Усы жылдың 2-4-февраль күнлери Францияның Париж қаласында  дзюдо бойынша «Үлкен дубылға» турнири болып өтеди.

Онда дүнья жүзиниң 111 мәмлекетинен 667 спортшы қатнасады.


Дзюдо федерациясы баспасөз хызметиниң мәлимлеўинше жарысқа, Өзбекстан сайланды командасының ағзалары, соның ишинде ерлер арасында 81 кг салмақта Шарафатдин Балтабаев, қызлар арасында 57 кг салмақта  Нилуфар Ермағанбетова қатнасады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлги шолыўшысы