Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-февраль – 1-март күнлери Хорезм ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапарының екинши күни Үргенш қаласында Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша гезектеги ўазыйпалар талқыланыўы бойынша мәжилис болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, халыққа мүнәсип шәраятлар жаратыў, бәнтликти тәмийинлеў ушын барлық күш ҳәм имканиятлар жумсалып атырғанын атап өтти.

Атап айтқанда, соңғы 7 жылда Хорезмде 600 мың жумыс орны жаратылған. Бүгин ўәлаяттың жалпы өними көлеми 37 триллион сумға, халық жан басына 19 миллион сумға жеткен.

Усы менен бирге, барған сайын өзгерип баратырған заман, адамлардың талап ҳәм қәлеўлери жаңа-жаңа ўазыйпалар қоймақта. Мәжилисте усы бағдардағы ис-илажлар, ўәлаяттағы резервлерди иске салыў бойынша жаңа имканиятлар белгилеп алынды.

Хорезмде киши ҳәм орта бизнести және де қоллап-қуўатлаў ушын жеңилликли шәртлерде 100 миллион доллар ажыратылыўы мәлим етилди. Усының есабынан 5 мың 500 исбилерменге жәрдем берип, 50 мың турақлы жумыс орнын ашыў мүмкинлиги айтылды.

Экономикадағы тийкарғы ўазыйпалардан бири – ўәлаятта санаатты раўажландырыў. Буның ушын ең әҳмийетли факторлар мәмлекет тәрепинен шешип берилмекте.

Күни кеше Әмиўдәрья үстинде күнине 12 мың автомобиль, 24 поезды өткериў қуўатына ийе үлкен көпир ашылды. Бул транспорт байланысларын жақсылап, жүк тасыў қәрежетлерин кемейтип, бизнес ҳәм хызметлер раўажына қосымша түртки береди.

Санаат ушын турақлы энергия дереклери де зәрүр. Сол мақсетте Топыраққала райоынында Францияның «Voltalia» компаниясы менен биргеликте 100 мегаваттлы қуяш электр станциясының қурылысы басланды. Ол жыл жуўмағына шекем иске түседи.

Сондай-ақ, Хорезмде баҳасы 10 миллиард долларлық ири газ-химия комплексин қурыў бойынша алдыңғы сырт ел компаниялары менен сөйлесиў алып барылмақта. Бул жойбар иске түссе, 3 мың жумыс орны жаратылады, жылына 2,5 миллион тонна жоқары баҳалы полимерлер ислеп шығарылады.

Санаат жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў илажлары белгиленди. Атап өтилгениндей, Хорезмге Санаатты раўажландырыў қорынан 100 миллион доллар бериледи.

Бизнести раўажландырыў банки тәрепинен киши ҳәм орта санаат жойбарларына 1,5 миллиард сумға шекем 18 проценттен 7 жыл мүддетке кредитлер бериледи.

Буннан тысқары, 1-апрельден баслап, импорт үскенелер, зәрүрли бөлеклер ҳәм шийки зат 5 жылға бажыхана төлеминен азат етиледи, қосымша қун салығын 180 күнге кешиктирип төлеўге рухсат бериледи. Жергиликли жойбарларға алынған кредит процентиниң 10 процент бәнти қаплап бериледи.

Мәмлекетлик мүлк ҳәм жер участкаларын меншиклестириўде 5 жыл ишинде бөлип-бөлип төлеў имканияты жаратылады. Экономикалық ҳәм санаат зоналарында алған миннетлемесин орынлаған исбилерменлер жер ҳәм имаратты меншиклестириўи мүмкин болады. Экспортшыларға басқа ўәлаяттан шийки зат жеткерип бериў ушын жол қәрежетлериниң 50 проценти қапланады.

2020-жылы үш банктиң қатнасыўында дүзилген инвестиция компаниясы трансформация етилип, оған исбилерменлерге 30 процентке шекем үлеске ийе болып кириў ўәкиллиги бериледи.

Хазарасп еркин экономикалық зонасынан нәтийжели пайдаланып, санаат жойбарларын жайластырыў, Үргенш районында Технопарк қурыў ўазыйпасы қойылды.

Дамас ҳәм Лабо автомобильлери ҳәм олардың аўысық бөлеклер ислеп шығарыў көлемин асырыў, жип-келепти қайта ислеў дәрежесин 60 процентке жеткериў, фармацевтика өнимлерин көбейтиў имканиятлары көрсетип өтилди.

Улыўма, жыл жуўмағына шекем ўәлаятқа 1,5 миллиард доллар қаржы, соннан 1 миллиард доллар сырт ел инвестиция алып келип, 600 миллион доллар экспортты тәмийинлеў мүмкинлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Буның ушын 11,5 триллион сум кредит бағдарланады, ҳәр бир район ҳәм қаланы комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды.

Хорезмде Қытай тәжрийбеси тийкарында «үй санааты» раўажландырылады. Мәселен, Бағат, Янгиариқ, Янгибозор, Қўшкўпир ҳәм Үргенш районларында жүн ҳәм пиллени қайта ислеў, Хазарасп, Хийўа, Топыраққала ҳәм Ҳанқада гилем тоқыў ғалабаласқан.

Бул бағдарлар қоллап-қуўатланып, жипекшилик ҳәм гилемшилик кооперациялары шөлкемлестириледи. Үйлерде ықшам үскенелер орнатыў ушын 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады.

Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде бул жыл 5 мыңға үйде интенсив усылда балық бағыў, 4 мың 400 үйге тигиўшилик, қус, шарўа, пал ҳәрреси ҳәм бағшылық бойынша финанслық жәрдем бериледи.

Хорезмниң тийкарғы драйверинен бири туризм. Оны және де раўажландырыў бойынша 3 жыллық бағдарлама қабыл етилиўи белгиленди.

Туристлерге бир жыл даўамында шеклеўсиз Хорезмге кириў ушын «Өзбекстан – мениң екинши үйим» виза системасы енгизиледи. Үргенш қаласында «Ләзги» ҳәм «Авесто» музейи қурылады. Мийманхана ҳәм дем алыў орынлары қурыў, бар орынларды көбейтиў ушын жеңилликли кредитлер бериледи.

Бул арқалы Хорезмге сырт ел туристлери ағымын 1 миллионға, жергиликли туристлерди 4 миллионға жеткизип, 20 мың жумыс орны жаратыў имканияты пайда болады.

Хызметлер тараўының раўажланыўы ушын транспорт инфраструктурасын жақсылаў зәрүр. Сол себепли Үргенш ҳәм мәмлекетимиздиң басқа қалаларына авиабилет баҳасын арзанлатыў ушын 30 миллиард сум субсидия бериледи. Авиақатнаўлар көбейтиледи.

«Үргенш – Хийўа» троллейбус қатнаўының аралық ўақты қысқарады, Үргенштен Хийўа ҳәм Ҳанқаға электробус қатнаўы қойылады.

Мәжилисте аўыл ҳәм суў хожалығындағы ўазыйпалар да көрсетип өтилди. Қытай ҳәм басқа мәмлекетлерден шор топыраққа шыдамлы пахта сортларын алып келип, жетистириў зәрүрлиги атап өтилди. Үргенш қаласында егин сортларын сертификатлаў лабораториясы, ҳәр бир районда 40 тан киши суўытқыш база қурыў бойынша тапсырмалар берилди.

Салыгершиликте де илимий қатнасларды енгизиў ўақты келген. Бул бағдарда Филиппиннен алып келинген кебирге шыдамлы сортларды Хорезм шараятына сәйкеслеў, Қубла Корея менен бирге ислесиўде салы туқымгершилиги кәрханасын шөлкемлестириў зәрүрлиги айтылды. Салыгершиликте зүрәәтлиликти 150 центнерге шығарған дийқанларға өниминиң ярмын экспорт етиўге рухсат бериў усыныс билдирилди.

Шарўашылық, қусшылық, балықшылықты кеңейтиўге де жаңа имканиятлар белгиленди.

Ташсақа каналын тиклеў жойбарының 2-басқышы, каналларды бетонлаў ислериниң барысы көрип шығылды. 11 мың гектарда суў тежейтуғын технология енгизиў, 42 мың гектарды лазерли тегислеў, насос станцияларын технологиялық жаңалаў тапсырмалары берилди.

Турақ жай ҳәм мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бул жыл 119 көп қабатлы үй қурылып, 3,5 мың шаңарақтың жасаў шараяты жақсыланады. Хазарасп, Шават ҳәм Үргенш районында «Жаңа Өзбекстан» массивлери қурылады.

Электр тармақлары, подстанция ҳәм трансформаторларды жаңалаў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылады. Ўәлаяттағы 233 километр жол оңланады. 322 мәҳәлледе ишки жоллар жақсыланады.

Хорезмдеги жоқары билимлендириў орынларында сырт ел бағдарламалары енгизилип, студентлердиң халықаралық қәнигелик алыўы тәмийинленеди. Емлеўхана ҳәм поликлиникаларда тәкирарланатуғын ўазыйпалар оптималластырылады. Еситиўде нуқсаны бар 500 бала кохлеар аппараты, және 2 мың еситиў үскенеси менен тәмийинленеди.

Улыўма, мәжилисте белгиленген илажларға 1,1 миллиард доллар ҳәм 10 триллион сум қаратылыўы атап өтилди.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы Үргенш қаласындағы Жалалиддин Мангуберди атындағы әскерий-академиялық лицейин барып көрди.

Билимлендириў орны 2023-2024-оқыў жылынан өз жумысын баслаған. 300 орынлы заманагөй имарат жаслардың тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шәраят жаратылған. Олар бул жерде анық пәнлер бағдарында еки жыл билим алады.

Оқыў ханалары ең соңғы маркадағы мультимедиа ҳәм коммуникация қураллары менен үскенеленген. Лицей мәлимлеме-ресурс орайында 7 мыңнан аслам оқыў ҳәм әдебий китаплар, 11 мыңнан аслам электрон әдебиятлар бар. Ол ўәлаяттағы жоқары билимлендириў орынлары ҳәм Әлийшер Наўайы атындағы Өбекстан Миллий китапханасы тармағына жалғанған.

Сондай-ақ, бул жерде Жалалиддин Мангуберди музейи, жабық түрдеги спорт зал ҳәм ашық майдандағы спорт комплекси, сапқа турыў майданы, асхана ҳәм жатақхана бар.

Оқыўшылар сабақтан тысқары оннан артық пән, мәлимлеме технологиялары, дөретиўшилик дөгереклер ҳәм спорт шынығыўларында қатнасады. Бийпул кийим-кеншек, төрт мәҳәл ыссы аўқат пенен тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги билимлендириў процесслери менен танысты. Оқытыўшы ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлести. Жалалиддин Мангубердиниң ўатансүйиўшилиги, мәртлиги жас әўлад ушын үлги екенлиги атап өтилди.

– Бул жерде анық пәнлердиң оқытылыўы жақсы. Сол менен бирге, сабақ процесслеринде ўатансүйиўшилик тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, қәдириятларымызды да үйретиў лазым. Сондай болыўы керек, миллий рўҳ ҳәм мақтаныш жаслардың ең күшли қуралы болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Әскерий-жаўынгерлик қүдирет, жоқары мәнаўый потенциал ўатан қорғаўшыларының әҳмийетли таянышы екенине пәт берилди.

Лицей Үргенш мәмлекетлик университети ҳәм Шыршық жоқары танк командирлик-инженерлик билим журты менен бирге ислесиў орнатқан. Сондай-ақ, Үргенш қаласындағы 3-улыўма билимлендириў мектеби оқыўшылары менен әскерий-ўатансүйиўшилик илажлары, спорт жарыслары өткерип келинбекте. Бул басламаны басқа мектеплер менен де кең көлемде шөлкемлестириў режелестирилген.

Усы менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА