Қараөзек районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан болып, онда оқыўшылар тийкарынан қазақ тилинде оқытылады.

Мектепке дерлик 17 жылдан аслам ўақыттан бери тәжирийбели педагог «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы»  Пәрўазхан Утениязова директорлық етип келмекте.

Соңғы жыллары барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў саласына да қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжесинде, бул оқыў дәргайында да оқыўшылардың заман талабына сай оқып билим алыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилди. Буның нәтийжесинде педагог хызметкерлердиң оқыўшыларға жаңа педагогикалық технологиялардан пайдаланған ҳалда сабақ өтиўине кең имканиятлар жаратылды.

-Ҳәзирги ўақытта мектебимизде 220 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта,-дейди бизге мектеп директоры Пәрўазхан Утениязова.- Муғаллимлеримиздиң оқыўшылар менен тығыз бирге ислесиўи, оларға жалықпастан тыянақлы билим берилиўи нәтийжесинде, шәкиртлеримиз пәнлер олимпидасы ҳәм спорт жарысларына белсене қатнасып, онда сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Атап айтатуғын болсақ, 11-класс оқыўшысы Нилуфар Тилеўмуратова мәмлекетлик тил есапланған қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша өткерилген пәнлер олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышында 2-орынды ийелеўге миясар болды. Ал, және бир талантлы оқыўшымыз Ринат Хожамуратов Алмата қаласында жас ақынлар арасында өткерилген «Мениң пирим Сүйинбай» халықаралық таңлаўында арнаўлы номинация жеңимпазы болған болса,  Қанат Таңбаев қылышпазлық бойынша оқыўшылар арасында өткерилген паралимпия жарысында Өзбекстанда гүмис медальды жеңип алыўға еристи. Әлбетте, оқыўшыларымыздың бул жетискенликлери өз-өзинен болмады. Бунда мектепте оқыўшылардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлар менен бирге, тәжирийбели педагог хызметкерлеримиз ҳәм жас муғаллимлеримиздиң де ислеп атырған мийнети айрықша болмақта. Әсиресе, усы жылдың 1-февраль күни қабыл етилген «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы мектебимиздиң педагогларына үлкен жуўапкершилик ҳәм исеним жүклемекте. Алдағы ўақытлары өзлеримизге билдирилген усы исенимди толық ақлаў ушын жумыс ислей беремиз.

Ҳақыйқатында да, қай жерде жумыс ислеў ушын қолайлы шараят ҳәм беккем тәртип интизам болса, сол жумыста табыс болады. Буны «Қойбақ»лы оқыўшылар мысалында және бир мәрте көргендей болдық.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги