Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдыӊ әҳмийетли ўазыйпалары бойынша мәжилис өткерилмекте.

Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, халқымызға мүнәсип жасаў шараятын жаратыў, бәнтликти тәмийинлеў бойынша барлық күш ҳәм имканиятлар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Бирақ, барған сайын өзгерип баратырған талап ҳәм мүтәжликлер жуўапкерлер ҳәм ўәлаят басшылығы алдында жаӊа ўазыйпаларды қоймақта.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттағы резервлерди иске қосыўдыӊ жаӊа имканиятларын белгилеп берди. Хорезмлилер мийнеткеш, умтылыўшаӊ, излениўшеӊ, жаӊалық жаратыўшы халық екени, оларға тек ғана шараят жаратып бериў керек екенлигин атап өтти.

ӨзА