3-февраль күни футбол бойынша Азия кубогиниң шерек финал ойынлары өз жуўмағына жетти.
Олардың биринде футбол жанкүйерлери үлкен үмитлер күткен Өзбекстан сайланды командасы майдан ийелери есапланған Қатар сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.
Ушырасыўдың 27-минутында командамыз дәрўазаманы Ўткирбек Юсупов қарсылас команда сәрдары Ҳасан Ал Ҳайдостың жәрийма майданына узатқан тобын, күтилмегенде өз дәрўазасына урып қойды.
Буннан кейин командамыз ағзалары тез-тезден ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин 59-минутта Адил Ҳамрабеков өзиниң әжайып соққысы менен голға айландырды.
Бул голдан соң Қатар сайланды командасы да көбирек ҳүжимге өтти. Бирақ, булардың барлығын да командамыз дәрўазаманы ҳәм қорғаўшылары табыслы қайтара алды.
Төреши тәрепинен ойынға қосып берилген экстратаймларда болса, есап өзгерместен қалды ҳәм жеңимпаз команда пенальтилер сериясында анықланды. Онда командамыздың бир қатар ағзаларына пенальти тебиў тәжирийбеси жетиспеди ҳәм футболшыларымыз 2:3 есабында жеңилип қалды.
Солай етип қызықлы өткен Азия кубоги Өзбекстан сайланды командасы ушын әўметсиз жуўмақланды.
Ал, шерек финал басқышы шеңберинде өткерилген Қубла Корея ҳәм Австралия сайланды командалары арасында өткерилген ойында болса,тийкарғы ўақыт 1:1 есабы менен жуўмақланды. Ал, қосымша таймларда болса, кореялы футболшылар және бир гол урып, жеңиске еристи.
Сондай-ақ, бул турда Тәжикстан Иорданияға 0:1, Япония Иранға 1:2 есабында жеңилип қалды.
Енди ярым финалда Иордания Қубла Корея менен, Иран Қатарға қарсы ойын өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы