Усы жыл 22-25-февраль күнлери аралығында спорттың кураш түри бойынша Жиззақ қаласында жаслар (ер балалар ҳәм қызлар) арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатына Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзалары нәтийжели қатнасып, сыйлы орынларды алыўға миясар болды.

Атап айтқанда, 55 килограмм салмақта Парахат Ережепов, 70 килограмм салмақ категориясында Асал Джалғасбаевалар үшинши, 70 килограмм салмақта Азада Медетбаева, +78 килограмм салмақ категориясында Лариса Төрежановалар екинши орынларды ийеледи. Бул спортшыларды жарысқа тренерлерден Батыр Айманов, Жамшид Турабаев, Шынғыс Бимбетов ҳәм Берик  Жүсипбековлар таярлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги