Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдыӊ әҳмийетли ўазыйпаларына бағышланып өткерилип атырған мәжилисте атап өтилди.
Импорт үскенелер, аўысық бөлек ҳәм шийки зат 5 жылға бажыхана төлеминен азат етиледи, қосымша қун салығын 180 күнге кишиктирип төлеўге рухсат бериледи.
Жергиликлилестириў жойбарларына алынған кредит процентиниӊ 10 процент бәнти қаплап бериледи, мәмлекетлик мүлк ҳәм жер участкаларын меншиклестириўде 5 жыл ишинде бөлип-бөлип төлеў имканияты жаратылады.
Сатылған көшпес мүлк ушын төлем 3 айдан әмелге асырылғанда 25 процент шегирме бериледи. Экономикалық ҳәм санаат зоналарында алған миннетлемелерин орынлаған исбилерменлер жер ҳәм имаратты меншиклестириўи мүмкин болады.
Экспортшыларға басқа ўәлаяттан шийки зат жеткерип бериў ушын жол қәрежетлериниӊ 50 проценти Экспорт қорынан қаплап бериледи.
ӨзА