Бас тренер ойын алдынан болған баспасөз әнжуманында және нелерге айрықша тоқтап өткен?

Фубол бойынша Өзбекстан сайланды командасы Азия кубогинде Қатарға қарсы ойнайды. Ушырасыў 3-февраль күни болып өтеди.

(Фото: ӨФА)

Қыйын болыўы анық. Дем алыўға да ўақыт болды. Қатарға қарсы ойынға таярмыз. Ертең жақсы ойын болатуғынына үмит етемен.

Диёр Холматов жүдә жақсы ойын көрсетти. Ертең ол ойнаўы яки ойнамаўы ҳаққында кейинирек қарар қабыл етемен.

Жарақат алғанлар ҳәм аязлағанлар? Жағдай жақсыланған. Жарақатлар бойынша жағдай өзгермеген. Бирақ, аязлаған футболшылар өзине келип қалған.

Қатарға қарсы ең жақсы ойынымызды көрсетиўимиз шәрт. Ҳәр дайым ойынға итибар қаратуғынымды айтқан едим. Ҳәзир барлық дыққатым Қатарға қарсы ойынға қаратылған.

Төрешилерге келетуғын болсақ, оларға әўмет тилеймен.

Срешко Катанес, Өзбекстан сайланды командасы бас тренери

(Фото: ӨФА)

Әмелдеги чемпионға қарсы ойнаймыз. Қатар командасы өз ықласбентлери алдында ойнайды. Командада тәжирийбели ойыншылар бар. Ертеңги ушырасыўға 100% таярмыз.

Стадион толатуғын болса, еки команда ушын да бул жақсы. Бул бизге ҳеш қандай қыйыншылық туўдырмайды, деп ойлайман. Биз «Бунёдкор» стадионында ышқыпазлар менен толғанда қаншелли жақсы ҳәрекет еткен болсақ, Қатар да сондай ҳәрекет етеди. Ертең майданда барымызды беремиз.  

Одилжон Ҳамробеков, Өзбекстан сайланды командасы футболшысы

Баспасөз әнжуманы видеосын усы жерден көриўиңиз мүмкин.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы ушырасыў 3-февраль күни 20:30 да басланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги