Усы жылдың 22-25-февраль күнлери Қазақстан Республикасының Астана қаласында спорттың белбеўли гүрес түринен халықаралық турнир болып өтти.

Бул жарыста қарақалпақстанлы спортшы Ж.Шынбатыров та қатнасып, 55 килограмм салмақ категориясындағы спортшылар арасында турнир жеңимпазы болып, алтын медальды қолға киргизди. Ал, қызларымыз арасында Е.Алимбаева 57 килограмм салмақта гилемге түсип, сыйлы екинши орынды ийеледи.

Спортшыларымыз бул турнирде жәми 1 алтын, 1 гүмис, 9 қола медалын қолға киргизди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги