Президент Шавкат Мирзиёев 6-март күни Ташкент ўәлаятының район ҳәм қалаларындағы имканиятларды толық иске қосыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.
Ташкент ўәлаятында 15 район ҳәм 7 қала бар. Аймақ қолайлы географиялық орында, ойпат ҳәм ўәлаятларды пайтахтымыз бенен байланыстыратуғын әҳмийетли транспорт коридорында жайласқан.
Бирақ ўәлаяттың экономикалық раўажланыўы бар потенциалға улыўма сәйкес емес. Я саўда, я жер-суў, я транспорт-транзит имканиятларынан толық пайдаланылмай атыр. Айырым көрсеткишлер бундай қолайлықлар болмаған базыбир шетки аймақлардағыдан да төмен.
Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте иске қосылмай атырған имканиятлар, бул бағдардағы немқурайдылықлар көрсетип өтилди.
Пайтахтымыз жедел раўажланып атырған ҳалда оның жанындағы ўәлаят аймақлары бул пәттен артта қалмақта. Мәселен, Ташкент, Зангиата, Қыбрай, Жоқары Шыршық районларында санаат қоңсылас жанындағы пайтахт районларына салыстырғанда бир неше рет аз. Қурылыс тараўында да усы жағдай.
Бир қатар киши исбилерменлер жумысын тоқтатқан. 29 ири кәрханада ҳәм Бекабад ҳәм Янгийўл қалаларында өндирис азайған. Ўәлаятта егислик жерлер көп бола турып, Әндижан менен дерлик бирдей көлемде өним жетистирилген.
Аймақлардың бар потенциалы дәраматқа айланбай атыр. Себеби «өсиў ноқатлары»н табыў ҳәм иске қосыў бойынша ҳәкимлерде баслама жетиспей атыр. Айырым ҳәкимлер ҳәттеки өз аймағында «төменге түспеген», исбилерменди қоллап-қуўатлаў, жумыс орынларын көбейтиўге ҳәрекет етпеген.
Мәжилисте ўәлаяттағы қала ҳәм районлардың жуўапкерлери өз жумысында өзгерис ислемесе, лаўазымға ылайық екени көрип шығылатуғыны ҳаққында ескертилди.
Мәмлекетимиз тәрепинен олар ушын барлық имканиятлар жаратылған. Бирақ ҳәмме районларда да раўажланыў бирдей емес. Атап айтқанда, Паркент, Янгийўл, Чиназ ҳәм Аққорған районларында туризм, транзит ҳәм экономикалық қолайлық көп болса да, раўажланыўдан арқада. Сол себепли, Президент тапсырмасына муўапық, олардағы ҳақыйқый жағдай, имканиятлар ҳәм исбилерменлердиң усыныслары үйренилди.
Мәжилисте усы бағдардағы таллаўлар, усы районлардың «өсиў ноқатлары» таныстырылды.
Соның ишинде, Паркент районының пайызлы орынларына алып баратуғын жолларды оңлаў, микроавтобуслардың қатнаўын шөлкемлестириў, жол бойында саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын қурыў ушын исбилерменлерге жер ажыратыў усыныс етилмекте. Паркентсай, Қызылсай ҳәм Човлисайдың қорғаў аймағын анық белгилеў ҳәм жағалықларды беккемлеў арқалы босайтуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыў да мүмкин.
Янгийўл районында «жойбар ислеймен, инвестиция алып келемен», деген исбилерменлер оғада көп. Бирақ жойбарлар ушын жер табыў машқала. Сол себепли ҳәзирги ўақытта бос турған имаратта азық-аўқат ҳәм гигиена өнимлерине қәнигелескен киши санаат зонасын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Чиназ районында саўда-кеўилашар комплекс ҳәм заманагөй балық базарын қурыў, жол бойында саўда ҳәм хызметлерди кеңейтиў, шаңарақларда ыссыханаларды көбейтиў сыяқлы иманиятлар есап-санақ етилген.
Аққорғанда санаат раўажланбағаны себепли көплеген ҳаял-қызлар Ташкент қаласы ҳәм басқа да районларға қатнап, тоқымашылық кәрханаларында жумыс ислемекте. Усындай кәрханаларды райондағы бос имаратлар орнында шөлкемлестириў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы районлардың экономикасын жетилистириў бойынша илажларды көрсетип өтти. Жуўапкерлерге ўәлаяттың барлық аймақларын усындай таллап, қосымша «өсиў ноқатлары»н анықлаў, дәрамат дәреклерин көбейтиў ўазыйпасы қойылды.
Бул бағдарда бир қатар режелер де бар. Атап айтқанда, Аҳангаран районында Өзбекстан – Венгрия санаат зонасы шөлкемлестирилип, 100 миллион доллар муғдарында жойбарлар жайластырылады. Ангрен еркин экономикалық зонасында турмыслық техника, металл прокат, мийўе-овощты қайта ислеў бойынша 400 миллион доллар муғдарында, «Элтех индустриал» технопаркинде 260 миллион доллар муғдарында жойбарлар әмелге асырылады.
Мәжилисте тиккелей сырт ел инвестицияларын тартып, экономикалық-социаллық жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды. Пайтахттағы санаат кәрханаларын басқышпа-басқыш қаладан тысқарыға көшириў режелестирилгени, бул Ташкент ўәлаяты ушын үлкен имканият екени атап өтилди.
Өзин-өзи бәнт еткен инсанлардың киши бизнеске өтиўи, жумысын тоқтатқан исбилерменлердиң жумысын және тиклеўине жәрдем бериледи. Қыйтақ жерлерде Чиназ тәжирийбеси бойынша ықшам ыссыханалар, кооперация тийкарында өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў комплекслери шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, усы жылы жергиликли ҳәм сырт елли туристлердиң санын 5 миллионға, туризмде экспортты кеминде 300 миллион долларға жеткериў илажлары бойынша пикир алысты.
Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды кәсипке оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
ӨзА