Бүгин Бирлескен Араб Әмирликлериниң Ал-Айн қаласында футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының 1/8 финал ойынлары шеңберинде Қаршының  «Насаф» командасы «Ал Айн»ға қарсы ойынға түседи.

Ушырасыў елимиз ўақты менен саат 21:00де басланады.

Бул командалардың Қаршыда өткерилген дәслепки ойыны 0:0 есабында жуўмақланған еди.

Сондай-ақ, ертең саат 21:00 де Саудия Арабстанының Жидда қаласында Наманганның «Навбаҳор» клубы «Ал-Иттиҳод» командасы менен келеси басқышқа шығыў ушын өз-ара гүрес алып барады.

Ушырасыўда Франциялы футбол жулдызы Карим Бенземаның  ойынға түсиўи күтилмекте.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы