлик бюджет ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан емленеди.
Соның менен бирге, 1 миллион ҳәмиледар ҳаял ҳәм 1 миллион 500 мың емизиўли ана йод препараты, дерлик 6 миллион репродуктивлик жастағы ҳаял-қызлар темир ҳәм фолий кислотасы менен бийпул тәмийинленеди.
Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған 4 мың ҳаял-қызларға турақ жай ажыратылады. Усы категориядағы 3 мың ҳаял-қыз ушын қыйын медициналық операциялар бийпул өткериледи.
Елимизде «Қызлар академиясы» платформасы жаратылып, 100 мың апа-қарындасларымызға финанслық, ҳуқықый, психологиялық, репродуктивлик билим бериў жолға қойылады.
Бундай әмелий жумысларымыздың дизимин және даўам еттириў мүмкин.
Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!
Жақында Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы ҳәм оның аймақлық структуралары дүзилгенинен хабарыңыз бар. Бул болса халықтың, биринши гезекте, ҳаял-қызларымыздың машқалаларын шешиў бойынша жаңа имканиятлар ашып бермекте.
Әсиресе, «Мәҳәлле жетилиги» қурамындағы ҳаял-қызлар белсендилеринен биз үлкен нәтийжелерди күтип қаламыз. Апа-қарындасларымыздың мүшкилин жеңил етиў, машқалаларына шешим табыў, керек болса, шаңарақлық мәселелерде ҳаял-қызларымыздың жақын сырласына айланыў олар ушын биринши дәрежели ўазыйпа болыўы керек.
Дүнья жүзинде уқсасы болмаған бундай системаны енгизиўден мақсет те ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин төменги буўыннан баслап нәтийжели қорғаў екенин сиз, әзизлер, әлбетте жақсы түсинесиз. Бул, өз гезегинде, Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин қурыў жолында тасланған және бир әмелий қәдем, десек, дурыс болады.
Әзиз ўатанласлар!
Ўатанды сүйиў, оған садықлық пенен хызмет етиў, ел ушын мүнәсип перзентлер тәрбиялаў – бул дүнья жүзиндеги ең уллы ҳәм абырайлы ис болып есапланады. Меҳрибан ҳәм ақыллы, жанкүйер ҳаял-қызларымыз бул бағдарда бәрқулла пидәкерлик көрсетип келмекте.
Бизге белгили, ҳәр жылы халқымыз саны дерлик 900 мыңға көбеймекте. Быйылғы оқыў жылында 733 мың перзентлеримиз биринши классқа қәдем таслады. Ертең турмысымызға қүдиретли толқын болып кирип келетуғын мине усындай нәўқыран әўладымыз тымсалында биз Жаңа Өзбекстан дөретиўшилерин көремиз.
Сол себепли, ул-қызларымызды физикалық ҳәм руўхый бәркамал етип тәрбиялаў, оларды миллий мақтаныш, Ўатанға муҳаббат, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бәршемиздиң баслы ўазыйпамызға айланыўы зәрүр.
Бүгинги қәўетерли заманда дүнья жүзи көлеминде күшейип атырған радикализм, экстремизм, терроризм, адам саўдасы, нәшебентлик, турмысқа жеңил-желпи, тутыныўшылық кейпияты менен көзқарас сыяқлы қәўип-қәтерлерден жасларымызды қорғаў оғада әҳмийетли мәселеге айланбақта.
Пурсаттан пайдаланып, елимиздеги барлық ҳаял-қызларға мүрәжат етпекшимен.
Әзиз апа-қарындаслар, шаңарақта перзент тәрбиясына итибарды күшейтейик, бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларына кирип барайық.
Муғаллим ҳәм устазлар менен көбирек сәўбетлесип, перзент ҳәм ақлықларымыздың оқыўы, қатнасық мәселеси, минез-қулқы менен қызығайық.
Балаларымызды билимли ҳәм ақыллы, ақты қарадан ажырата алатуғын, елимизге садық, ийбели ҳәм әдепли, беккем ерк-ықрарға ийе инсанлар етип тәрбиялаў ушын бәршемиз биргеликте ҳәрекет етейик.
Биз руўхый тәрбия жумысларын енди пүткиллей жаңаша усылда алып барыўымыз керек. «Жақсылық – сүренимиз, мәрипат – қуралымыз» деген идея тийкарында бул процессти бәринен бурын, шаңарақтан, мәҳәлледен баслаўымыз керек.
Ҳәдиси шарифте айтылғанындай, «Ата-ана өз перзентине жақсы тәрбиядан басқа мийрас қалдырмайды».
Ҳүрметли апа-қарындасларымыз, тилеклес аналарымыздың жуўапкершилиги – әне, мине, усы мәселелерде айқын көринеди.
Ҳақыйқатында да, жаннан әзиз балаларымыз ҳәмме ҳәўес ететуғын тәлим-тәрбия алса, билесиз бе, жәмийетимиз қалай өзгереди?
Шешиўши әҳмийетке ийе бул ўазыйпаны орынлаўда биз бәринен бурын, сиз, әзизлерге исенемиз ҳәм сүйенемиз.
Қәдирли дослар!
Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша топланған миллий тәжирийбе халықаралық көлемде кеңнен тән алынбақта. Жәҳән банкиниң күни кеше жәрияланған индексинде Өзбекстан гендер теңлик тараўында дүнья жүзиндеги ең тез раўажланып атырған 5 мәмлекет қатарында атап өтилди.
«Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам» деп аталған бул жыллық есабатта дүньяның 190 мәмлекетиндеги жағдай 10 көрсеткиш бойынша баҳалап барылады. Жаңа индексте мәмлекетимизде мийнет қатнасықлары ҳәм шаңарақтағы зорлыққа қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылған реформалар табыслы деп табылған. Өзбекстан бул бағдарда жақсы нәтийжеге ерискени атап өтилген.
Өткен жылы Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында өткерилген абырайлы халықаралық ҳаял-қызлар форумларында да еркин аналитик ҳәм экспертлер тәрепинен әне, усы тәреплерге айрықша итибар қаратылғаны бийкарға емес.
Булардың бәршеси әлбетте, биз биргеликте қолға киргизген үлкен жетискенлик болып, бул жумысларымызды жаңа басқышқа көтериўимиз керек.
Усы жылы мәмлекетимиз және бир ири конференция – Азия ҳаял-қызлар форумына басшылық етеди. Бул конференция «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми – Ҳаял-қызлар» структурасы менен биргеликте шөлкемлестириледи.
Бул форум гендер сиясаты, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, экономикадағы қатнасыўын және де кеңейтиў бойынша нәтийжели сөйлесиў майданы болады, деп исенемиз.
Пурсаттан пайдаланып, бүгин салтанатымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин де қызғын қутлықлаймыз. Олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына шын кеўилден тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.
Ҳүрметли дослар!
Хабарыңыз бар, ҳәр жылы 8-март байрамында түрли тараўлардағы дәслепки жетискенликлери ушын уллы өзбек шайыры – Зульфияханым атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болған талантлы қызларымызды қутлықлаймыз.
Бүгинги байрам илажымыз мине, усы қызларымыз, олардың ата-аналары, устазлары ушын, умытылмас тарийхый ўақыя болып қалады, – деп ойлайман.
Сиз, әзиз перзентлеримди жоқары сыйлық пенен өз атымнан, халқымыз атынан қызғын қутлықлайман. Бундай үлкен итибарды келешекте үлкен жетискенликлер менен әлбетте ақлайсыз, – деп исенемен.
Соның менен бирге, бүгинги байрам алдынан мийнет ҳәм жәмийетлик жумысларда айрықша нәтийжелерге ерискен, жас әўладтың тәрбиясына мүнәсип үлес қосып киятырған ҳүрметли ҳаял-қызларымыздан үлкен бир топары мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды.
Бәршемиз оларды қызғын қутлықлап, келеси жумысларына жаңа табыслар ҳәм әўметлер тилеймиз.
Ҳүрметли апа-қарындаслар!
Сиз, әзизлерди бүгинги бәҳәр ҳәм гөззаллық байрамы менен және бир мәрте қутлықлайман.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық, қут-берекет тилеймен.
Ҳәр бириңизге бәрқулла шаңарағыңыз, перзент-ақлықларыңыз, елимиз ардағында болыў несип етсин!
Үлкен рахмет сизлерге!