Президент Шавкат Мирзиёев 29-февраль күни экономика тармақлары, социаллық тараўлар ҳәм мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар менен танысыў, жаңа объект ҳәм жойбарларды иске қосыў ушын Хорезм ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районына барып, жаңа көпирдиң ашылыў мәресиминде қатнасты.

Бул үлкен экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе стратегиялық имарат болып есапланады. Президентимиз бул ҳаққындағы басламаны 2020-жыл 13-декабрь күни Хорезм ўәлаятының белсендилери менен ушырасыўында алға қойған еди. Буннан кейин пуқта жойбар ислеп шығылып, үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Мәмлекетимиз басшысы оның қурылысын еки рет келип көрди.

29-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты белсендилериниң қатнасыўында жаңа көпирдиң салтанатлы ашылыў мәресими болды.

Президент дәслеп поездда ҳәм автомобильде жүрип, көпирдиң сапасын көзден өткерди. Жәмийетшилик қатнасыўындағы мәжилисте бул жойбардың нәтийжелилигин, халықтың турмысындағы әҳмийетин атап өтти.

– Аралбойы регионын, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў, бәринен бурын, экологиялық кризис ақыбетлерин жумсартып, қыйын жағдайда жасап атырған халқымызға қолайлы шараятлар жаратыў мәмлекетимиздиң раўажланыў стратегиясының баслы мақсетлеринен бири болып есапланады. Бурын да айтқанымдай, Қарақалпақстанның тәғдири – бул Өзбекстанның тәғдири, қарақалпақ халқының бахты ҳәм абаданлығы – бул – пүткил Өзбекстан халқының бахты ҳәм абаданлығы болып есапланады. Бүгин мине, усы ийгиликли мақсетти әмелге асырыў жолында және бир үлкен қәдем қоймақтамыз – деди Шавкат Мирзиёев.

Көпир қурылған жер елимиздиң ең шетки аймақларынан бири болып есапланады. Усы ўақытқа шекем адамлар өткен әсирдиң елиўинши жылларында алып келинген ески понтон көпиринен пайдаланып келетуғын еди. Ҳәр бәҳәрде муз ерип, дәрьяда суў көбейиўи менен ол қатты зыянланатуғын еди. Бул дәрьяның еки тәрептеги халқына оғада көп қыйыншылықлар туўдыратуғын еди.

Мәселен, Әмиўдәрья районының халқы автомобильде Нөкиске барыў ушын Үргенш ҳәм Беруний арқалы жүриўге мәжбүр еди. Буның ушын қосымша 180 километр жол жүриўге туўра келетуғын еди. Поездда болса Хорезмниң шығыс тәрепиндеги Хазарасп көпиринен өтип келинетуғын еди.

Жаңа көпир себепли бул қыйыншылықлар сапластырылды, халықтың узағы жақын болады. Ол арқалы Қарақалпақстан менен Хорезмди байланыстыратуғын ең жақын автомобиль ҳәм темир жол қатнаўы жолға қойылады.

Көпирдиң узынлығы 423 метр. Оның менен бирге Шават – Қараөзек бәндиргилерин байланыстыратуғын 85 километр темир жол ҳәм 3 вокзал да қурылды.

Бул имарат нәтийжесинде жолдың өткериў қәбилети 4 есеге артып, бир кеше-күндизде 12 мың автомобиль ҳәрекетленеди. Нәтийжеде 48 мың жолаўшының 2 саат ўақты үнемленеди ҳәм дәрьядан қәўипсиз өтиўи тәмийинленеди.

Көпир еки тәрепке қарап 24 жуп поездын өткериў имканиятына ийе болып, бул арқалы темир жол аралығы 180 километр, жүк тасыў тезлиги болса 6 саатқа шекем қысқарады. Бул болса жергиликли жүклерди тасыў көлемин жылына 2 есеге арттырыў, тасыўдың өзине түсер баҳасын 2 есеге азайтыў имканиятын береди. Бул темир жол арқалы Қазақстан ҳәм Россияға да жаңа жөнелислер ашылады.

Сондай-ақ, Қараөзек кәнлеринен тас енди поездларда тасылыўы есабынан Аралбойы регионындағы 4 миллион халық ҳәм туристлерге хызмет көрсетиўши автомобиль жоллары сапалы сақланады. Буннан ҳәм халық, ҳәм исбилермен, ҳәм туристлер үлкен пайда табады.

– Биз биргеликте қурылған бул саўлатлы көпир тек ғана гезектеги инфраструктура имараты ғана емес. Бул көпир, бәринен бурын, өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасындағы беккем исеним ҳәм дослық, аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиў көпири болып есапланады. Бул жол дүнья жүзине ашылып атырған Жаңа Өзбекстан, Жаңа Қарақалпақстанның раўажланыў ҳәм абаданлық жолы болып есапланады. Мине, усы ески дәрьяның еки жағасында, усындай жақты күнлерди нийет етип жасап киятырған мыңлаған ўатанласларымыздың үмитлери жүзеге шыққаны тарийхый күн бәршемизге мүбәрек болсын, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы аўыр климат шараятында пидәкерлик пенен мийнет еткен шебер қурылысшыларға, жойбарлаўшы ҳәм инженерлерге, көпирди қурыўға мүнәсип үлес қосқан барлық инсанларға миннетдаршылық билдирди. Халыққа қолайлық жаратыўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, усы жылы Бухара – Үргенш – Хийўа, келеси жылдан Мискин – Нөкис темир жолы электрлестириледи. Нәтийжеде Хийўа ҳәм қалаларына тезжүрер поездлар қатнаўы жолға қойылады. Бул аймақлардағы халықтың мәмлекетимиздиң басқа да қалаларына барып-келиўи аңсатласады. Бул жойбарлар есабынан транспорт қәрежетлери 2 есеге қысқарып, жолаўшы тасыў 30 процентке артады.

Улыўма етип айтқанда, бундай ири жойбарлар Қарақалпақстан ҳәм Хорезмниң экономикалық потенциалының артыўы, инвестициялық ағымы ҳәм жумыс орынларының көбейиўи, халық дәраматларының өсиўине хызмет етеди.

Мәресимде шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз турмысындағы усы тарийхый бир ўақыя мүнәсибети менен бәршени қутлықлап, Аралбойы раўажланыўына итибары ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев «Хива кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тоқымашылық кәрханасының жумысы менен танысты.

Мәмлекетимизде шийки затты терең қайта ислеп, қосымша қун жаратыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Атап айтқанда, агросанаатта кластерлер тәрепинен заманагөй кәрханалар қурылып, таяр өнимлер ислеп шығарыў кеңеймекте.

«Хива кластер» ҳәм Хийўа районында усындай фабрика шөлкемлестирилди. Түркия, Германия ҳәм Қытайдан алдынғы үскенелер алып келинип орнатылды. Өткен жылы ноябрьде иске қосылған кәрханада 500 адамның бәнтлиги тәмийинленди.

Кәрхана жылына 7 мың тонна ийрилген жип, 4 мың тонна трикотаж гезлеме, 10 миллион дана тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Ең әҳмийетлиси, олардың сапасы халықаралық стандартларға жуўап береди. Сол себепли ислеп шығарылып атырған өнимлер толық экспортқа қаратылады. Кәрхананың жыллық экспорт потенциалы 15 миллион доллар әтирапында.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги өндирис процесин көзден өткерди, тигиўши ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Экономика тармақларындағы бүгинги тенденциядан келип шығып, бул кәрханада да энергияны үнемлеўге итибар қаратылған. Мәселен, гүз-қыс айларында ханалар өндирис процесинде пайда болатуғын ыссы суў жәрдеминде ысытылады. Нәтийжеде үлкен муғдардағы тәбийғый газ үнемленеди. Сондай-ақ, комплекс төбелерине улыўма қуўатлылығы 60 кВт болған қуяш панеллери де орнатылған. Булардың есабынан өнимниң өзине түсер баҳасы бәсекилеслерге салыстырғанда төмен болмақта.

Кәрханада сырт елли бирге ислесиўшилердиң талабына тийкарланып сапа қадағалаўы, кәсип үйретиў орайы шөлкемлестирилген. Шығындыларды қайта ислеп, пайдаланыў да жолға қойылған.

Тоқымашылық кластери өткен жылы дерлик 20 мың тонна пахта шийки затын жетистирген. Буннан 1 мың 545 гектарда тамшылатып суўғарыў жолға қойылған.

Улыўма етип айтқанда, кластер тәрепинен 2018-2023-жылларда 105 миллион доллар муғдарында жойбарлар әмелге асырылып, жыллық 50 миллион доллар муғдарында экспорт қуўатылылғы жаратылған. Кластер системасында жәми 800 ден аслам жигит-қыз жумыс ислемекте. Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта басқа да кәрханалар менен биргеликте май, сабын, мәйек, сүт өнимлери, аяқ-кийимлер сыяқлы 20 ға шамалас товарлар ислеп шығарылмақта.

Президентимиз усы кластер системасындағы перспективалы режелер менен де танысты. Соның ишинде, жаңа жойбарлар есабынан пахта жетистириў ҳәм өндирис көлемин арттырыў, қосымша баҳалы өнимлер алыў, киши көлемли жүк машиналарын локализациялаў мөлшерленген. Сондай-ақ, жақын жылларда шығындысыз өндириске өтиў режелестирилген.

Кластер бул перспективалы жойбарларды әмелге асырыў арқалы 10 мыңнан 30 мыңға шекем жумыс орнын жаратыўды мақсет етип алған.

Мәмлекетимиз басшысы Хорезм ўәлаятында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған инвестиция жойбарларының презентациясы менен де танысты.

Ўәлаятта сырт елли инвесторлар менен биргеликте машина қурылысы, қала қурылысы, химия, тоқымашылық, қурылыс материаллары, медицина, азық-аўқат сыяқлы әҳмийетли тармақларда улыўма баҳасы 1,5 миллиард доллар муғдарында онлаған жойбарлар ислеп шығылған. Презентацияда соннан улыўма баҳасы 660 миллион доллар муғдарынан аслам 18 жойбар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Атап айтқанда, жүк электромобильлери, аккумуляторлар ушын никель сульфат, архитектура айналары, шийше ыдыслар, қурылыс материаллары, лак-бояўлар ҳәм гезлеме ислеп шығарыў сыяқлы жойбарлар аймақ экономикасының раўажланыўына үлкен үлес қосып, мыңлаған жумыс орынларын жаратыўы менен әҳмийетли. Мийманхана, емлеўхана, кеўилашар орынлар ҳәм жоллар қурыў, экотуризмди ҳәм балықшылықты раўажландырыўға қаратылған жойбарлар халық абаданлығының артыўына хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы олардың интакерлери болған сырт елли инвесторлар ҳәм жергиликли исбилерменлер менен сәўбетлести. Жойбарлардың экономикалық нәтийжелилиги ҳаққында пикир алысып, оларды жеделлестириў, исбилерменлерге қосымша шараят жаратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Хийўа районындағы Истиқлол мәҳәллесине барды.

Мәҳәлледе 3 мың 200 ге шамалас халық жасайды. Бул жерде 10 өндирис кәрханасы, 30 ға шамалас хызмет көрсетиў шақапшасы, жанындағы аймақта фермер хожалықлары бар. Адамлар тийкарынан исбилерменлик ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланады.

Жақында мәҳәлле уйымының имараты оңланып, толық үскенеленди. Аймақтағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, мектеп ҳәм медицина орнында барлық шараят жаратылған.

Мәҳәлле белсендилери Президентимизге адамлардың турмыс тәризи, дәраматы, жаслардың табысы ҳаққында айтып берди. Мәҳәлледе жумыссыз халықты турақлы ҳәм мәўсимлик жумысларға жайластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Социаллық дәптерлерге киргизилген пуқаралар менен индивидуал ислесиў системасы нәтийже бермекте. Жумыссызларға дийқаншылық ушын жер бериў тәжирийбесиниң Хорезм ушын әҳмийети үлкен екени айтылды.

Өзбекстан Президентиниң 2023-жыл 21-декабрьдеги пәрманына муўапық, мәҳәлле институтының жәмийетимизде ҳәм халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатындағы роли арттырылды. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, профилактика инспекторы, салықшы ҳәм социаллық хызмет хызметкеринен ибарат «мәҳәлле жетилиги» шөлкемлестирилди.

Усы система ўәкиллери менен сөйлесиўде халықты разы етиўде мәҳәлле системасындағы нәтийжели жумыс, аўызбиршилик әҳмийетли екени атап өтилди. Онда төменги буўындағы мәмлекетлик ўәкиллер өзлерине берилген ўәкилликтен пайдаланып, адамларды разы етиў керек екени атап өтилди.

Ўәлаятта жумыссызлықты азайтыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў турақлы ўазыйпа екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелерде болғанында бирде-бир шаңарақта мийман болатуғыны жақсы дәстүрге айланған. Бул адамлар менен және де жақын болып, қызғын сәўбетлесиўге хызмет етеди.

Бул рет те усылай болды. Президент мәҳәлледе жасаўшы Собиржон Матжановтың шаңарағына барды. Шаңарақ баслығы аўыл хожалығы илимин жақсы биледи. Шаңарақ ийелери көркем қыйтақ жерде ыссыхана қурып, клубника жетистиреди. Сондай-ақ, үй шараятында балықшылықты жолға қойған. Тәрбиялап атырған қус – жүзден аслам таўық, мыңға шамалас бедана шаңараққа қосымша дәрамат келтирмекте.

Сәўбетте халықты исбилерменликке тартыў, жасларды мийнетке үйретип, кәсип бериў әҳмийетли екени, буның ушын мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары ўақтында «V9l5al8a» компаниясы тәрепинен қуўатлылығы 100 мегаваттлы қуяш электр станциясының қурылысын баслаў мәресими болды.

Бизге белгили, мәмлекетимиз тәрепинен қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, үлкен бағдарламалар әмелге асырылмақта. Кейинги үш жылда аймақларда бир ғана қуяш ҳәм самал генерация қуўатлылықларын иске қосыў ушын 2 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары тартылды. Нәтийжеде, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 2,6 гигаватт болған 9 ири қуяш ҳәм самал электр станциясы тармаққа жалғанды.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жойбарлар Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қытай, Франция сыяқлы раўажланған мәмлекетлер менен шерикликте әмелге асырылып атыр.

Мәресимде мәмлекетимиз басшысы бул тараўдың стратегиялық әҳмийетин атап өтти.

– Энергетика санаатында турақлылыққа ерисиў глобаллық интеграция шараятында ҳәр бир мәмлекеттиң стратегиялық мақсети. Әсиресе, қайта тиклениўши генерациялар – заманагөй раўажланыўға ерисиў, экономиканы диверсификациялаўда күш-қуўат болатуғын тийкарғы «драйвер»лерден бири болып есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Альтернатив энергетика есабынан усы жылы республиканың электр генерациясында «жасыл энергия» үлеси 15 процентке жететуғыны атап өтилди. 2030-жылға барып, халқы 40 миллионнан артатуғын Жаңа Өзбекстан экономикасы ушын зәрүр болған энергияның 40 процентин «жасыл энергия» есабынан қаплаў мақсет етилген.

Бул бағдарда халықтың мәпдарлығын арттырыў ушын өткен жылы «Қуяшлы шаңарақ» бағдарламасы басланды. 14 миллиард сум жеңиллетилген ресурслар ажыратылды, салық жеңилликлери берилди. Сондай-ақ, мүтәжликтен артықша электрди мәмлекет тәрепинен кепилликли сатып алыў системасы жолға қойылды.

Бул өз нәтийжесин бере баслады. Соның ишинде, Хорезмде де 2 мыңнан аслам шаңарақ ҳәм 855 исбилерменлер 15 мегаваттлы қуяш панеллерин орнатып, олар тәрепинен талабынан көп ислеп шығарылған 320 мың киловатт-саат электр энергиясы мәмлекет тәрепинен сатып алынды.

Енди бул тараўда және бир комплекс – Францияның «Voltalia» компаниясы тәрепинен Топыраққала районында қуяш фотоэлектр станциясының қурылысы басланбақта.

Бул Хорезмдеги дәслепки усындай ири жойбар болады. Оның нәтийжесинде жылына 254 миллион киловатт-саат «жасыл энергия» ислеп шығарылады. Бул болса Хорезм ўәлаяты жыллық электр энергиясы тутыныўының 11 процентин қаплайды. Усы станцияны жылдың ақырына шекем тармаққа жалғаў режелестирилген.

Улыўма етип айтқанда бул жойбар иске қосылса, Хорезм ўәлаятында электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылықлары 30 процентке артып, 424 мегаваттқа жетеди. Атап айтқанда, Топыраққала районының электрге болған жыллық 135 миллион киловатт-саат талабы толық қанаатландырылады.

Соның менен бирге, тутыныўдан артқан 40 процент энергияны қоңсы районларға узатыў имканияты пайда болады. Яғный, 85 мың шаңарақты электр энергиясы менен турақлы тәмийинлеўге ерисиледи.

Ең әҳмийетлиси, усы жойбар арқалы 76 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди, атмосфераға 106 мың тонна зыянлы элементлер шығыўының алды алынады.

Және бир итибарлы тәрепи, бул жойбар шеңберинде биринши рет агровольтаика тәжирийбеси қолланылады. Бул бир майданның өзинде энергия ҳәм аўыл хожалығын бирлестириў усылы болып, қуяш панеллери астында овощ ҳәм палыз егинлери жетистириледи.

Мәмлекетимиз басшысы бундай инновациялық жойбарлар Өзбекстан менен Франция арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтип, инвестор ҳәм инженерлерге миннетдаршылық билдирди.

– Бәршеңизди тек ғана Хорезм ўәлаяты емес, ал пүткил мәмлекетимиз экономикасына жаңа руўх ҳәм нәпес алып киретуғын мине усындай жаңа қуўатлылықлар менен қутлықлайман, – деди Президент.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына сапары шеңберинде «Voltalia» компаниясының бас директоры Себастьен Клэр менен ушырасыў өткерди.

Францияның усы компаниясы қайта тиклениўши энергетика тараўындағы имаратларды қурыўда бай тәжирийбеге ийе. Ҳәзирги ўақытта дүньяның 20 мәмлекетинде улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам инвестициялық жойбарларды әмелге асырмақта.

Ушырасыўда өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.

Жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар себепли кең көлемли тус алған Өзбекстан менен Франция арасындағы көп тәреплеме қатнасықлар избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Президенти 2022-жыл ноябрь айында Францияға әмелге асырған рәсмий сапары шеңберинде экономиканың тийкарғы тармақларында, соның ишинде, қайта тиклениўши энергия дәреклери тараўында бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди.

 

Усы мәнисте, «Voltalia» менен биргеликте Топыраққала районында қуўатлылығы 100 мегаваттлы қуяш электр станциясын қурыў жойбары шеңбериндеги жумыслар басланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Келешекте агровольтаика шешимлерин енгизген ҳалда оның имканиятларын және де кеңейтиў мүмкин екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы компания менен бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, Хорезм ўәлаятында аккумуляторларды ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм Бухара ўәлаятында гибрид түрдеги электр станциясын қурыў режелерин қоллап-қуўатлады.

Президент Шавкат Мирзиёев Үргенш қаласындағы «Khorezm Insulation Group» қоспа кәрханасын барып көрди.

Мәмлекетимизде дөретиўшилик көлеми кең. Соңғы жылларда барлық жойбарларда энергияны үнемлеў ўазыйпасы қойылмақта. Сонлықтан да базальт шийки затына талап артып атыр. Таллаўларға бола, мәмлекетимизде бундай өнимнен таярланған плиталарға жыллық талап 80 мың тонна.

Усы тәрептен, «Khorezm Insulation Group» биргеликтеги кәрханасы базар конъюнктурасы тийкарында шөлкемлестирилди, деп айтыў мүмкин. Баҳасы 41 миллион евролық бул жойбарда базальт шийки затынан ыссылықты сақлайтуғын плиталар ислеп шығарылады. Шийки зат Қарақалпақстан Республикасының Қаратаў таўынан алып келинеди.

Кәрхананың жыллық қуўатлылығы 30 мың тонна болып, қурылыс санаатына талап жоқары өнимлер жеткерилип бериледи. Сондай-ақ, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге 10 миллион долларлық экспорт етиў имканияты жаратылады.

Буның ушын Германия, Түркия, Россия ҳәм Қытай мәмлекетлеринен заманагөй үскенелер келтирилип орнатылмақта. Кәрханада 300 жаңа жумыс орны ашылады.

Президент кәрхана менен танысып, өнимлердиң сапасын және де жақсылаў, локализациялаў дәрежесин арттырыўға итибар қаратыў керек екенин атап өтти.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде жылына 15 мың тонна полипропилен ҳәм полиэтилен талшық өндирисин жолға қойыў бойынша да жумыс алып барылмақта. Нәтийжеде 80 жаңа жумыс орны, және 10 миллион долларлық экспорт қуўатлылығы жаратылатуғыны мөлшерленген.

Хорезм ўәлаятына сапарының биринши күни жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Энергетика министрлиги, «Өзхимиясанаат» АЖ ҳәм ири сырт ел инвестициялық компаниясының басшылары менен мәжилис өткерди.

Хорезм ўәлаятында улыўма инвестициялық көлеми 10 миллиард доллардан аслам болған ири газ-химия жойбарын биргеликте әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Болажақ қуўатлылықлар жылына 2,5 миллион тонна өним ислеп шығарыўы ҳәм 3 мың жумыс орнын жаратыўы күтилмекте. Жойбарды әмелге асырыў мүддети – 2024-2028-жыллар.

Жойбар газ-химия тармағының раўажланыўына жаңа пәт береди ҳәм Жаңа Өзбекстан санаатының флагманларының бирине айланады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршысы