Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 20-февраль күни социаллық қорғаў тараўындағы әҳмийетли ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз Конституциясының 1-статьясында Өзбекстан социаллық мәмлекет екени белгиленген. Усыған муўапық, 2023-жыл 1-июньда халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў бойынша пәрман қабыл етилип, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди.

Өткен ўақыт даўамында оннан аслам мәмлекеттиң тәжирийбеси терең үйренилди, маман экспертлер тартылды. Усы тийкарда алып барылған таллаўларға бола, бул тараў 30 жыл алдынғы системада қалып кеткен, тек ғана мәмлекет ажыратқан пулды тарқатыў менен шуғылланған. Бул айырым адамларды өзин оңлап алыўға емес, жәрдем күтип жасаўға үйретип қойған.

Мысал ушын, мийнетке жарамлы адамларға да напақа төлеп келинген. Майыплығы барларды медициналық ҳәм социаллық реабилитациялаў, кәсипке үйретиў арқалы өмирге қайтарыўға жетерли дәрежеде итибар берилмеген.

Мәмлекетимиз басшысы бул системаны пүткиллей реформалаў, социаллық жәрдемниң мәнзиллилиги ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүр екенин атап өтти.

– Бул тараўда улыўмалық жумыс алып барыўға болмайды. Ҳәр бир шаңарақ ҳәм инсан тәғдирине өз алдына, профессионал қатнас жасаў  керек. Социаллық хызмет дурыс жолға қойылса, мүтәж пуқаралар жәмийетте өз орнын табады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте усы бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Бәринен бурын, социаллық хызмет ҳәм жәрдемди мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Соңғы айларда кем тәмийинленген шаңарақлар мәнзилли үйренилгени де система ашық-айдын етилгени нәтийжесинде турақлы дәраматқа ийе шаңарақлар бундай категориядан шығарылған. Керисинше, басқалардыӊ күтимине мүтәж, жалғыз жасап атырған 2 мың адамға жәрдем көрсетиў жолға қойылған.

Улыўма, социаллық қорғаў системасы менен 250 хызмет қамтып алынған  болса-да, мәҳәлледеги халық олардың ярымын да билмейди.

Соның ушын 1-июньнан социаллық қорғаўға мүтәж халықты анықлаў тәртиби ҳәм олар менен ислесиў системасы өзгереди. Онда мүтәж категорияны анықлаў бойынша нормалар ислеп шығылады ҳәм олардың қандай жәрдемге мүтәж екени анық белгилеп бериледи. Мүтәжлердиң ҳәр бири бойынша индивидуал социаллық хызметлер бағдарламасы болады.

Бул бағдарда бирден-бир сораўнама енгизиледи. Шаңараққа “мәҳәлле жетилиги”ниң қайсы ўәкили кириўине қарамастан, шаңарақтағы машқала ҳәм имканиятлар анықланып, “социаллық портрети” сызылады. Жәрдемнен соң шаңарақта не өзгергени мониторинг етип барылады.

Бул жерде гәп қаржыны қысқартыўда емес, оны өз ийесине – ҳақыйқый мүтәжлерге бериў ҳәм жәмийетке интеграциялаў ҳаққында бармақта.

Және бир әҳмийетли тәрепи, мәҳәлледеги барлық социаллық хызметлерди басқышпа-басқыш социаллық хызмет көрсетиў шәртнамасы арқалы бериў жолға қойылады. Онда хызмет көрсетиўши де, жәрдем алыўшы да өзине миннетлеме алады.

Енди напақа алыўшылар дизимине, биринши гезекте, майыплығы бар, ата-анасы жоқ, бағыўшысын жоғалтқан, наўқаслығы ҳәм басқа себепке бола узақ  мүддет жумыс ислей алмайтуғынлардың шаңарақлары киргизиледи. Басқа пуқараларды “социаллық реестр”ге киргизиўде олардың тек дәраматы емес, ал қарежетлери де баҳаланады.

Усы жылы 1-октябрьден халыққа көрсетилетуғын барлық социаллық жәрдемлер “социаллық қарта” арқалы қаржыландырылады. Келеси жылдан 40 районда реабилитация, саламатландырыў ҳәм майыплығы барларды бағыўшыларды оқытыў бойынша көп тармақлы социаллық хызметлер орайлары иске қосылады.

Мәжилисте майыплығы бар инсанлардың мәплерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан 2021-жылы Майыплығы болған шахслардыӊ ҳуқықлары ҳаққындаға конвенцияғы қосылған. Бундай шахсларды жумысқа алған кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын бир қатар жеңилликлер берилген.

Бирақ, көп мәкемелер, көшелер ҳәм бәндиргилер имканияты шекленген шахслардыӊ ҳәрекетлениўи ушын бейимлеспеген. Мектеп ҳәм колледжлерде шараят жоқ екени себепли ата-аналар майыплығы бар перзентин узақтағы арнаўлы интернатқа жайластырыўға мәжбүр. Бул шаӊарақ ҳәм бала ушын оғада аўыр.

Соныӊ ушын енди майыплығы болған шахсларды оқытыў, жумысқа жайластырыў ҳәм спортқа тартыў бойынша миллий система болады. Майыплығы болған шахсларға жумыс ислеў ҳәм кәсип-өнерге оқыўда иркинишсиз орталық жаратыў ушын олардыӊ “мийнетке жарамлылығын белгилеў” әмелиятынан бас тартылады. Онда майыплық кеселликке қарап емес, ал шахстыӊ еркин ҳәрекети, сөйлесиў қәбилети ҳәм социаллық өмирге қатнасына қарап белгиленеди.

Районлық орайлық емлеўханаларда медициналық реабилитация ханалары шөлкемлестириледи. Протез қураллары 18 түрден 30 түрге, ажыратылып атырған қаржы болса 1,5 есеге арттырылып, олар менен тәмийинлеў электрон формада болады. Бундай қуралларды үйде отырып, ваучер арқалы онлайн  яки “Инсан” орайы жәрдеминде қәлеген өндириўшиден сатып алыўға болады.

Имаратларды қурыў жойбары майыплығы барлар ушын қолайлы орталық жаратылғаны бойынша да мәжбүрий экспертизадан өткериледи. Жәмийетлик транспорт, бәндиргилер ҳәм кесилиспелерде олар ушын тосқынлықсыз орталық жаратыў илажлары көриледи.

Хызметкерлердиӊ 50 процентинде майыплығы болған исбилерменлерге мәмлекет буйырташылары менен тикклей шәртнама дүзиў имканияты бериледи. Бундай шахсларды кәсипке таярлайтуғын 4 қәнигелескен мектеп санаат тармақларына бириктириледи. Майыплығы барлар жумысты үйге алып ислеў ҳәм өнерментшилик тийкарында жаратқан өнимлерди электрон платформа арқалы сатыў жолға қойылады.

Спорттты раўажландырыў ассоциациясы шөлкемлестирилип, майыплығы бар шахслар мәҳәлледен баслап ғалабалық спортқа тартылады. Социаллық қорғаўға мүтәж инсанларда үмит ҳәм өзине исеним оятатуғын көркем дөретпелер жаратылады.

Ата-ана меҳирине мүтәж балаларды тәрбиялаў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Енди орынларда қәўендерлик мәселелери, ата-ана қарамағынан ажыралған балалар менен мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер шуғылланады. Оныӊ ушын ҳәкимликлер жанындағы Қәўендерлик комиссиялары сапластырылып, 1-августтан олардыӊ ўәкиллиги “Инсан” орайларына өткериледи.

Жетим ҳәм қадағалаўсыз қалған балаларды қарамағына алыў бойынша “қәнигелескен тутынған шаӊарақ” системасы енгизиледи. Қәнигелескен 160 билимлендириў шөлкеминде басқышпа басқыш “ғамқорлық” топарлары шөлкемлестириледи.

Ата-анасынан ажыралған жигит-қызларға жәрдемлесиў системасы да өзгереди. Енди “Жасларға ғамқорлық” бағдарламасы тийкарында оларды қоллап-қуўатлаў 23 жасқа шекем етип белгиленеди.

Ишки ислер системасындағы Жас өсипиримлерге социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў орайлары “Өмир мектеби” сыпатында қайта шөлкемлестириледи. Олар тәрбиясы аўыр балаларды социаллық өмирге бейимлестириў бойынша комплексли хызмет көрсететуғын орынға айландырылады.

Жетим ҳәм ата-ана қарамағысыз қалған балаларға турақ жай бериў системасы да қайта көрип шығылады. Онда “Инсан” орайлары тәрепинен ҳақыйқаттан турақ жайға мүтәж жаслар дизими қәлиплестириледи. Оларға берилетуғын турақ жайдыӊ баҳасы базар баҳасынан келип шығып, аймақлар кесиминде белгиленеди.

Жуўапкерлерге ҳәзирги күнде гезекте турған жетим балаларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ҳәм балалар реабилитация менен жетерли дәрежеде қамтып алынбағаны атап өтилди. Соныӊ ушын бул бағдарда мәҳәлле дәрежесинде өз алдына система жаратылады. Қыйын жағдайдағы жас аналарды қоллап-қуўатлаў, нәрестелер жетим қалыўыныӊ алдын алыў ушын “Аналар мәканы” хызмети шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, район емлеўханаларында зорлыққа ушырағанларға медициналық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў ушын күни-түни жумыс ислейтуғын ханалар ашылады.

Мәжилисте Бас министр, тараў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлер жумысты шөлкемлестириў режелери бойынша мәлимлеме берди.

– Жәмийетимизде социаллық әдиллик ҳәм инсан қәдирин тәмийинлеймиз десек, бул жаӊа системаны орынларда нәтийжели қолланып, мүтәж инсанларға жәрдем ҳәм үмит бағышлаўымыз керек, – деди Президент.

ӨзА