Қатарда өткерилип атырған футбол бойынша Азия кубогиниң 1/8 финал ойынлары өз жуўмағына жетти.

Кеше усы басқыштан орын алған еки ойын өткерилип, олардың биринде Япония сайланды командасы Бахрейн менен өз-ара ушырасты.

Бул ойын өз қурамында күшли футболшыларға ийе Японияның толық үстинлигинде өтип, ушырасыўдың 31-минутында Рицу Доан есапты ашыўға миясар болды.

Екинши тайм басында Такефусо Кубо есапты исенимли көриниске келтирген болса, 64-минутта Сузуки күтилмегенде өз дәрўазасына гол урып қойды. Буннан соң япониялылар Бахрейн дәрўазасы алдында және де қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирип, 72-минутта тағы бир гол урыўға еристи. Гол авторы Аясе Уэда.

Ушырасыўда буннан кейин дәрўазаларға басқа гол урылмады ҳәм Япония шерек финал жолламасын қолға киргизди.

Ал, бул ойыннан соң өткерилген екинши ушырасыўда болса, Иран Сирия сайланды командасына қарсы майданға түсти.

Ушырасыўдың 34-минутында иранлы футболшылар белгиленген пенальтиди анық әмелге асырып, ойындағы есапты ашыўға миясар болды.  Екинши таймда иранлылар тағы бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестире баслады. Бирақ, Сирия дәрўазаманы бул топларды шеберлик пенен қайтарыўға еристи.

Ал, 63-минутта Иран дәрўазаманы сириялы футболшыны өз дәрўазасы алдында қопаллық пенен шалып жықты ҳәм бул ҳәрекети ушын ойын төрешиси тәрепинен пенальти белгиленди. Оны Сирияның тәжирийбели футболшысы Омар Ҳарбин анық әмелге асырып, ойынға интриганы қайтарыўға миясар болды.

90+1-минутта болса, Меҳди Тареми сирия футболшысын қолы менен иркип қалғаны ушын екинши мәрте сары карточка менен жазаланды ҳәм майданнан шетлетилди.

Бул жағдай Иран сайланды командасын мүшкил аўҳалға салып қойды ҳәм экстра таймларды тийкарынан  қорғаныў менен өткериўге мәжбүр болды.  Ойынға төреши тәрепинен қосып берилген қосымша таймларда болса, есап өзгерместен қалды.

Ал, пенальтилер сериясында болса, Иран сайланды командасының футболшылары дәрўазаға топты анық теўип, өз жанкүйерлерин шексиз қуўанышқа бөледи.

Солай етип, Азия кубогинде шерек финалға жоллама алған барлық командалардың аты белгили болды ҳәм онда 2-февраль күни Тәжикстан Иордания,  Австралия — Қубла Корея командалары өз-ара ушырасса, 3-февраль күни Қатар — Өзбекстан,  Япония — Иран сайланды командалары менен ярым финал жолламасы ушын гүрес жүргизеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы