Мәмлекетимизде барлық тараўлар қатарында спортқа айрықша итибар қаратылып, спорт пенен шуғылланыўшы жасларға барлық имканиятлар жаратылған. Усы имканиятлардан орынлы пайдаланған жаслар жақсы нәтийжелерди қолға киргизип келмекте.

Усы жыл 21-февраль күни Бахрейн мәмлекетинде қылышласыў бойынша спорттың сабля бағдарында  болып өткен Азия чемпионатында қатнасқан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети денетәрбиясы факультетиниң 2-курс студенти Муса Аймуратов жарысқа жақсы таярланыўы нәтийжесинде табысқа ерисип, бул чемпионатта сыйлы биринши орынды ийелеп, алтын медалды қолға киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги