Президентимиздиң басшылығында өткерилген кеңейтилген мәжилислерде  макроэкономикалық ҳәм экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, инвестиция ҳәм экспорт көлемин арттырыў, санаат, аўыл хожалығы,  турақ жай ҳәм коммунал хожалығы, қурылыс, транспорт, экология ҳәм социаллық тараўларда 2024-жылда әмелге асырылыўы тийис болған тийкарғы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм бағдарлар белгилеп берилди.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Кеңеси ҳәм Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң жумысшы топарлары орынларда үйрениўлер алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатларынан ибарат жумысшы топар ағзаларының шөлкемлестириў мәжилиси болып өтти. Онда топарлар тәрепинен Елликқала, Нөкис ҳәм Беруний районларына шыққан ҳалда аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыў жағдайын үйренип барыў мақсетинде тараўлар кесиминде ислеп шығылған сораўнамалар бойынша үйрениўлер алып барыўға келисип алынды.

Жумысшы топар тәрепинен аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыў жағдайын ҳәр айдың соңғы ҳәптесинде мониторинг етиў, мәмлекетимизди быйылғы жылда раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша белгилеп берилген ҳәр бир ўазыйпаның мазмун-мәнисин орынларда түсиндириў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм бул бағдарда жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жумыссызлық дәрежесин азайтыў, базар экономикасы қатнасықлары шараятында социаллық-экономикалық реформаларды тереңлестириў нәтийжесинде қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў механизмлерин ислеп шығыў ҳәм басқа да мәселелер атап өтилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатларынан ибарат жумысшы топар өз жумысларын Елликқала районынан баслады. Дәслеп райондағы турақ жай ҳәм коммунал хожалығы, қурылыс ҳәм транспорт тараўларындағы ўазыйпалардың орынланыўы үстинен  парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша қурылыс тараўында коррупцияның алдын алыў, ашық-айдын ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў бағдарында “Шаффоф қурилиш”, мәмлекеттиң бюджет есабынан сатып алыўларды әмелге асырыўға мөлшерленген “Е-омбор”, сондай-ақ қурылыс материалларының   классификаторы,  қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыўда жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў ҳәм даўыс бериў механизмин енгизиўге қаратылған “Менинг ҳудудим” платформаларын иске қосыў бойынша жумыслардың жағдайы ҳәм олардың нәтийжелилигин үйрениў мақсетинде Елликқала аўыл пуқаралар жыйынындағы жаңа массивте қурылыс жумысларының  сапасы үйренилди.

Жаңа массивте  быйылғы жылы 10 көп қабатлы турақ жайдың қурылысы режелестирилген болса, соннан 6 турақ жайдың қурылыс жумыслары алып барылмақта. Жумысшы топар ағзалары “Ақшакөл” аймағында туристлик рекреационлық аймақ ҳәм инфраструктура қурыў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен танысты. Бул жумыслар “Қирққиз махсус қурилиш” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен алып барылмақта.

Кейинги мәнзилде үй қапталы қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып атырған “Сахтиён” посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы  шаңарақлар менен танысты. Атап айтқанда, қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыў, жылына үш мәрте өним алыўға ерисиў, усы арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, өним жетистириў көлемин көбейтиў жумыслары көрип шығылды. Орынларда ыссыханаларды шөлкемлестириў, усы арқалы жумыс орынларын көбейтиў  илажлары менен жақыннан танысыў мақсетинде аймақтағы “Умидбек-Одилбек” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ашылған лимон жетистириўге қәнигелестирилген ыссыхана жумысы менен жақыннан танысты. Кәрхана баслығы Рашид Кулиевтың атап өткениндей, 3,1 гектар ыссыханадағы жумыслар Қытай технологиялары тийкарында алып барылады. Бул шыпабағыш өнимге ишки базарымызда талап күшли.

Депутатлар ыссыхана жумыслары менен танысып, өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Жумысшы топардың  орынларда үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги