Қылышласыўдың сабля бағдары бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Зайнаб Дайыбекова Перу мәмлекетинде өткерилип атырған жәҳән кубоги жарысларында қатнасып қола медалын қолға киргизди.

Ол усы жарыста Болгария, Италия, Ҳиндстан, Япония ўәкиллери үстинен жеңиске еристи.



Буннан соң ярым финалда еки мәрте жәҳән чемпионы венгриялы Шугар Баттайға жеңилип үшинши орын менен шеклениўге мәжбүр болды.

Бул ересеклер арасындағы жәҳән кубогинде өзбекстанлы қылышпазлардың қолға киргизген дәслепки медалы болғанлығын атап өтиў керек.

Сондай-ақ, сабляшы қызымыз Зайнаб Дайыбекова буннан алдын  2018-жылы жаслар арасында өткерилген Азия чемпионатында қола,  2019-жылы Жәҳән кубоги жарысларында алтын медальды қолға киргизген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги