26-февраль күни Президент Шавкат Мирзиёевқа Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берилди.

Қорғаныў министриниң қойылған ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын ҳәм қәбилетин арттырыў, оларды заманагөй курал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, сержантлар корпусының жумысын жетилистириў ҳәм жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Атап айтқанда, қысқа ўақыт ишинде әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў ҳәм әскерий хызметкерлерди таярлаў, әскерий бөлимлерде тәртипти беккемлеўге байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Әскерлердиң жумысын санластырыў ўазыйпаларына айрықша итибар қаратылды. Әскерлерди басқарыўдың заманагөй автоматластырылған системаларын басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм байланыс системасын жетилистириў бойынша көрилип атырған илажлар атап өтилди.

Қураллы Күшлер структурасын жетилистириў, миллий армияны заманагөй қурал-жарақлар ҳәм әскерий-техникалық қураллар менен тәмийинлеў ҳәм қорғаныў санааты комплексин раўажландырыў зәрүр екени атап өтилди.

Соңында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қураллы Күшлер жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм мәмлекеттиң қорғаныў қәбилетин арттырыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

ӨзА