Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң қәнигелери тәрепинен суўғарыў мәўсиминен алдын орынларда насос станцияларының мәўсимге таярлығы, суўды үнемлеў мәселелерине бағышланған семинарлар өткерилип, түсиник жумыслары алып барылмақта.

Кегейли районында жайласқан «Шортан ата» насос станциясында электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў, үнемлеў ҳәм насос станциялары агрегатларын сапалы оңлаў мәселелерин додалаўға бағышланған семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң бас қәнигеси О.Палўанов, Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жуўапкерлери ҳәм Нөкис-Кегейли бөлиминде жайласқан насос станцияларының басшылары, жумысшы-хызметкерлери қатнасты.

Көргизбели семинар тәризинде өткерилген илажда жуўапкерлер тәрепинен насос станцияларында электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм үнемлеў мәселелери бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Басқарманың энергетика бөлиминиң баслығы Ж.Толеубаев 2024-жылы басқарма тәрепинен 7 жаңа насос, 6 электродвигатель, 20 конденсатор, 1 частота өзгертиўши қурылма, 2 қуяш батареясы ҳәм 130 светодиод лампаларын орнатыў режелестирилгенин атап өтти. Нәтийжеде, 1052 мың кВт электр энергиясының үнемлениўи күтилип атырғанын айтып, усы ўазыйпаларды өз мүддетинде орынлаўдағы ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Семинар даўамында насос станцияларында алып барылып атырған оңлаў жумыслары барып үйренилди.

Сондай-ақ, насос станцияларының жанынан жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў ҳәм шарўа маллары, қус ҳәм қоянларды бағыў ҳәм жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша алып барылып атырған жумыслар да додаланып, жуўапкерлерге керекли усыныс ҳәм тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги