Тараўда кейинги жылларда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде дийқан-фермерлердиң мәпи, дәраматы артып, өним көбейди, кластер системасы раўажланып, жоқары үнемли техника ҳәм терең қайта ислеў кирип келди, жаңа сортлар ҳәм агротехнология көбеймекте.
Соның ишинде, өткен жылы тараўда өндирис 4,1 процентке өсип, 426 триллион сумды қурады. Экспорт болса дерлик 2 миллиард долларға жетти. 152 мың гектар бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылды.
2023-жыл биринши рет 3 миллион 700 мың тонна пахта, 8 миллион тонна ғәлле өними алынды. Бундай санлар жақын тарийхымызда ҳеш қашан болмаған.
ӨзА