Президент басшылығында аграр тараўдағы тийкарғы ўазыйпалар ҳәм режелерге бағышланған мәжилис болып өтпекте.
Жер ҳәм суў ресурслары шекленген шараятта аўыл хожалығы жуўапкерлери усы жылы пүткиллей жаңаша ислеўи зәрүр екени атап өтилди.
Бирақ, өзине түсер баҳаны азайтыў, жоқары өним беретуғын туқым ҳәм нәллерди жеткерип бериў, санаат орталығын алып кириў бойынша айырым жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлер жетерли дәрежеде ислемей атырғаны сынға алынды.
Усы жылы районларға өнимдарлы туқымларды жеткерип, дийқанларды жаңа агротехнологияларға оқытып, пахта ҳәм ғәлледе өнимдарлықты және де арттырыў әҳмийетли екени көрсетип өтилди.
Сондай-ақ, төгинниң өзине түсер баҳасын 15 процентке азайтып, аўыл хожалығын 900 мың тонна минерал төгин менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА