Президент Шавкат Мирзиёев 28-февраль күни қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Таллаўларға бола, мәмлекетимизде қуяш ҳәм самал энергиясы потенциалы электрге болған ҳәзирги талапты 10-12 есеге артығы менен қаплаўға жетеди. Бирақ, усындай үлкен имканият узақ жыллар даўамында иске қосылмаған еди.
Соңғы жыллары мәмлекетимиз тәрепинен бул тараўға үлкен итибар қаратылып, ҳуқықый орталық жаратылды. “Жасыл энергия” дәреклерин қурыў бойынша үлкен бағдарламалар басланды. Инвесторлар ушын өзине тартымлы орталық шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнге шекем, тараўға 2,1 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясы кирип келди, және 13 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Дерлик барлық ўәлаятларда заманагөй қуяш ҳәм самал электр станциялары қурылмақта.
Атап айтқанда, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрьяда 1,6 гигаваттлы 9 ири қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылды. Әндижан, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятында 183 мегаваттлы 6 ири ҳәм киши ГЭСлер пайдаланыўға тапсырылды.
Сондай-ақ, социаллық тараў объектлери, кәрхана ҳәм шөлкемлер, исбилерменлерге тийисли имаратлар ҳәм халықтыӊ турақ жайларында улыўмалық қуўатлығы 457 мегаваттлы қуяш панельлери орнатылды. Бул жумысларға банклер тәрепинен дерлик 2 триллион сум ресурс ажыратылды.
Нәтийжеде қосымша 5 миллиард киловатт-саат экологиялық таза электр ислеп шыгарыў ҳәм 1,5 миллиард куб метр газди үнемлеў имканияты жаратылды.
Бул тараўдағы кең көлемли жумыслар жергиликли кәрханаларда тарансформатор, ҳәр қыйлы түрдеги кабельлер, ысытыў коллекторлары, қуяш панели, изолятор, металл үстинлер сыяқлы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиўге де үлкен түртки берди.
Бир сөз бенен айтқанда, “жасыл” энергетика – ҳәм экономикамыздыӊ драйверлеринен бирине, ҳәм ҳақыйқый улыўма миллий ҳәрекетке айланбақта.
2024-жыл “жасыл энергия” көлеми 13 миллиард киловатт-саатқа, оның мәмлекетимиздеги жәми үлеси 15 процентке жетеди. Қысқа дәўир ушын бул жүдә үлкен көрсеткиш, әлбетте.
Бирақ, бул бағдарда еле имканиятлар көп, олар барлық аймақларда да толық иске қосылмай атыр.
Соның ушын мәжилисте қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў ҳәм соған жараса инфраструктураны раўажландырыў бойынша жаңа режелер додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы тәжирийбеге сүйенип, быйылдан ири “жасыл энергия” қуўатлықларын жаратыў бойынша үш жыллық бағдарламаға өтиў зәрүр екенин атап өтти.
Халық ҳәм экономика тармақлары талабынан келип шығып, келеси үш жылда 8 гигаваттлы 28 ири қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылады. 944 километр жоқары күшлениўши электр тармақлары ҳәм 6 ири подстанция қурылады. Жәми 2,2 гигаватт болған 18 электр сақлаў қуўаты орнатылады.
Энергетика системасыныӊ турақлылығын тәмийинлеў ушын усы қуўатлықларға сай тармақларды қурыўды ҳәм зәрүр материаллар ислеп шығарыўды ҳәзирден баслаў керек екени атап өтилди.
Энергетика министри үш жыллық бағдарламадан орын алған 2,6 гигаваттлы 14 станция быйыл иске қосылатуғыны, оларды тармаққа жалғаў ушын 5 подстанцияныӊ қуўатлылығы кеӊейтилип, 500 километр жоқары күшлениўли электр тармақлары қурылатуғыны ҳаққында мәлимлеме берди.
Улыўма, жаӊа қуўатлықлар есабынан быйыл кеминде 85 миллиард киловатт-саат, соннан қуяш ҳәм самал станцияларынан 6 миллиард киловатт-саат электр ислеп шығарылатуғын айтылды.
Орынларда қуяш панельлерин орнатыў жағдайы да көрип шығылды.
Халықтыӊ буннан мәпдарлығын арттырыў мақсетинде “Қуяшлы шаӊарақ” бағдарламасы енгизилген. Оған бола, қуяш панели орнатылған халықтан ҳәр 1 киловатт электрди 1 мыӊ сумнан сатып алыў системасы жолға қойылды. Ҳәзирги күнде 11 мыӊға шамалас шаӊарақ ийелери бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланбақта.
Бул жумысларды кеӊейтиў ушын оныӊ тартымлылығын арттырыў, қуяш панелин орнатыўшыларға жәрдемлесиў кереклиги айтылды. Оныӊ ушын қосымша 50 миллион доллар ресурс ажыратылыўы, сырт ел инвесторларыныӊ қатнасыўында және 100 миллион доллар тартылыўы белгиленди.
Қуяш энергиясынан пайдаланыўда исбилерменлерге де қосымша жеӊилликлер жаратылады. Атап айтқанда, қуяш панели, инвертор ҳәм аккумуляторларды импорт етиўде бажыхана жеӊилликлери және бес жылға созылады.
Жуўапкерлерге аўыл ҳәм суў хожалығы, ишимлик суўы тәмийнаты сыяқлы энергияны жумсаў жоқары болған тараўларда қайта тиклениўши энергия дәреклерин қолланыў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
Бул тараў раўажланып атырғаны басқа түрлес тармақларға да унамлы тәсир етпекте. Атап айтқанда, ири қуяш ҳәм самал станцияларын қурыў, оларды тармаққа жалғаў, оӊлаў ҳәм сервис хызметин көрсетиў процесслеринде жергиликли кәрханаларымыз ушын кеминде 1 миллиард долларлық базар пайда болмақта.
Соныӊ ушын быйыл Қаршы қаласындағы “Солар кластер” де қуяш панели, аккумулятор, инвертор, суў ысытқыш, Аҳангаран санаат зонасында кабель ҳәм трансформатор, Нөкис қаласы ҳәм Әндижан районында қуяш панельлерин ислеп шығарыў жойбарластырылған.
Президентимиз жергиликли кәрханаларға халықаралық сертификатларды алыўда ҳәм өндиристи халықаралық стандартларға бейиместириўге жәрдемлесиў бойынша көрсетпе берди.
Энергетика министри ҳәм ҳәкимлер мәжилисте белгиленген ўазыйпалар бойынша жумысты шөлкемлестириў режелери ҳаққында мәлимлеме берди.
ӨзА