Президент Шавкат Мирзиёев экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы жумыслар ҳәм келеси режелерге байланыслы презентация менен танысты.

Бизге белгили, усы жылдың 12-17-февраль күнлери Самарқанд қаласында БМШтың Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлап қалыўға байланыслы конвенциясы Тәреплер конференциясының 14-мәжилиси (C9Р-14) болып өтти. Онда 130 дан аслам мәмлекеттен 2 мыңға шамалас қатнасыўшы қатнасты.

Илаж жуўмақлары бойынша Конвенцияға ағза мәмлекетлер тәрепинен орынлаўға қаратылыўы ушын 2024-2032-жылларға мөлшерленген Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлери бойынша Самарқанд стратегиялық режеси тастыйықланды. Экологиялық байланыслылық бойынша глобаллық бирге ислесиў (GPEC) басламасы иске қосылды.

Өзбекстан БМШ конвенциясына 2024-2026-жыллар ушын президент сыпатында сайланды. Ташкент қаласында Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының (IUCN) Орайлық Азиядағы дәслепки ўәкилханасы ашылды. Сондай-ақ, БМШ Қоршаған орталық бағдарламасының Өзбекстанда ўәкилханасын ашыў бойынша келисимге ерисилди.

Жәҳән банки менен биргеликте Орайлық Азияда 6 трансшегаралық қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қурыўға қаратылған жойбарды әмелге асырыўға келисилди. Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлер арасында бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараўдағы бирге ислесиўди даўам еттирип, Өзбекстанның ҳәрекетлер режесин ҳәм жаңа грант жойбарларын ислеп шығыў, халықаралық экология шөлкемлери ҳәм конвенцияның бас резиденциясында тараў хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Презентацияда «Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбары ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўындағы бул жойбардың улыўма баҳасы 205 миллион доллардан аслам болып, 6 жыл даўамында әмелге асырылады. Бул қаржы тоғайлар аймағын кеңейтиў, тоғай хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, турақлы басқарыўды енгизиў, экотуризм инфраструктурасын раўажландырыў сыяқлы мақсетлерге қаратылады.

Атап айтқанда, тоғайларды тиклеў ҳәм қорғаўда инновациялық басқарыў системасы ҳәм мәлимлеме технологиялары енгизиледи. Деградацияға ушыраған тоғай жерлери тикленеди. Шегаралас аймақлардағы ландшафты тиклеў бойынша қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиў раўажландырылады.

Булардың нәтийжесинде, соның ишинде, 175 мың гектар тоғайлар ҳәм 38 мың гектар жайлаўларды қайта тиклеў, 19 мың гектарда агротоғай ҳәм 5 мың гектарда санаатқа жарамлы тоғайлар жаратыў, 63 километр эко жоллар шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Усы жылы 4-январьда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди. Презентацияда усы пәрманның орынланыўы шеңберинде исленип атырған жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Елимизде жылына орташа 6,8 миллион тонна турмыслық шығынды пайда болады. Кейинги жылларда санитариялық тазалаў хызмети менен қамтып алынған мәҳәллелер саны 90 проценттен артты. Бирақ шығындыларды қайта ислеў дәрежеси жоқары емес. Ҳәзирги ўақытта бундай кәрханалар тек ғана 313.

Президент пәрманында бундай жумысты және де хошаметлеў илажлары белгиленген. Соның ишинде, 2024-жыл 1-июньннан баслап турмыслық шығындылар қурамындағы екилемши шийки затты реализациялаў тек ғана биржа арқалы әмелге асырылады. Шығындыларды «қайта исленетуғын», «қайта исленбейтуғын» ҳәм «азық-аўқат» категорияларына ажыратқан ҳалда жыйнаў шөлкемлестириледи. Шығындыларды жыйнаў ҳәм қайта ислеў тараўында жеке меншик шериклик раўажландырылады.

Шығындыларды белгиленбеген орынларға таслағаны ушын жәрийма муғдарын арттырыў, шығынды таслап кетилген орынды тазалаў ҳәм алып шығып кетиў миннетлемесин белгилеў илажлары күшейтилмекте.

Сондай-ақ, презентацияда турмыслық шығынды полигонларын оптимизациялаў, шығындылардан өним ислеп шығарыўшы кәрханалар шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, шығынды полигонларын инвестициялар киргизиўге тартымлы етиў ушын олардың буфер аймақларына арнаўлы экономикалық зоналар режимин енгизиў, шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясы ҳәм органикалық усылда төгинлер ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша жаңа система жолға қойылады. Бул жаңа система бойынша биринши пилот жойбар Әндижан ўәлаятында әмелге асырылады.

Соның ишинде, Әндижан районында 13 миллион доллар инвестиция есабынан органикалық шығындыдан 100 мың тонна төгин, Асакада шығындыдан жылына 2 миллион киловатт саат электр ислеп шығаратуғын жойбарлар иске қосылатуғыны режелестирилмекте. Келешекте бул Әндижан тәжирийбеси елимиздиң басқа аймақларында да енгизиледи.

ӨзА