Усы жылдың 8-февраль күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов баянат жасады.

Баянатшының атап өткениндей, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў – бул мәмлекет бюджети есабынан кепилленген медициналық жәрдем менен халықтың барлық қатламларын өз ишине алатуғын, профилактика, скрининг ҳәм патронаж хызметлери үстинлигин тәмийинлейтуғын система болып табылады. Бул система нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў тараўында қаржыландырыўдың жаңа механизмлери енгизиледи. Бунда емлеўханаларда ҳәр бир емленген жағдайы бойынша кепилленген медициналық пакетке киргизилген хызметлерге Қамсызландырыў фонды тәрепинен қаржы ажыратылады ҳәм басқа да бир қатар илажлар әмелге асырылады. Буның нәтийжесинде халқымызға көрсетилетуғын медициналық хызметтиң сапасы арттырылады, ажыратылған бюджет қаржыларынан үнемли пайдаланыўға ерисиледи.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының биринши орынбасары Ерполат Қайыпбергенов баянат жасады ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.



Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жылы 16-июньдағы «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы талапларының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева баянат жасады. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.



Сессияда Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәселе бойынша Бас басқарма баслығы А.Тилеўмуратов баянат жасады.



Атап өтилгениндей, банклердиң турақлы ресурс базасын беккемлеў илажлары нәтийжесинде 2024-жыл 1-январь жағдайына халықтың ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң банклердеги депозитлер көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 26,8 процентке көбейди. Банклердиң ресурс базасы қурамында узақ мүддетли ҳәм турақлы ишки депозит ҳәм аманатлардың үлеси жылдан-жылға артып бармақта. 2023-жыл январь-декабрь айларында коммерциялық банклердиң кредит қойылмаларының улыўма көлеми жыл басына салыстырғанда 22,1 процентке артты. Коммерциялық банклер тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша 2023-жылда ажыратылған кредитлер көлеми 2022-жылға салыстырғанда 1,2 есеге көбейди. Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарлары тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў мақсетинде 53 мың 186 физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жәми 829,6 миллиард сумлық кредит қаржысы ажыратылды. Сораў-жуўаплардан кейин бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабан усыныў туўралы болып, комиссия ағзалығына Халмухаммед Палўаниязовтың кандидатурасы көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына депутатлар тәрепинен Х.Палўаниязовтың кандидатурасы қоллап-қуўатланып, бул бойынша қарар қабыл етилди.

Сессияныӊ күн тәртибинде сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша да қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги