Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 12-февраль күни аўыл хожалығында иске қосылмаған жаңа резервлерден пайдаланыў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Соңғы жыллары аўыл хожалығы ҳәм муғдар; ҳәм нәтийжелилик жағынан раўажланбақта. Кластер системасы арқалы жоқары өнимли техника ҳәм тереңнен қайта ислеў кирип келмекте.

2023-жылы тараўда өндирис 4,1 процентке өсип, 426 триллион сумды қураған. Экспорт болса дерлик 2 миллиард долларға жеткен. 152 мың гектар бағ ҳәм жүзимзарлар шөлкемлестирилип, 185 мың тонна мийўе-овощ, 31 мың тонна гөш ҳәм 485 мың тонна сүтти қайта ислеў қуўатлықлары иске түсирилген.

Жақын тарийхымызда дәслепки мәрте пахтадан 3 миллион тонна, ғәлледен 8 миллион тонна өним алынды. Олардың есабын жүргизиў ҳәм өнимди сатыў системасы толық санластырылды.

Мәжилисте тийкарғы итибар аўыл хожалығында өнимдарлықты арттырыў, өзине түсер баҳасын кемейтиў, суўды үнемлеўге қаратылып, гезектеги ўазыйпалар белгиленди.

Президентимиз жер ҳәм суў ресурслары шекленген шараятта жаңаша ислеп, өнимди көбейтиў, тараўға санаат орталығын алып кириў зәрүр екенин атап өтти.

Мысалы, журтымызда бир гектар майданнан алынатуғын орташа өним алдынғы мәмлекетлердегиге қарағанда аз. Бирақ, төгин де, жанылғы да, суў да 2 есеге көп жумсалды. Соның ушын, сырт елден өнимдарлы шигит ҳәм туқымлар алып келип, дийқанларды жаңа агротехнологияларға оқытып, өнимдарлықты пахтада 50 центнерге, ғәлледе 100 центнерге жеткериў мүмкин екени айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы фермерлердиң мәпдарлығы мәселесине айрықша итибар қаратты. Бүгинги күнде, жаңа тәртип тийкарында, пахта шийки заты биржа арқалы сатылмақта. Нью-Йорк биржасында пахтаның баҳасы артпақта. Ғәллешиликте де базар қатнасықлары есабынан фермерлердиң дәраматы 2 есеге артқан.

–Егер дийқан ҳәм фермерди экономикалық жақтан мәпдар етсек, олар мәмлекетлик қаржысыз да ислей алатуғын ўақытлар келеди. Мениң мақсетим усы, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәпдарлықты және де арттырыў ушын быйыл, пахташылықта болғаны сыяқлы, ғәлле жетистириўде де жеңилликли кредитти тикклей фермерге бериў системасы енгизиледи. Буннан тысқары, мәмлекетлик ресурс ушын сатып алынған бийдайды атыздан тасып келиў ҳәм сақлаў қәрежети де толық бюджеттен қапланады.

Фермер хожалықларының турақлылығында қәрежеттиӊ аз екени де әҳмийетли. Соның ушын минерал төгинлердиң өзине түсер баҳасын быйыл 15 процентке азайтыў, оларды биржаға жетерли дәрежеде шығарыў, және 70 районда төгин қоймаханаларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, минерал төгинниӊ сапасы ҳәм үстемеси айрықша қадағалаўға алынады. Фермерлерге өз есабынан төгин сатып алыў бойынша қолайлық жаратылады. Орынлардағы қоймаханалардан минерал төгинди тасыў ушын транспортты логистика порталында мәжбүрий дизимнен өткериў тәртиби бийкар етиледи.

Суў шығынларын азайтыў мақсетинде быйыл 75 ири каналды бетонлаўға бюджеттен 680 миллиард сум ажыратылған. Суўды үнемлеўши технологиялар ушын 3 жыл жеңилликли дәўир менен 5 жылға 14 процентлик кредит бериў жолға қойылған. Мәжилисте бул бағдарда аймақлардағы жумыслар талланып, артта қалыўшылықлар көрсетип өтилди.

Тараўда есап-санақ тәртибинде де кемшиликлер бар екени айтылды. Мысалы, кластерлердиң фермерлер алдындағы қарыздарлығы еле толық төленбеген.

Енди жаңа системаға бола, алдынғы қарызды 1-апрельге шекем толық төлемеген кластер менен фьючерс шәртнамасы бийкар етиледи ҳәм фермерге пахтаны биржада сатыўға рухсат бериледи. Мағлыўматты электрон платформаға киргизген ҳәм фьючерс шәртнамаға қол қойған фермерге кредит көби менен үш күн ишинде ажыратылыўы шәрт етип белгиленди.

Мәжилисте мийўе-овощ жетистириў ҳәм экспорт көлемин арттырыў илажлары да көрип шығылды.

Буның ушын, бәринен бурын, ажыратылған 200 мың гектарға қосымша, және 60 мың гектар жер халыққа тарқатып бериледи. Сондай-ақ, қыйтақ жерлерде кооперация тийкарында өним жетистириў қоллап-қуўатланады. Усы мақсетлерде 100 миллион сумға шекем гиреўсиз, 150 миллион сумға шекем гиреў тәмийнаты азайтылған ҳалда жеӊилликли кредитлер бериледи. Фермер ҳәм дийқанларға зәрүр техникалар “Өзагролизинг” акционерлик жәмийети тәрепинен  10 жыл мүддетке 3 жыл жеӊилликли дәўир менен лизингке бериледи. Сырттан алып келинетуғын мотокльтиватор ҳәм минитракторларға бажыхана жеӊиллиги 3 жылға созылады.

Соӊғы жыллары мәмлекетимизде ыссыхана майданлары, оларда жетистирилген өнимлердиӊ көлеми 3 есеге көбейген. Бүгинги күни жанылғысыз ысытылатуғын ыссыханалар қурыў ғалаба ен жайып бармақта.

Президент бул тәжирийбени мақуллап, оларды көбейтиў, дийқанларға таяр ҳалында қурып бериў зәрүр екенин атап өтти. Буныӊ ушын “Шаӊарақлық исбилерменлик” бағдарламасы шеӊберинде 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит бериледи.

Аўыл хожалығына инвестициялар да жедел тартылмақта. Усы жылы 655 миллион доллар сырт ел инвестициясын өзлестириў режелестирилген. Жойбарларда базарға ҳәр түрли өнимлер жеткерип бериў, азық-аўқат инфляциясын азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, импорттыӊ орнын басыўшы 25 түрдеги азық-аўқат бойынша 342 жойбар әмелге асырылмақта.

Буны даўам еттирип, жаӊа жойбарлар ислеп шығыў, халықаралық брендлерди тартыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жәҳән банки қаржылары есабынан жаӊа жойбарлар ушын 10 жыл мүддетке, айланба қаржы ушын 2 жыл мүддетке миллий валютада 18 проценттен кредит ажыратылады. Белгили брендлер буйыртпаларын кәрханаларға жайластыратуғын сорсинг компанияларды тартыў қәрежетиниӊ 50 проценти қапланады. Онда ҳәр бир брендке 500 миллион сумға шекем субсидия бериледи.

Ендигиден былай сумда экспорт еткен исбилерменлерге де қосымша қун салығы қайтарып берилиўи мәлим етилди.

Мәжилисте шарўашылық, пиллешилик ҳәм балықшылық тармақларын қоллап-қуўатлаў илажлары да белгиленди.

Атап айтқанда, шарўа комплексин шөлкемлестириў, қарамал алыў, азықлық жем шығарыў ушын миллий валютада 17 проценттен 3 жыл жеӊилликли дәўир менен 10 жылға кредит бериледи. Шарўа хожалықларын айланба қаржы менен тәмийинлеўге де 1 триллион сум жеӊилликли кредит қаратылады. Оныӊ 18 проценттен асқан бөлеги Исбилерменлик қорынан қаплап бериледи.

Пиллени Вьетнам ҳәм Қытай тәжирийбеси тийкарында санаат усылында жетистириў жолға қойылады, өрмелеўши тут атызлары қурылады. Пиллешилик институты жанында 2 нәсилли туқымлық станциясы иске қосылады.

Қыйтақ жерде қаржылай мәпдарлықты арттырыў ушын еки басқышта базар принциплерине өтиледи. Быйыл биринши басқышта пиллениӊ баҳасы 25 процентке арттырылады. Халыққа пилле жетистириў ушын субсидия бериледи ҳәм пилле жетистириўшилер дәрамат салығынан азат етиледи. Екинши басқышта, 2025-жылдан баҳаны мәмлекет белгилеўи, кластерлерге арнаўлы район ҳәм фермерлер бириктирилиўинен бас тартылады. пилле фермер менен кластер арасында еркин баҳада дүзилетуғын шәртнама тийкарында яки биржа арқалы сатылады.

Дәрья бойларында ҳәм шаӊарақларда бассейнлер орнатып, балық жетистириўди көбейтиў бойынша да ўазыйпалар көрсетип өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиӊ есабат ҳәм режелери тыӊланды.

ӨзА