Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниӊ мирәт етиўине бола 21-февраль күни “Келешек Ойынлары” жарысыныӊ салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Қазан қаласында болады.
Сапар бағдарламасында еки мәмлекет басшыларыныӊ ушырасыўы нәзерде тутылған. Онда 2023-жыл 5-7-октябрь күнлери Россияға рәсмий сапары жуўмағында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў ҳәм кеӊ көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереӊлестириў мәселелери додаланады.
Россия Федерациясында дәслепки мәрте шөлкемлестирилип атырған ҳәм 21-февраль – 3-март күлери болып өтетуғын “Келешек Ойынлары”спорттыӊ дәстүрий түрлери, илимий қолланбалар ҳәм санлы технологияларды өзинде жәмлеген беллесиў екенин атап өтиў керек.
Бул ири спорт илажында 107 мәмлекеттен 227 команда, соныӊ ишинде Өзбекстан спортшылары да қатнасады.
ӨзА