Президент Шавкат Мирзиёев 13-февраль күни усы жылы әмелге асырыўға мөлшерленген тийкарғы стратегиялық реформалар бойынша презентация менен танысты.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында 2030-жылға барып, мәмлекетимиз ишки өниминиң көлемин 160 миллиард долларға, халықтың жан басына дәраматты 4 мың долларға жеткерип, бул бағдарда орташадан жоқары мәмлекетлер қатарына кириў мақсети белгиленген. Буның ушын экономикада трансформация процесслерин избе-из даўам еттириў, инвестиция ҳәм бизнес орталығын және де жақсылаў, аўыл хожалығында жоқары қосымша қунды тәмийинлеў зәрүр.
Презентацияда бул бағдардағы 5 әҳмийетли тараў – транспорт, урбанизация ҳәм қала қурылысы, исбилерменлик, аўыл хожалығы ҳәм энергетикадағы реформалар көрип шығылды.
Экономиканың раўажланыўы ушын бас факторлардан бири бул – транспорт имканиятлары. Мәмлекетимиз теңиз жолларынан узақ болғаны себепли авиа ҳәм темир жолларды диверсификациялаўға айрықша итибар берилмекте. Өткен жылы 6 авиакомпания шөлкемлестирилди, 28 жаңа самолёт алып келинди. Самарқанд халықаралық аэропортына жеке меншик сектор тартылды.
Бул жумысларды даўам еттирип, «Uzbekistan Airports» ҳәм «Uzbekistan airways» компаниялары трансформациясын жеделлестириў, аэропортларды басқарыўды жеке меншик секторға бериўди кеңейтиў зәрүр.
Аймақларда қаржы хызметлери, электрон коммерция, аралықтан билимлендириў ҳәм медицина хызметлериниң раўажланыўы ушын сапалы интернет те әҳмийетли.
Келеси жети жылда елимизде халқы 300 мыңнан көп болған қала ҳәм районлардың саны ҳәзирги 13 тен 28 ге жетеди. Айырым қала ҳәм қалашалардың бас режелериниң жоқлығы себепли тек ғана енине кеңеймекте. Бул инфраструктура қәрежетлериниң артыўына ҳәм аўыл хожалығы жерлериниң азайыўына алып келмекте. Сол себепли урбанизация процесслерин тәртипке салыў бойынша концепция ҳәм нызам ислеп шығыўға зәрүрлик бар.
Бизнеске және де қолайлы орталық жаратыў ушын жол, ишимлик суўы, билимлендириў, медицина сыяқлы тараўларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қағыйдаларын анық белгилеў зәрүр. Соның менен бирге, тармақ ҳәм аймақ басшылары менен бирге бундай жойбарлар бағдарламасын да қәлиплестирип барыў керек.
Мәмлекеттиң айырым функцияларын, соның ишинде, аймақларды абаданластырыў, еркин экономикалық зоналарын басқарыўды жеке меншик секторға бериў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Аўыл хожалығы халықты азық-аўқат ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўде үлкен орын ийелейди. Бирақ оның айырым тармақларында жумыс тәртиби елеге шекем ескише. Сол себепли өнимдарлықты арттырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў, тараўға инновацияларды алып кириў бойынша анық шешимлер керек.
Экономикалық өсиў пәтлерин сақлап қалыў ушын, дәслеп, турақлы энергия тәмийнаты зәрүр. Усы жылы жәми 50 миллиард доллар муғдарында 122 жаңа ири инвестициялық жойбарлар басланады. Соның менен бирге, халықтың саны ҳәм кәрханалар да көбейип бармақта. Жақын жылларда энергияға мүтәжлик кеминде 1,5 есеге артады. Буған қосымша, айырым тармақларда энергияның жумсалыўы елеге шекем жоқары.
Мәмлекетимиз басшысы усы тараўларға байланыслы усыныслар менен танысып, олар бойынша жеке меншик тийкар ҳәм инвесторлар ушын беккем кепилликлер жаратыў зәрүр екенин атап өтти.
– 2024-жылы базар экономикасы тийкарын қурыўдың барлық процесслерин жуўмақлап, 2025-жылы миллий экономикамызды сапа жағынан пүткиллей жаңа дәрежеге алып шығыўымыз шәрт, – деди Президент.
Реформалар процесине мәмлекетимиздиң барлық илимий-изертлеў институтларын тартып, кең көлемли «жол картасы»н таярлаў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА