Президент Шавкат Мирзиёев 23-февраль күни жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиздиӊ күшли социаллық сиясатында жаслар еӊ әҳмийетли бағдар. Оларды сапалы билим ҳәм кәсип пенен тәмийинлеў, умтылысларын қоллап-қуўатлаў турақлы итибарда. Ҳәр бир мәҳәлледе “Жаслар бәнтлиги бағдарламасы” әмелге асырылмақта,  “Бес баслама олимпиадасы”,   “Мәденият кәрўаны” илажлары ҳәм түрли фестивальлар өткерилмекте.

Усы жыл 21-февральда Президент пәрманы менен “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди. Бағдарламада жаслар машқалаларын шешиў ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў, оларды талап жоқары болған кәсип-өнерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көплеген ўазыйпалар белгиленген.

Быйыл “жаслар балансы” бойынша 925 мыӊ жигит-қыздыӊ бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр. Сондай-ақ, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларын 300 мыӊ жас питкереди.

Мәжилисте оларды жумысқа жайластырыў, заманагөй кәсип-өнерлер ҳәм исбилерменликке тартыў мәселелери додаланды.

Бәринен бурын, жаслардыӊ бизнес пенен шуғылланыўына қосымша имканиятлар жаратылатуғыны айтылды. Шаӊарақлық исбилерменлик бағдарламасы тийкарында ажыратылып атырған кредитлердиӊ кеминде 40 проценти  усыған бағдарланады. “Жас исбилермен” таӊлаўлары өткерилип, жеӊимпаз болған бизнес жойбар ҳәм идеялардыӊ ийелери сырт мәмлекетлерге тәжирийбе арттырыўға жибериледи.

Жуўапкерлер жаӊа санаат жойбарларында 100 мыӊ, хызметлер тараўында 150 мыӊ, жумыс орынларын легалластырыў ҳәм өзин-өзи бәнт етиў арқалы 200 мыӊ жигит-қыздыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында мәлимлеме берди.

Ҳәзирги күнде жасларға сай перспективалы тараў бул санлы технологиялар. Соныӊ ушын Мәмлекетлик бағдарламада “Ҳәр бир мәҳәлледе еки программист” жойбары белгиленген. Сондай-ақ, быйыл мәлимлеме технологиялары тараўында 70 мыӊ жасты бәнт етиў режелестирилген.

Оныӊ ушын кәбилетли жигит-қызларды анықлап, IT- кәсиплер ҳәм шет тиллерин үйрениўине жәрдемлесиў зәрүр екени атап өтилип, ҳәкимлерге тийисли көрсетпелер берилди.

Жаслар ислери агентлигиниӊ “Ибрат перзентлери” жойбары арқалы 1 миллион ул-қыз шет тиллерине бийпул оқытылады. Мектеплердеги бос класс ханалары шет тили репетиторлары ҳәм оқыў орайлары ушын бийпул ижараға бериледи. Аўыллық жерлердеги оқыўшылардыӊ өзлестириўи жоқары болған 100 жеке меншик оқыў орайларыныӊ ижара қәрежетлери 6 айға шекем компенсацияланады.

Сондай-ақ, жеке меншик курсларда оқып, “C-1” сертификатын алған жасларға оқыў қәрежетлери, немис, француз, корейс, япон ҳәм қытай тиллери бойынша болса “B-2” дәрежеси сертификатын алыў кәрежетлери қаплап бериледи. Және бир жаӊалық – быйыл тек сертификат алыўдағы имтихан қәрежети емес, ал алты айлық оқыў пулы да төлеп бериледи.

“Устаз” жойбары шеӊберинде 250 мыӊ жаслар маркетинг, реклама, электрон саўда, IT-дизайнер сыяқлы 30 заманагөй кәсипке үйретиледи.

Халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўде аўыл хожалығында имканиятлар кеӊ. Алдынғы жыллары усы мақсетте 200 мыӊ гектар пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, дийқаншылық ушын адамларға бөлип берилген еди. Быйыл және 60 мыӊ 500 гектар жер жасларға ажыратылыўы белгиленген.

Оннан нәтийжели пайдаланыў ушын жаӊа тәртип орнатылатуғыны атап өтилди. Оған бола, район ҳәкимлери жерди суў тәмийнаты жақсы орыннан ажыратыўға жуўапкер болады. Ҳәр бир жасқа қанша майдан ажыратыў бойынша “мәҳәлле жетилиги” усыныс береди. Жер алған жаслар Агробанктиӊ “Фермерлер мектеби”нде өнимли экспортқа қолайлы егинлер жетистириўге оқытылады. Мини-техника, туқым ҳәм нәллер сатып алыўға “Жаслар дәптери” қоры ҳәм Фермерлер қорынан субсидия ажыратылады. Дийқан жасларға экспортшы ҳәм қайта ислеўши исбилерменлер кооперация тийкарында бириктириледи. Оннан тысқары, мийўе-овощ кооперацияларына банклер арқалы 2 миллиард сумға шекем кредит те бериледи.

Мәжилисте Өзбекстан Президентиниӊ усы жылы 18-январьдағы “Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманыныӊ орынланыўына да тоқтап өтилди. Бул пәрманда 156 районда 15 мыӊ 626 гектар аўыл хожалығы жерлери онлайн аукцион саўдаларына шығаралыўы белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерлерди халыққа жақын, суўы ҳәм өнимдарлығы жақсы орынлардан ажыратып, кооперация тийкарында экспортқа қолайлы егинлер егиў әҳмийетли екенин атап өтти. Ҳәкимлерге қосымша жерлерди өзлестирип, жумыс орынлары ушын резерв жаратып барыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиӊ мәлимлемеси тыӊланды.

ӨзА