Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А. Орынбаев қала ҳәм районлардағы ҳәким жәрдемшилери менен ушырасты.

Онда бүгинги күнде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, жол қойылған кемшиликлер ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды.

Атап өтилгениндей, 2023-жыл даўамында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша бир қатар жумыслар əмелге асырылды. Нәтийжеде мәҳәллелерде жаңадан исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилип, бул халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Деген менен, айырым орынлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен өз жумысына немқурайдылық пенен қараў жағдайлары да ушыраспақта. Ушырасыўда өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойған бир қатар ҳәким жәрдемшилериниң жумыслары сынға алынды. Соның менен бир қатарда, халқымыздың бүгинги күннен разылығын тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлерин иске түсириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.


Ушырасыў соӊында өзине бириктирилген аймағында жоқары нәтийжелерге ерискен, жумыс орынлары жаратылыўына жәрдем берген ҳәким жәрдемшилерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ көкирек белгиси ҳәм Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги