Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев “Ашық есиклер күни” шеңберинде исбилерменлердиң машқалалары ҳәм усыныслары бойынша жеке қабыллаўын өткерди.
Республикамыз аймағындағы исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ҳәр ҳәптениң жума күни “Ашық есиклер күни” шөлкемлестирилген. Онда тийисли тараў басшылары, қала ҳәм районларымыздан бир қатар исбилерменлер қатнасты.
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан жумысты раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилди Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен исбилерменлерден келип түскен мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжат жеке қадағалаўға алынып, унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги