Президент Шавкат Мирзиёев 22-февраль күни авиация тараўындағы мәмлекетлик кәрханалар трансформациясы бойынша презентация менен танысты.
Соӊғы жыллары авиация хызметлери базарында жеке меншик секторға кеӊнен жол ашылды. Авиакомпаниялар саны 15 ке, атап айтқанда, жеке меншиклери 10 ға жетти. Өткен жылдыӊ өзинде 28 жаӊа самолёт алып келинди. Олардыӊ нәтийжесинде ақырғы жети жылда рейслер 2 есеге көбейген. Самарқанд аэропорты жеке меншик шерикликке берилгени есабынан жолаўшы ағымы 4 есеге көбейип, 1 миллионға жеткен.
Соған қарамастан, өткен жылы авиация хызметлериниӊ көлеми тек ғана 11,6 процент өскен. Мәмлекетимиз стратегиясында 2030-жылға шекем авиақатнаўлардыӊ санын 4 есеге көбейтиў режелестирилген. Оған ерисиў ушын тараўда жыллық өсиў пәтлери 20 проценттен кем болмаўы керек.
Бул инфраструктура, басқарыў, баҳа ҳәм сапа бойынша системалы жумысларды талап етеди. Мәмлекетимизде авиа билетлердиӊ баҳасы салыстырмалы қымбат. Ҳәм аймақлық, ҳәм сырт ел рейслериниӊ саны талапқа қарағанда аз. Пәрўазлардыӊ тийкарғы бөлеги елеге шекем Ташкент ҳәм Самарқанд аэропортларына туўра келеди. Аэропортларда ҳаўа кемелери ҳәм жолаўшыларға хызмет көрсетиў имканиятлары шекленген, қосымша хызметлерден дәрамат жәми түсимниӊ тек ғана 7 процентин қурайды. Ташкент, Наўайы, Наманган аэропортларыныӊ транзит потенциалы толық иске қосылмай атыр.
Презентацияда “Uzbekistan Airways” ҳәм “Uzbekistan Airроrts” акционерлик жәмийетлеринде трансформация процесслерин тезлестириў, хызмет түрлерин ҳәм дәраматларды көбейтиў бойынша усы жылғы режелер билдирилди.
Атап айтқанда, миллий авиакомпанияға халықаралық кредит рейтингин алып, оны “IPO” ға шығарыў процеси басланады. Бухара, Наманган, Үргенш ҳәм Әндижан аэропортлары жеке меншик басқарыўға берилип, модернизацияланады. Усы жылы рейслер саны 20 процентке арттырылады.
Тараўда қәрежетлерди 20 процентке қысқартыў илажлары көриледи. Жанар май жумсалыўы жоқары болған ески самолётлар сатылып, заманагөй ҳәм үнемли ҳаўа кемелери алып келинеди. 72 жөнелис бойынша оптимал пәрўазлар маршрутын таӊлаў арқалы жанар майдан пайдаланыў сезилерли азайтылады. Пайдаланып атырған ҳәм дәрамат келтирмей атырған активлер сатыўға шығарылады.
Жуўапкерлерге қәрежетлерди қысқартыў бағдарламасын тастыйықлап, хызметлердиӊ бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жеке меншик шериклик жойбарларын тезлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Аэропортларда қосымша хызметлерди көбейтиў, Наўайы аэропортында самолётларға техникалық хызмет көрсетиўди раўажландырып, оныӊ потенциалын толық иске қосыў зәрүр екени атап өтилди.
Мәмлекетлик авиакомпанияларға сырт елли маман қәнигелерди тартыў, сондай-ақ, кадрлар таярлаўды жақсылаў мәселелери де айтып өтилди.
ӨзА