Әзербайжан пайтахты Баку қаласында дзюдо бойынша «Үлкен дубылға» дүркимине кириўши турнир өз жуўмағына жетти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасып, 1 алтын, 2 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды. Атап айтқанда, командамыз ағзаларынан Диёра Келдиёрова алтын, Ҳалимажон Қурбонова ҳәм Достон Рўзиевлер қола медальлары ийесине айланды.
Қарақалпақстанлы жас спортшы Ерназар Сәрсенбаева ҳәм Нилуфар Ермағанбетовалар өз қарсыласларына жеңилип қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы