Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларына бағышланған мәжилис болып өтпекте.

Кеше Президент сырт елли инвесторлар менен ушырасып, олардың 700 миллион долларлық жойбарлары менен танысты. Сондай-ақ, жергиликли исбилерменлердиң де 200 миллион доллар инвестиция киргизиў усыныслары көрип шығылды.

Санаат ушын дәслеп турақлы энергия дәреклери зәрүр.

Басқа да ўәлаятлардағы сыяқлы Хорезмде де кеше Францияның белгили «Вольталиа» компаниясы менен биргеликте биринши рет 100 мегаваттлы қуяш электр станциясының қурылысына старт берилди.

Президентимиз жыйналғанларға және бир әҳмийетли хабарды мәлим етти.

Хорезмде баҳасы 10 миллиард доллардан аслам ири газ-химия комплексиниң жойбарын жаратыў бойынша дүньяның усы тараўда ең алдынғы компаниялары менен сөйлесиў басланғаны атап өтилди.

Бул жойбар иске қосылса, 3 мың жумыс орны жаратылады, жылына 2,4 миллион тоннадан жоқары қосымша баҳалы полимерлер ислеп шығарылады. Бул тек ғана Хорезм ушын емес, ал республикамыз санаатының флагманы болады.

ӨзА