Президент Шавкат Мирзиёев 26-февраль күни техникалық жақтан тәртипке салыў системасын реформалаў бойынша презентация менен танысты.
Мәмлекетимиздиӊ стандартластырыў тараўын реформалаў ҳәм заманагөй көзқарасларды енгизиў мақсетинде Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги дүзилген еди.
Соӊғы жыллары 12 мыӊ стандарт қабыл етилди, 400 түрдеги өнимлерди сынақтан өткериў жолға қойылды. Нәтийжеде 40 жаӊа экспорт базарына шығылды.
Соныӊ менен бирге, соӊғы жети жылда Өзбекстанныӊ сыртқы саўда айланысы 2,5 есеге көбейип, 63 миллиард долларға жетти. Быйыл да экспортты 1,5 есеге көбейтип, 25 миллиард долларға жеткериў режелестирилген. Сондай-ақ, перспективада Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў мақсет етилген.
Соннан келип шығып, әмелдеги техникалық тәртипке салыў системасын және де жетилистириў, оныӊ экспортқа жәрдемлесиў ҳәм ишки базарды сапасыз товарлардан қорғаўдағы қатнасын беккемлеў үлкен әҳмийетке ийе.
Миллий сертификатлар сырт елде тән алыныўы ушын системалы ислесиў, Миллий эталонлар базасын толықтырыў арқалы сырт елде мәмлекетимиз лабораторияларыныӊ сынақ нәтийжелерине исенимди арттырыў, ҳәзирги күнде еӊ зәрүр болған техникалық регламентлерди халықаралық талапларға бейимлестириў ҳәм жаӊаларын ислеп шығыў зәрүр.
Стандартластырыў тараўындағы 6 мәлимлеме системасы ҳәм 2 порталды өз-ара интеграциялаў, министрлик ҳәм уйымлардыӊ стандарт тараўындағы кадрлар потенциалын арттырыў, тараўлық техникалық комитетлер жумысын жанландырыў керек.
Презентацияда тараў алдында турған ўазыйпаларды шешиў мақсетинде ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги тиккелей Ҳүкимет бойысыныўына өткерилиўи белгиленди.
Экспортшыларға жәрдемши болып, миллий сертификатлар сырт мәмлекетлерде тән алыныўы бойынша системалы жумысларды жолға қойыў, сапасыз өнимлер импортыныӊ алдын алыў үстинен қатаӊ бақлаў орнатыў, Жәҳән саўда шөлкеминиӊ Саўдадағы техникалық тосқынлықлар ҳаққындағы келисим талапларын әмелиятқа енгизиў агентликтиӊиӊ тийкарғы ўазыйпалары ретинде белгиленеди.
Сондай-ақ, агентлик тараў ушын кадрлар таярлаў ҳәм олардыӊ маманлығын арттырыўға тиккелей жуўапкер болады, халық ҳәм исбимлерменлер менен ислесиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын тараўды толық санластырады.
Усы жылы раўажланған мәмлекетлер менен сынақ нәтийжелерин еки тәреплеме тән алыў бойынша келисимлерге ерисиў жумысларын даўам еттирип, 1,2 мыӊ кәрханаларда халықаралық сапа системаларын енгизиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Сондай-ақ, техникалық регламентлер менен қамтып алынған өнимлер түрин көбейтиў, әмелдеги 19 техникалық регламентти қайта көрип шығыў ҳәм жаӊалаў, эталонлар ҳәм жоқары анықлықтағы өлшеў қуралларын енгизиў жумысларын кеӊейтиў зәрүр екени атап өтилди.
Жәҳән саўда шөлкеми менен нәтийжели бирге ислесиў мақсетинде агентлик структурасында Саўдадағы техникалық тосқынлықлар бойынша мәлимлеме орайын иске қосыў усыныс етилди.
Кадрлардыӊ потенциалын арттырыў мақсетинде сырт ел консультантларын тартыў ҳәм тармақларда стандартқа жуўапкер кадрларды оқытыў керек екени айтылды. Тараўды санластырыў мақсетинде “Техникалық тәртипке салыў” бирден-бир электрон мәлимлеме системасы иске қосылыўы белгиленди.
Мәмлекетимиз басышысы бул усынысларды мақуллап, орынларға барып, исбилерменлер менен ушырасыў, олардыӊ стандарт тараўындағы машқала ҳәм усынысларын үйрениў әҳмийетли екенин атап өтти ҳәм жуўапкерлерге кайсы стандартларды ислеп шығыў яки қайсы жерде лабораториялар шөлкемлестириўге тийисли анық режелерди белгилеп, орынланыўын тәмийинлеў бойынша тапсырма берди.
ӨзА