Рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко 8-февраль күни Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте “Жаӊа Өзбекстан” паркине барды.

Жоқары мәртебели мийман саўлатлы көркем естелик – Мустақиллик монументине гүл қойды.

Александр Лукашенко бул әжайып парктиӊ қурылыў тарийхы менен танысты. Мустақиллик монументинде сәўлелендирилген уллы ойшыллар, қаҳарман сәркарда ҳәм әскер басылар, жадид бабаларымыз ҳаққында айтып берилди.

Делегация ағзалары “Жаӊа Өзбекстан” комплексиниӊ идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине итибар қаратты.

Бул жердеги спорт майданшалары, балалар ойын майданшалары, амфитеатр, фонтанлар, кем ушырайтуғын терек ҳәм гүллердиӊ үйлесимлилиги адамлардыӊ зейнин ашады.













Миллий мәмлекетшилигимиздиӊ тереӊ тарийхы, халқымыздыӊ кеӊпейил, миймандос ҳәм дөретиўшилигин сәўлелендирген бул комплекс бәрқулла адамлар менен толы.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА