Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Мәжилисте протез ислеп шығарыў 90-жыллар технологиясына тийкарланғаны, оларды ҳақыйқый мүтәжлерге жеткерип бериў системасы  да дурыс шөлкемлестирилмей атырғаны көрсетип өтилди.

Майыплығы болған шахсларды оқытыў, жумысқа жайластырыў ҳәм спортқа тартыў бойынша миллий система жаратылады.

Олардың ислеўи, оқыўы ҳәм кәсип өнер үйрениўинде тосқынлықсыз орталық жаратыў илажлары көриледи.

Онда, майыплықты кеселликке қарап емес, ал шахстың еркин ҳәрекети, өзин-өзи еплеўи, сөйлесиў қәбилети ҳәм жәмийетлик турмысқа қатнасыўына қарап белгилеў системасына өтиледи.

ӨзА