Президент Ш.Мирзиёев 2017-жыл 9-августта «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде педагогика бағдарында арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Усы қарарға бола, Өзбекистан Республикасы педагогика бағдарлары бойынша сыртқы бөлимлер шөлкемлестирилетуғын 15 жоқары билимлендириў мәкемелериниң қатарынан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты да  орын алған.

Арнаўлы сыртқы бөлимлердиң бакалавриат билимлендириў бағдарларына  орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына ийе ҳәм кеминде үш жыл педагогикалық стажына ийе болған, мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң талаплары тийкарында қарамағында усы билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволар тәрепинен берилетуғын усыныснамаға ийе  педагог кадрлар үш жыллық төлемли-контракт тийкарында қабылланады.

Сыртқы билимлендириў түринде екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усыныс етиледи.

Ректор атына арза;

Диплом:

– екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыў ушын жоқары мағлыўмат ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги диплом (түп нусқасы) қосымшасы менен (шет еллердиң билимлендириў мәкемелериниң 1992-жыл 1-январдан кейин берилген дипломлары орнатылған тәртипте нострификациядан өткерилген болыўы лазым);

  • кәсип-өнер колледжиниң дипломы;

Мийнет стажын тастыйықлайтуғын мийнет дәптершеси;

3,5 х 4,5 см көлемдеги  6 дана фотосүўрет;

№086-У форма бойынша медициналық мағлыўматнама;

Паспорт ҳәм әскерий хызметке байланыслылығы туўралы ҳүжжеттиң нусқасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги